Дыққат, дағаза!
Ҳүрметли пуқаралар, тасыўшылар ҳәм сыртқы экономикалық искерлик қатнасыўшылары!Қазақстан Республикасының “Тәжен” (Өзбекстан Республикасының “Даўыт-ата”) шегара өткериў пункти арқалы пуқаралар, жеңил автомобиллер, автобуслар ҳәм де рухсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан аспайтуғын жүк автотранспорт қураллары ҳәрекети 2025-жыл 1-февраль сәнесинен баслап 3 ай мүддетке ўақтынша тоқтатылады.
Усы шеклеўлер шегара өткериў пунктлеринде оңлаў ҳәм үскенелер орнатыў жумыслары алып барылыўы мүнәсибети менен Қазақстан Республикасы тәрепинен физикалық шахслар ҳәм транспорт қуралларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде енгизилип атыр.
Сонлықтанда, усы ўақыт даўамында “Тәжен” (Қазақстан ) - “Даўыт-ата” (Өзбекстан ) шегара өткериў пунктлери арқалы ҳәрекет етиўши пуқаралар, жеңил автомобиллер, автобуслар ҳәмде рухсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан аспайтуғын жүк автотранспорт қураллары “Яллама”, " Зәңгиата” (Наўайы шегара бажыхана посты), “Ақ алтын” ҳәм “Малик” өткериў пунктлери арқалы ҳәрекет етиўин сораймыз!
Соның менен бирге, физикалық шахслар ушын" Қарақалпақстан" темир жол өткериў пункти арқалы жолаўшы поездлери ҳәрекет етиўин мәлим етемиз. Рухсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан артық болған жүк автотранспорт қуралларының “Тәжен” (Қазақстан ) - “Даўыт-ата” (Өзбекстан ) шегара өткериў пункти арқалы ҳәрекети үзликсиз даўам еттириледи.
#Каналға қосылың зор канал👇
https://t.me/+W0NBlc9wPDoxN2Ey