ҲЕШ КИМ ЕМЕС "АКЛЫҒЫ АҚ ХОЖАНЫҢ"
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Табылады, ҳәммеден бир кемшилик,
Бармайтуғын парқына, ақ-қараның,
Ушырасар арасында елшилик.
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Бийайып тек ғана жалғыз Жаратқан,
"Излеп тырнақ астынан кир" адамның,
Қәлбин тығлап жүзин жерге қаратпаң.
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Турсын мәйли "айдарынан жел есип",
Бир сомға турмайды мансап, атағың,
Инсан деген атқа болмай минәсип.
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Сүрингенге күлмең жығылып жатып,
Тәўбеге кел! Өтер- кетер заманың,
Белшериңнен қалмай гүнәға батып.
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Ҳәмелдарсаң, хансаң ба, я қараша,
Жуўап бериўге болмасын гуманың,
О, дүнья да, әмелиңе жараса.
✍️Ақшолпан Аманияз
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Табылады, ҳәммеден бир кемшилик,
Бармайтуғын парқына, ақ-қараның,
Ушырасар арасында елшилик.
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Бийайып тек ғана жалғыз Жаратқан,
"Излеп тырнақ астынан кир" адамның,
Қәлбин тығлап жүзин жерге қаратпаң.
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Турсын мәйли "айдарынан жел есип",
Бир сомға турмайды мансап, атағың,
Инсан деген атқа болмай минәсип.
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Сүрингенге күлмең жығылып жатып,
Тәўбеге кел! Өтер- кетер заманың,
Белшериңнен қалмай гүнәға батып.
Ҳеш ким емес "ақлығы ақ хожаның",
Ҳәмелдарсаң, хансаң ба, я қараша,
Жуўап бериўге болмасын гуманың,
О, дүнья да, әмелиңе жараса.
✍️Ақшолпан Аманияз