#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️️"Банклердеги аманатларды қорғаў кепилликлери ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1031-санлы, 18.02.2025 ж.) қабыл етилди
✔️ Нызам физикалық шахслардың, соның ишинде жеке тәртиптеги исбилерменлердиң, сондай-ақ, юридикалық шахслардың
банклердеги аманатларына кепиллик бериў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.
🏢
Аманатларға кепиллик бериў агентлиги банклердеги аманатлардың қорғалыўын кепиллеў тараўындағы
ўәкилликли уйым есапланады.
✔️ Аманатларды кепиллеў системасы
кепиллеў ҳәдийсеси жүзеге келгенде Агентлик тәрепинен аманатшыларға компенсацияларды төлеў арқалы аманатшылардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин мәмлекет тәрепинен қорғаўға қаратылған илажлар комплекси болып есапланады.
️✍️ Банк, соның ишинде, микроқаржы банки ҳәм нызамшылыққа муўапық шөлкемлестирилген аралық банк лицензия берилген ўақыттан баслап
кепиллик системасының қатнасыўшысына айланады.
️📁 Бир банкте бир аманатшыға төленетуғын
компенсация төмендеги муғдарды қурайды:
🔹кепиллик бериў объекти қалдығының толық көлемин, егер оның
муғдары 200 миллион сўм ямаса оннан кем болса;
🔹200 миллион сўмды, егер кепиллик объектиниң қалдығы
200 миллион сўмнан көп болса.️ 🗓 Агентлик сапластырылып атырған банк аманатшыларының кеминде
төрттен үш бөлегине компенсацияларды алыў имканиятын төмендеги мүддетлерде тәмийинлеўи шәрт:
▪️
2025-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап
20 жумыс күни ишинде;▪️
2026-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап
15 жумыс күни ишинде;▪️
2027-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик бериў ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап
7 жумыс күнинде.
📌
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.📱
T/m 📱
F/b 📱
I/m 📱
T/m 📱
Y/T