"Жипек жолында туризм" Халықаралық туризм ярмаркасында бир қатар мәмлекетлер ҳәм Өзбекстанның барлық аймақларынан қәнигелер жыйналған. Булар қатарында Қарақалпақстан да өз көргизбе стенди менен қатнаспақта.
Қарақалпақстандағы шөл ҳәм Арал көринисин бүгинги күн мүмкиншиликлери менен бирлестирген бул креатив көргизбе көпшиликтиң итибарын тартты.
Көргизбе майданшасы қум менен толтырылған, бир тәрепте шөл үстинде қалып кеткен кеме қойылған ҳәм бир ўақытлары толқынланып турған теңиз жағаларында қалған бақаншақлар менен безелген. Орайлық композиция сыпатында Байтерек жайластырылған, ол Арал машқаласынан кейинги аймақтың жағдайын сүўретлейди. Оның көгерип атырған бир тәрепи бүгинги жаңаланып атырған Қарақалпақстанға мегзес.
Сондай-ақ, көргизбе қарақалпақ халқының мәденияты ҳәм миллийлигин, үрп-әдетлерин жәмлейтуғын бир қатар өзгешеликлер менен ажыралып турады.
Көргизбеге тынымсыз қызығыўшылық билдирилип, өзгеше атмосферани қәлиплестирген майданша атирапында бәрше фотосүўретлер менен естеликлер мөрлемекте.
—
"Ипак йўлида туризм" Халқаро туризм ярмаркасида бир қатор давлатлар ва Ўзбекистоннинг барча ҳудудларидан мутахассислар тўпланган. Булар қаторида Қорақалпоғистон ҳам ўз кўргазма стенди билан иштирок этмоқда.
Қорақалпоғистондаги чўл ва Орол манзарасини бугунги кун имкониятлари билан бирлаштирган ушбу ижодий кўргазма кўпчиликнинг эътиборини тортди.
Кўргазма майдони қум билан тўлдирилган, бир томонда саҳро устида қолиб кетган кема қўйилган ва бир вақтлар тўлқинланиб турган денгиз қирғоқларида қолган чиғаноқлар билан безатилган. Марказий композиция сифатида Байтерак жойлаштирилган, у Орол муаммосидан кейинги ҳудуднинг ҳолатини тасвирлайди. Унинг куртак отаётган бир томони бугунги янгиланаётган Қорақалпоғистонга ўхшайди.
Шунингдек, кўргазма қорақалпоқ халқининг маданияти ва миллийлигини, урф-одатларини ўзида мужассам этган қатор хусусиятлари билан ажралиб туради.
Кўргазмага доимий қизиқиш билдирилиб, ўзига хос атмосферани шакллантирган майдонча атрофида барча фотосуратлар билан эсдаликлар муҳрламоқда.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes🌐
Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐
YouTube