⚡️Баслық қандай жағдайларда хызметкерди жумыстан босатыўға ҳақылы?
❗️Мийнет кодексиниң 161-статьясына муўапық, баслық (жумыс бериўши) төмендеги жағдайларда хызметкерди жумыстан босатыўға ҳақылы:
🔸 кәрхана жабылғанда (сапластырылғанда);
🔸 штатлар қысқарғанда;
🔸 хызметкердиң маманлығы ийелеп турған лаўазымына муўапық болмаса (мысалы, аттестациядан өткерилгенде билими ҳәм тәжирийбеси жетерли емес деп табылғанда);
🔸 хызметкер өзиниң миннетлемелерин турақлы түрде бузғанда (яғный хызметкер бир жылдың ишинде кеминде еки мәрте тәртип-интизамды бузғанда);
🔸 хызметкер өзиниң миннетлемелерин бир мәрте қопал түрде бузғанда (бундай жағдайлар кәрхананың ишки ҳүжжетлеринде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленеди);
🔸 усы Кодексте ҳәм басқа нызамларда белгиленген басқа себеплер (тийкарлар) келип шыққанда.
☝️Штат қысқарғанда ямаса хызметкердиң маманлығы ийелеп турған лаўазымына муўапық болмағанда жумыс бериўши хызметкерге оның қәнигелиги ҳәм маманлығына муўапық келетуғын басқа бос лаўазымды усыныс етиўи шәрт.
📨
Адвокатқа сораў бериў❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati