Рәсмий: «4Н-109 Мойнақ–Үшсай» автомобиль жолының 0-15 км. аралығында оңлаў жумыслары алып барылады
Бүгин социаллық тармақларда «4Н-109 Мойнақ–Үшсай» автомобиль жолы бойынша мүрәжат жәрия етилди.
Ҳақыйқатында да бул жол ҳəзирги ўақытта оңланыўы зəрүр болған жоллар қатарына киреди. Усыны есапқа алып, район ҳəкимлиги тəрепинен тийисли орынларға мəмлекетлик бағдарламаларға киритиў бойынша усыныслар жиберилди.
Сондай-ақ, район ҳəкимлигиниң усынысына тийкар «4Н-109 Мойнақ–Үшсай» автомобиль жолының жойбар-смета ҳүжжетлери ислеп шығылды ҳəм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-октябрь сәнесинде қабыл етилген «Жол хожалығы саласын жəне де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-330-санлы қарарына киритилди.
Қарарға муўапық «Қарақалпақстан Республикасы ҳəм Хорезм ўәлаятындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын «жойбарластырыў-қурыў-експлуатация қылыў» усылын енгизген ҳалда əмелге асырылатуғынлығын ПИЛОТ ЖОЙБАРЛАР ҳаққында»ғы 11-қосымшасында «4Н-109 Мойнақ–Үшсай» автомобиль жолының 0-15 км. аралығын оңлаў белгиленген.
Мойнақ районы аймағында жумыс алып барып атырған газ қазып алыўшы ҳәм қайта ислеўши кәрханаларға район ҳәкимлиги тәрепинен техникалық қәўипсизликти сақлаў бойынша хатлар шығарылып келинбекте.
Каналға ағза болыў: @Kar24Uz