Халила Дәўлетназаров


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Телерадиоканалының “Ассалаўма әлейкум, Ассалам!” көрсетиўиниң бүгин (28.01.2025)ги саны.

Мийманда: Х.Дәўлетназаров

Канал: @X_Dauletnazarov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жүреклер шыныңда турар желбиреп,
Пүткил ел кɵз болып бағар мөлдиреп,
Уллы сапарларда таяныш-тирек,
Қалыңда қалдырмас мениң Байрағым!


Канал: @X_Dauletnazarov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Канал: @X_Dauletnazarov


Халқым кɵзлериниң сүртеди жасын,
Ел-журт таўап етип ийеди басын,
Бинят – әрман, жегир, сезимнен ҳасыл,
Қәстерли-кийели мениң Байрағым!

Пайтахтымыздағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылған майдан.

14.12.2024

Канал: @X_Dauletnazarov


МЕНИҢ, БАЙРАҒЫМ!...

(Сүренлер ҳаққында Сүрен)

(Қарақалпақстанымыздың бирден-бир Мәмлекетлик Нышанлары – Конституциямыз, Гимнимиз, Гербимиз ҳәм Байрағымыздың қабыл алыныўындай уллы ислерде ат салысқан ел перзентлерине арнайман.) Автор

Әдалаттың алтын пуўы берилген,
Озық ойлы, ҳәр сөз шебер ерилген,
Ақыл ҳәм даналық елгезеринен,
Еленген дүр киби мениң Нызамым!

Ҳәр тал қаўырсында – илаҳий нуры,
Қумай қус – бахыт ҳәм еркинлик жыры,
«Қарақалпақстан» – алтын туғыры,
Жақсылық нышаны мениң Гербим!

Халқым кɵзлериниң сүртеди жасын,
Ел-журт таўап етип ийеди басын,
Бинят – әрман, жегир, сезимнен ҳасыл,
Қәстерли-кийели мениң Байрағым!

Ҳәр бир ырғағында мың-мың ушқын бар,
Сөзлерине липас сезимтал нурлар,
Әўладлар тилинен төгилген жырлар,
Ўатанды улығлар мениң Гимним!

Қуяш-тиришилик, көгис нур-әлем,
Зер шуғла-дүньяға, өмирге сәлем,
Таў-әрман, қорғаны-әзелден бар Ел,
Та, Адам-Атадан мениң Тарийхым!

Шежире, Даналық, Өтмиш, батырлық,
Бунда мәртлер өткен мыңға татырлық,
Кўн туўмағай қылыш-қалған, шатырлық,
Еркин қуслар ели Мениң Аспаным!

Дәрья-мийрим, теңиз-ашқылтым өмир,
Қос төбе артында мәнзиллер не бир…
Байрақлы гүл шеңбер айлана-өңир,
Талаплыға берер мениң Заманым!

Салы масақлар ҳәм пахта ханалар,
Байлық булағының көзи саналар,
Суверенлигимди дүнья тән алар,
Жолы айдын мениң Мәмлекетим!

Халқым жан-тәнине гүмис мөр киби,
Ушыға қыйқымлы, алтын-зер киби,
Ҳәм нәзик, ҳәм айбындырар шер киби,
Сүренлер ишинде мениң Сүреним!

Ҳасыл – сегиз қырлы, бир сырлы болар,
Жарты пүтинленер, тɵгилген толар,
Тәнҳалық журтына жарасар олар,
Ўатаным, Анам, Жерим, тәнҳә Қуяшым!

Үшинен туўған Ай, бир жарық Жулдыз,–
Дәўри-дәўран басы деп билермиз биз,–
Ҳақ қәлеп, бақ-дәўлет салған екен жүз,
Мәңги-бақыйлықдур мениң Жолларым!

Дәўирлер даўрығы, ɵтмиш сазасы,
Әрманлар баўлығы, өмир тазасы,
Татыўлықтың таңлайда татыр мазасы,
Дослық-бирадарлық мениң Тәрийпим!

Ашық ҳаўаз бенен шарлаған елди,
Кɵзлеринде шақмақ, кеўли жеделли,
Сүренлер ишинде даўысы белли,
Жаңғырып жаңлаған мениң Ураным!

Сыйынтқан пир киби кɵзиңе тийер,
Қайсарлықтың темир саўытын кийер,
Асқар таўдай айбат, сүдиндей сүйер,
Жол басшы сәркарда мениң Байрағым!

Ўатанымның исми-жɵнин танытар,
Жигерлер қайралар, жанды жанытар,
Көз тояты тояр, мийри қанысар,
Шадлықтай жарқырар мениң Нышаным!

Толмаган жарты Ай әрманға мегзер,
Бес-бес жулдыз ығбал-дәўранға мегзер,
Тойғын сары гүзге, қырманға мегзер,
Көк, жасыл-бәҳәр жаз мениң Тәбиятым!

Жүреклер шыныңда турар желбиреп,
Пүткил ел кɵз болып бағар мөлдиреп,
Уллы сапарларда таяныш-тирек,
Қалыңда қалдырмас мениң Байрағым!

Муқәддес топырақ берген реңлер,
Жерден, Көктен усындай бес түр енген,
Ҳәр бири данқ, уллылықтай сүренлер,
Мәдеткар, мәрдана мениң Байрағым!

Үлкен-киши бәрше теңдей жүгинип,
Арзы-ҳалын айтып, тыңлап, уғынып,
Журтынан кɵз алмай бағар тигилип,
Қылды қақ айырған әдил Нызамым!

Еркин өмиримиздиң нәўпир сағасы,
Ығбал дәрьямыздың нурлы жағасы,
Елдиң кәтқудасы, халықтың ағасы,
Мәсләҳәт-кеңесши мениң Нызамым!

Ҳеш кимге бас ийип, я ойлап сумлық,
Мәртебе дәмем жоқ бир қара пуллық,
Саған қол қаўсырып әйледим қуллық,
Мәрдана ҳүким сүр мениң Нызамым!

Та, Адам-Атадан халқымның жасы,
Ҳаўа-Ене туўған арғы анасы,
Ҳақыйқаттың гәўҳар тәрезиси-тасы,
Қалтқысыз сɵйлейди мениң Нызамым!

Оңланып өмирдиң қәте-кемиси,
Наҳақлық үстинен мудам жеңиси,
Бул бағдың ада болмас жемиси,
Сарқылмас нур киби мениң Нызамым!

Тили жәўҳар киби, өткир жанары,
Жүректе ақыл-ой, белде мәдары,
Ўатанымның буўған алтын Кәмары,
Мениң дин-ийманым, Мениң Нызамым!

Алыс дәўирлерге салғаныңда из,
Не дүркин әўладлар кɵриседи жүз,
Шалғайыңнан сүйип шɵгедурман диз,
Қарақалпақстан – Мениң Байрағым!

Халила Дәўлетназаров

Канал: @X_Dauletnazarov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Быйыл Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толды.

Усы сәне мүнәсибети менен 1-декабрь сәнесинде Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы тәрепинен тиккелей эфир арқалы «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим» теле-марафоны шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаров дәслепки мийман болды.

Сәўбетти видеокөринисте толық тамашалаўыңыз мүмкин.

Канал: @X_Dauletnazarov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының «Әдебий журнал» көрсетиўинен

26.11.2024-жыл

Канал: @X_Dauletnazarov


3-БЕТ_1.pdf
495.2Кб
Республикалық “Еркин Қарақалпақстан” газетасының 07.11.2024-жылдағы 135-саны

Канал: @X_Dauletnazarov


Ауыл хаял ПОЭМА (Х.Д).docx
94.0Кб
АЎЫЛ ҲАЯЛЛАРЫ

ПОЭМА


Аўыл ҳаяллары
Әлҳәббиз, Сизге!
Аўыл ҳаяллары!
Сизлерге қуллық!
Сабырлы әдеп-икрамлы, әпиўайы,
Сизлерде бар сондай мәртлик, уллылық!

Аўыл ҳаяллары–жарқын жүз, ҳадал,
Зуўаласы писик қара мийнеттен.
Сизлерди қатайтқан талапшаң турмыс,
Көнлигип жасаўдың жолын үйреткен.

Аўыл ҳаяллары
Сизлер, мәрдана,
Ел-журт хызметинде таққа турғанлар.
Бир ғошшақ жигитке байлап тәғдирин,
Ўатанның ишинен ўатан қурғанлар.

Аўыл ҳаяллары
Болғанлар өрнек,
Өмирди қалайша жасаўды сүйип.
Жигитлер атынан Сизге миннетдар,
Алғыс айтқым келер басымды ийип!

Поэманы жоқарыдағы уорд фаилда толық оқыўыңызға болады.

Автор: Х.Дәўлетназаров

Канал: @X_Dauletnazarov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қарақалпақстан телеканалына 60 жыл

Бир қатар заманлас дөретиўшилердиң Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың телевидениеде жумыс алып барған дәўирлеринен еске түсириўлери

Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының «Ассалаўма әлейкум,Қарақалпақстан!» көрсетиўи
30.07.2024


Канал: @X_Dauletnazarov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Телевидениеге_60_жыл_

Белгили марҳум журналист Марат Қосекеев ҳаққында


Канал: @X_Dauletnazarov


АЎЫЗБИРШИЛИК

Дер;– отырған бойра, жүргенди дәрья,
Ел көрген, кеўлине түйеди көпти.
Сапарда жол мәскан еткен бир адам,
Бир журттан өткенде мынадай депти:

“Ҳәр аўыл сайын бир қойымшылықтан
Жер баўырын бунша аямай тилип?...
Бийин, кәтқудасын бул карағанның,
Жәмлей алмағандай аўызбиршилик.

Ҳәр дығырықта мешит, намазхан қәўим,
Гүнадан арылыў ушын жыйылар.
Дини, мазҳабы бир болғаны менен,
Бәлким, басқа-басқа пирге сыйынар.

Хәр үйдиң алдында бир бирден тандыр,
Бул қурғынлық па я тар пейилден дерек?
Соңыра жақыны да жатқа айланар,
Бундай оқшаўланып қонғанлар ерек.

Аяқ басар болса набада душпан,
Бериў қыйын кешер жаўға төтепки.
Гәптиң посгеллеси: соры қайнасын
Бундай журтта бирлик болмайды!...” депти.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (400-401-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov


СИЗГЕ

Ибрайым аға Юсуповтың естелигине

Шымбай, “Азат ауыл” ийлеп қамырың,
Яд етсең үзиле түскен баўырың,
Заманның сөз бенен басқан тамырын,
Болжап-көрегенлик берилмиш Сизге.

Сазлап әдебият деген арбаны,
Даңғыл жолда көш дүзеген кәрўаны,
Мәнәўиятта өзиңиздек дарғаны,
Әўладлар пир тутып жүгинискен Сизге.

Шайыр болдың, демек болдың күйикли,
Қосық,-журтың жолбарыслы, кийикли,
Халық ушын ким болған бунша сүйикли,
Ҳақлық қамқа тоны кийилмиш Сизге.

Поэзияның жасаўлап ақ отаўын,
Жасарған шайырлық аталмыш аўыл,
Ығбал дарағың көп шайқаған даўыл,
Көп гүл, көп мийўаңыз төктирген Сизге.

Қыл жалаған кеўил деген қынында,
Елиң менен шадлығың да, муңын да,
Қарақалпақтың поэзия шыңында,
Әжинияз, Бердақ қол узатқан Сизге.

Исмин улығлаған еллер, қалалар,
Руухый дәрьяңызда нешше салалар,
Муҳаббат бағынан терип лалалар,
Қәйдем, қанша қызлар гүл берген Сизге.

Зиялылық сырлап саўлат-шырайын,
Бағып өткен халықтың кеўил ырайын,
Жыйынлар: “Келди, деп шайыр Ибрайым!”,
Қоғадай жапырлып жол берген Сизге.

Қәлби ўакым жердек пәк ҳәм ҳасылдар,
Жан кумбызы жан сөзлер деп лапылдар,
Бүлбилзибан даныш Аббаз ахуннан,
Бағышланған алтын дуўалар Сизге.

Сүрип өткен йош тулпарын сайлатып,
Қанша түркийзибан жулдыз, ай батып,
Расул Ғамзатов, Шыңғыс Айтматов,
Мисли киндиги бир сыңарлар Сизге.

Сөзден басқа байлық излеп қызбаған,
Қай күнде де беглигин ҳеш бузбаған,
Халық сарсылса жүрек болып сызлаған,
Шайырлық азабы шегилмиш Сизге.

Давид Кугультинов, Қайсын Кулиев,
Көп емес буныңдай шоққылар бийик,
Ақбозлак жүзиңизди қызартып сүйип,
Жүрек төрлеринен жай берген Сизге.

Қосықлары қыпша бели қыналған,
Ақыл-ой, көрк, дилўарлықта сыналған,
Домлалар –Миртемир, Айбек, Ғуламнан,
Әлҳәббиз, әўпәрин айтылмыш Сизге.

Көркем сөзде көз-көз етип көркиңди,
Тарийхта қуўынған арғы төркинди,
Арип Абдулланы, Ваҳид Еркинди,
Шын баўырман дослар әйлеген Сизге.

Көрсетсин деп қандай екенин төзим,
Ашсын деп тотыққан журеклер көзин,
Туўған топырағының айтсын деп сөзин,
Ана-тәбият серхош тил берген Сизге.

Жырларыңыз жыр ма, яки мәргия,
Мәгар, мәңги сөнбес онда бар зия,
Халыққа өзлигинен берген тәрбия,
Ўатанның даңқ тажы қуба-қуп Сизге.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (398-400-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov


ДӘЎЛЕТ ҚУСЫ

Бурын-бурында... Тахт ийесиз қалса,
Елде дәўлет қусы ушырлар екен.
Үмит еткен дейди картаң да, жас та,
Бай, гедей, жетимек, дәрўишке шекем.

Қәтелеспес жан жоқ дүньяда бәлким,
Буннан қалас па бул әпсанаўий зат?
Оньң алжасыўы пүткил елатқа,
Соң орны толмастай келтирген апат.

Деседи: қапылып, қалармыш гейде,
Сол көреген қустың көзи байланып.
Бир тыйыўсыз өскен арсыз заңғардың,
Басына қоныўы мүмкин айланып.

Халық тентене болып басланар посыў,
Тәғдир ҳүкимдарға тап қылса ондай.
Аты бар, заты жоқ бундай суўсоқыр,
Көкке қаңғып кетсин ҳеш жерге қонбай.

Жаманлықтың урмай турмайды тәпси,
Айнытып жиберсе пейлин де буның?...
Қарақалпақтың аспанынан ушқанда,
Көзи ашық болғай дәўлет қусының!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (398-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov


У ЛЛ Ы М A Й Д А Н Ы М

Қайта қурылған Республика Майданы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жаңа имараты, Бердақ шайыр естелигиниң қайта қонысласыўы сыяқлы халқымыз тарийхында зор әҳмийетке ийе дөретпелер салтанатын улығлаў.

Уллы Майдан қурып сыйлап халықты,
Жарқылар бас болып қолға алыпты,
Атайы усталар иске салыпты,
Айтқанына көнгиш қурал-сайманын.

Халқымнын келбети – бийик тулғалым,
Ел-журтым көз тиккен Күндей шуғлалым,
Жулдызлар белгилеп турар ығбалың,
Дуньяға, көкке кең қушақ жайғаным.

Шадлық гүбелеги қонған гүлиңе,
Бердақ шайыр зибан серхош тилиңе,
Мәгар, мың айлаўлы өз мәнзилиңе,
Шабысқа дәўраннан тулпар сайладың.

Ҳәр қайсысы оқшаў қонған жайсаң бир,
Сулыў имаратлар дүзген ансамбль,
Халқыма тағылған дуўадайсаң бир,
Майданым – әйлейин жанды пайғазың.

Суўды қақшып ойнап қайта қуйдырар,
Асаўдай аспанлап шапшып шыйрығар,
Фонтанлар – қәлбиңде мисли туйғылар,
Кеўиллер үлессе урған жәўланың?!

Қарақалпақтың Ақ үйи, Ақ сарайы,
Жамылған рәң-бәрең мәрмер-дарайы,
Қулпырып мүбәрек көрки-шырайы,
Ҳақ нәзер салған қуп әжеп жайларың.

Герби – маңлайына тиккен Нышаны,
Байрағы аңлатар хош қыйлы мәни,
Тамылжып атар ҳәр қырмызы таңы,
Журтының жанындай жаны жайдарым.

Қол созып күндиз Күн, ақшамлары Ай,
Жулдызлар шоғыры қонақлағандай,
Нөкисим Майданың саған қайнақай,
Жыйнап қуйған киби сүттиң қаймағын.

Кеўли жазық, алақаны аялым,
Жасыл шыршаларым гүмис саялым,
Үмит соқпақлары – аллеяларың,
Бүлбиллер гүллерге арнар сайраўын.

Бираз беккем болып тақат-төзимде,
Аса бир бой ура бермей сезимге,
Жасағыл өзлигиң сақлап өзиңде,
Басқа майданлардан кемис қайманың?

Қыдыр дарысын, бақ-дәўлет қарасын,
Туўған жердиң ҳәр күнине жарасын,
Ўатаншыллық,–деген тарақ тарасын,
Улдың алтын, қыздың гүмис айдарын.

Күш-жигерге толы көксиңди керип,
Келгенлер дослыққа, мәртликке жерип,
Арзыўлардың гәўҳар дәни көгерип,
Келешекке шарлар тутқан байрағын.

Биз де қағазды жыр менен нағышлап,
Баўрымызға басып истедик қушпақ,
“Уллы майданым!”лап баяз бағышлап,
Әл-ҳасыл сөзлерден түйме байладым.

Тартқаны ел жүги ҳәр көш, нарыңның,
Сазында салтанат жүрек тарыңның,
Тымсалысаң халықлық намыс-арымның,
Республика Майданы дер, Майданым!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (396-397-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov


ҚАРАҚАЛПАҚ ТОПЫРАҒЫ

Елге ерсең, халыққа берсең қолыңды,
Ығбал жақтыртады өмир жолыңды,
Бунда не көгерсе бәри болымлы,
Ҳасыл топырақ Қарақалпақ топырағы.

Ески Жәйҳун бойы мәкан-турағы,
Өзлигин сөйлер ҳәр нағыс, қурағы,
Узап кетсең мергиядай тартады,
Мийрим топырақ - Қарақалпақ топырағы.

Ақшам Ай, күндиз Кун нуры егилген,
Тилинен шежире дүри төгилген,
Сыр шертер тас жазыўлы - Күл Тегиннен,
Әййем топырақ Қарақалпақ топырағы.

Шайыр-жыраўлары дәстан тоқыған,
Қәлбин заманалар қусы шоқыған,
Дүньяның көп сабақларын оқыған,
Дана топырақ Қарақалпақ топырағы.

Сөзи ырғағында толқынласар саз,
Жыршысында гүмис мәўижли ҳауаз,
Қызларында сонша сулыўлық ҳәм наз,
Сырлы топырақ Қарақалпақ топырағы.

Бул жердиң жүзине көп түскен әжим,
Халық деп шейит кеткен Аллаяр, Нәжим,
Ҳәр әўлад бас ийип, етисер тәжим,
Уллы топырақ Қарақалпақ топырағы.

Бабалар бул журтты қорғап қырағы,
Көп жанып, көп өшкен үмит шырағы,
Қанша тулғаларын бийўак жоғалтқан,
Дәртли топырақ Қарақалпақ топырағы.

Едигениң ат ойнатқан жерлери,
Ерназардың қат-қат жүрек шерлери,
Наўрыз, Пиржан, Мәтекедей ерлери,
Қайсар топырақ Қарақалпақ топырағы.

Тулпардай тапланған, бүркиттей түлеп,
Және ким буныңдек сыбанар билек,
Дуньяға бир келген Камал Қаллибек,
Сүрме топырақ Қарақалпақ топырағы.

Төлепберген, Ибрайымға шөгип диз,
Мәгар, көп әўладлар көриседи жүз,
Пирлерди бар еткен халыққа әлҳәббиз,
Ана топырақ Қарақалпақ топырағы.

Көп қалпып алынып елдиң каймағы,
Көп қулап-тикленген миллет байрағы,
Арзыў-үмит уўызын емген тайлары,
Әрман топырақ Қарақалпақ топырағы.

Ары төрлей бермей қайтайық бери,
Кән-байлық қыр-ойы, есиги-төри,
Менделеевтиң барлық элементлери,
Қат-қат топырақ Қарақалпақ топырағы.

Бунда не қәрият, бар қандай сыры,
Қуба-куп қарылмыш – жер, суў, күн нуры,
Қайта тирилтер женьшень-боян тамыры,
Шыпа топырақ Қарақалпақ топырағы.

Сүрден туқым алып әкеткен еллер,
Лекин, бундағыдай туўмаған төллер,
Көктен бир илаҳий урылмыш демлер,
Торқа топырақ Қарақалпақ топырағы.

Мийўасы, жемиси соншелли шийрин,
Көкирегинде мумдай балкыған мийрим,
Маңлайынан бир-бир келеди сүйгиң,
Қызғын топырақ Қарақалпақ топырағы.

Басында дубирлеп дәўри-дәўраны,
Бунда көш дүзеген дослық кәрўаны,
Халкымның шашланар шадлық қырманы,
Арыў топырақ Қарақалпақ топырағы.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (394-395-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov


ИЗБАСАР

Шайыр ҳәм журналист Избасар Фазылов Кеңес ҳүкимети орнай баслаған жыллары дөҳмет бәлесине гириптар болып еки рет түрме, сүргин азапларын бастан кеширди.

Ағаға жартыўсыз бул бийшара ел,
Нағыз қорғанларын қанша күтеди!
Және азғырыўлар… шығыўлар жолдан,
Қай ўақ бир дүзелип, қашан питеди?...

Бул барыста және талай нәинсап,
Өз журтын душпаннан бетер талайды.
Қанша желөкпелер, қанша жағымпаз,
Ҳәмелдар, пулдардың путын жалайды.

Халық бел теўип алақаны ойылып,
Буйырған ырысқысын шөпшеп өтеди.
Кимлердур көзи жер көрмей, тойынып,
Көпшиликке күл шашып сырт кетеди.

Бүлдирги алғанлар бүлген елден,
Соң туқымқурт болып соры қайнайды.
Қоллаў таўып мылқым-сылқымлар гилең,
Мына Қарақалпақтың бахтын байлайды.

Еле бул барыста нешше адамға,
Мың теңге болып бир тышқан тесиги.
Мисли әйдархадай тартар демине,
Гөрдей үңирейген түрме есиги.

Не озаң-күйиңди кешпедик бастан,
Тиллер сөз қатыўға гүрмелмес гәде.
Және қандай дүзим, қандай сиясат,
Және қанша басшы береди ўәде?

Халық және табаны қырық жарық болып,
Зорлар қамшы таўлап, жорға сүреди.
Және дөҳмет сөзлеп неше антурған,
Және ийт жоқ жерде шошқа үреди.

Аўызымызға талай сыйпатып ылай,
Кимниң қандайлығын көрип жүриппиз.
Ҳеш исенип болмас қурымсақларға,
Биз еле бәрибир ерип жүриппиз.

Мәйли-дә, жаманлық қылған найсаплар,
Бизден кейин қалып тоқсан, жүз жасар.
Халықтың жетер ме Аллаға дады,
Әттең шырлай-шырлай өтер Избасар.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (392-393-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov


САРАТАННЫҢ СУЎЫҚ ХАБАРЫ

Ибрайым аға Юсуповты ең соңғы жолға узатып хошласып қаларда академик Сабыр аға Камалов: “Иним, қәдирданым Ибрайымжан, Сизден бурын гезек бизики деп жүр едим, әўел жасы үлкен биз алдыңызда кетиўимиз керек еди, лекин, өлим нәўбетке қарамас екен” деп қабырғасы қайыса қыймаслык көз жасларын төгип еди.

Ығбал қарамайды қәдди-қәўметке,
Байлық, ҳәмел - ақылдан ба, әўмет пе?
Ибрайымдай даңқлы кесадар болыў,
Йош арыўлары менен бәзим-сәўбетте...

Көктен жөн силтенген пайғамбар сыпат,
Сөзлери айтылтан сөз емес қуры,
Гөнериў, сөниў билмес гәўҳарларының,
Көкиреклерди турар жақтыртып нуры.

Ҳақ арнап соққандай шайырлық тажын,
Көкси серхош бүлбиллердиң уясы,
Әрман қусларына зер туғыр - қәлби,
Қағазларды өртерлик дәрт сыясы.

Жан ошағында бурын ким жаққан бундай,
Быжлап турған қосық - халықшыллық арды,
Тәғдир жазым етип, шөктирген нарын...
Жүреклер жанарын көз жас суўғарды.

Көбейип кетпесе еди, бийдәўлет,
Бир-еки зыят пул түртип, мәсирген,
Қалатуғын болды-аў геўдеси геўек,
Сизди көрип алатуғын тәсирден.

Асан, Амангелди, Аллаярлардай,
Елим деп еңиреп, халқын қайғырар,
Усылай үзиле берсе даныш шынжырлар,
Бул журт душпанлары кимнен айбынар?

Жүдә сап кеўилде көгерер екен,
Сезим гүллериниң ең бир тазасы,
Өзине жерлейди оны жүреклер,
Аўыр аза болар шайыр азасы.

Жаманлық таслары талай шытнатқан,
Жан, деген қылышы мисли тиселип...
Қыйып болмас Қарақалпақты Ағажан,
Таслап баратырсыз кимге исенип?!

Суўық хабар айтып суўыт жүрисли,
Қайры атын жайдақ желген Саратан ...
Пүткил халқы гүрсинисип, қол созып,
Ийинлести шайыр пейитин Ўатан.

...Жалынып жетип болар ма бақ-дәўлетке,
Бунда қәтере етпес питкен мәўлетке,
Аўзы дуўалы Академик айтқандай, –
Өлим, ҳеш ўақ қарамаған нәўбетке.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (390-391-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov


АТТАН TYCEMEH

Устазымыз перзенти Зуҳра ЕМБЕРГЕНОВАға

Улығланса арзыр: устаз-шәкиртлик,
Жақсы адамлардан болмақ миннетдар.
Садықлық бабында тәсийин қаларлық,
Бурын бир рәўият еситкеним бар.

Ел-улыс ҳаққына нәпеси қабыл,
Қәнәәтшил, бийминлет, бийазар ғана.
Суўпы-мүрийдлери жылаўлап атын,
Пир және қәдимгидей жолға рәўана.

Тал шыбықты минип жүрген шапқылап,
Балаға дус келип, тоқтап жолынан.
Оған селем берип, ҳүрмет көрсетип,
Жумаланып келип алды қолынан.

Жүрис қылғанлардың халықтьң қәлбине,
Ҳәр атқан адымында алынар саўап.
Бирақ, пир, не себеп бундай ҳалатта,
Журтшылық таңырқар, табалмас жаўап.

Улама дер: – биз де илим-билимде,
Бир барманның нәлден бар еткен бағы.
Бул өспирим ығбал қуяшым болған,
Қол берген пиримниң еди урпағы.

Суў алыўға барман оның қолына,
Ҳәр ким түсинип жетер келгенде гези.
Мүмкин емес үстинен атлап кетиўим,
Бул бала еди сол жақсының көзи.

...Бас деген ҳәммеге ийиле бермес,
Сынар жайларың бар болсаң да емен.
Устазым ҳүрмети ҳаққы, дус келсем,
Перзенти алдында аттан түсемен!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (389-390-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov


ЖАРАТЫЛЫСҚА ЖҮГИНИЎ

Адамзат көп мәрте қылған алжасық,
Ҳәр қәтеси түскен жүдә қымбатқа.
Дүньяға исленген қылаплықларды,
Қағаз көтереалмас, сыймайды хатқа.

Ана-тәбият талай аҳ урып, шырлап,
Жүреги тырналып, көзин жаслады.
Өз тутымын туўры билген дәўирлер,
Оның пәрядына қулақ аспады.

...Сап ҳаўа, душшы суў аз қалған десер,
Душшысы да жүдә қарқ емес, патас.
Ийеги кемсеңлер қария дүньяның,
Көп жылаған көзден шықпас екен жас.

Енди бас қатырар пүткил адамзат,
Қәйткенде пителер Озон жыртығы?
Жаны жарақатлы Жердиң, Аспанның,
Инсан өз маңлайын өзи қыршыды.

Ҳикметлер өтмиштен айтар рәўият,
Дәрья – бул, халықлардың алтын таж-тахты.
Бунда ким туўры, ким жол тутар ғәлет,
Бар, обал-саўаптың соралар ўақты.

Нәпси әйдарҳасы көллерди жутып,
Орманларды жалмап, дәрьяны буўды.
Не барын инсанға арнап тәбият,
Өзи адам берген ишиўде уўды...

Саўлықты тең емген тели қозылар,
Бирге отлап, бирге жамырамай ма?
Тойғаны марқайып, секелек атып,
Аш қалғаны зарлап, маңырамай ма?

Бир анадан туўған дасқал перзентлер,
Ержете болар ез дүзген журтлары.
Ата шаңарағын түтетип қалар,
Сол баллардың ең генже-сүт қуртқаны.

Жаратылысқа сай дурыс емес, әттең,
Инсаный ис пенен сөздиң жүйеси.
Дәрья аяғында қайсы ел жасар,
Сол болмағы дәркар оның ийеси.

Саған шек келтирди Ана-тәбият,
Асаў тулпарыңа тасланды қурық.
Сорайман: сол бәнтли шылбырды үз деп,
Жылап, шалғайыңа асылып турып.

Хеш халық өгей емес бул дүнья ушын,
Дәрьяға да тән тап усындай кеңлик.
Басқадан әдиллик күтиў қамтәме,
Егер де, бунда да бузылса теңлик.

Бурын исленген не сумлық, ҳийлелер,
Еллер арасында басланса ғаўға.
Түрли талап қойып, суў жолын бөгеп,
Дәрья қурал болған қысым жасаўға.

Нәпси тарнаўларын қурады өрге,
Суўдың сағасында отырған еллер.
Бунда томар байлап шырпы жыңтыллар,
Егислик жерлерди басар шеңгеллер.

Аяқ асты етти тәбият заңын,
Өзи таман бурып дәрьяны жолдан.
Ондайды ким тыяр? Ким берген ҳуқық?
Көл-теңиз жасаўда биреўлер қолдан.

Дәрья, теңизинен қол жуўса бир халық,
Басқаға да гезек келиўи мүмкин.
Қайсы ел, қай инсан әдилмен десе,
Жаратылыс Нызамына жүгинсин.

Дәрьяға наҳақлық - Ҳаққа наҳақлық,
Теңсизликтиң бир күн тутар кийеси.
Тәбиятты меншиклеў... Ҳәддине бақсын!
Тек, Алла бәршениң тәнҳа ийеси.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (387-389-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov

Показано 20 последних публикаций.