⚡️Енди исбилерменлер де артықша «незаконно» ийелеген жерлерин ҳүжжетлестирип алыўы мүмкин
Өзбасымқалық пенен ийелеп алынған жер учаскаларына және оларда қурылған имаратлар хәм қурылмалардың хуқықларын тән алыу хаққында”ғы Нызамның 5-статьясына тийкар, жасаў ушын мөлшерленбеген имарат ҳәм қурылыслар қурыў ушын жеке исбилерменлер яки юридикалық шахсларға (фирма, кәрхана ҳ.т.б.) «законно» ажыратылған жер участкасына болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетинде көрсетилген майданнан артықша ийелеген жер участкасын ҳәм де сол жерге қурылған имарат және қурылмаларды атына өткерип (ҳүжжетлестирип) алыўы мүмкин.
✅ Мысал ушын, исбилермен өзине қарар менен берилген жерге дүкан қурып ислеп атырып сол дүканның қасындағы оған тийисли болмаған бос турған жерге де қосымша имарат қурған болса, жоқарыдағы Нызам менен мине сол қосымша «незаконно» ийелеген жерин ҳәм сол жерге қурған имаратын ҳүжжетлестирип алыў имканы берилип атыр.
☝️Бирақ, бундай артықша ийеленген жерди ҳәм оған қурылған имарат және қурылысларды ҳүжжетлестириў ушын төмендеги шәртлер белгиленген:
▫️артықша ийеленген жер исбилермен тәрепинен 2018-жыл 1-майға шекем ийеленген болыўы;
▫️артықша ийеленген жер исбилерменге ажыратылған жерге иргелес жер болыўы;
▫️артықша ийеленген жер участкасы исбилерменген ажыратылған жерди қосқанда мына жерде көрсетилген майданнан зыят болмаўы;
▫️артықша ийеленген жер алдын басқа шахсларға ажыратылмаған ҳәм аукционға қойылмаған болыўы;
▫️артықша ийеленген жер бойынша шахслардың арасында даў келип шықпаған болыўы;
▫️артықша ийеленген жер участкасы ҳәм имарат және қурылмалар бойынша жер ҳәм мал-мүлк салығынан қарыздарлық болмаўы керек.
https://t.me/Raxat_Oserbaev