Қанлыкөл дийқан базары бүгин
Ҳүрметли журт басшымыз тәрепинен халықты арзан ҳәм сыпатлы өнимлер менен тәмийнлеў, ишки базарларымызды жергиликли өнимлер менен толтырыў, буның ушын сатыўшы ҳәм қарыйдар ушын қолай шараятлар жаратыўға итибар қаратылмақта.
«Қанлыкөл дийқан базары» АЖ район халқының бирден-бир саўда орны саналады. Районда халық саны ҳәм базарға болған талаптың артыўы менен саўда орынлары қолай мүмкиншиликлерге ийе болды.
Район ҳәкими Б.Султанов бүгин базар жумыслары менен танысты. Күнделикли «Аўыл хожалығы өнимлери», тутыныў буйымлары, дән азық-аўқат базары жумысларында жаратылған шараятлар менен танысып, еледе қолай шараят жаратыў бойынша илажлар белгиледи.
Базар халықтын мәденияты, күн-көрис турмысы ҳәм халықтың айнасы. Саўда мәдениятын жетилистириўге сатыўшы ҳәм қарыйдар бирдей жуўапкер саналады.
Qanlıkól rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/kanlikulnews