#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Мектеп оқыўшыларын кәсип-өнерге оқытыўда исбилерменлерди тартыў тәртиби белгиленди
Ҳүкимет қарары (78-сан, 11.02.2025 ж.) менен "Оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өз-ара бирге ислесиў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.✔️ Реже оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўма орта билим бериў мәкемелери менен исбилерменлер ҳәм өнерментлердиң өз-ара бирге ислесиў тәртибин белгилейди.
✍️ Реже төмендегилерди нәзерде тутады:
▪️улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм исбилерменлер арасындағы бирге ислесиў бағдарлары;
▪️улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби;
▪️исбилерменлер тәрепинен мектеплерде кәсип-өнер дөгереклерин шөлкемлестириў тийкарлары;
▪️улыўма орта билим бериў мәкемелериниң бос турған имаратларын исбилерменлерге ижараға бериўде улыўма орта билим бериў мәкемеси ҳәм исбилерменлердиң миннетлемелери.
️ 📕Кәсип дөгереклерине кәсипке қызығыўшылығы болған 7-11-класс оқыўшылары тартылады.
▶️ 2025-жылдан 8-класс оқыўшылары ушын санаат, өндирис, хызмет көрсетиў, агротехнология тараўларындағы кәрхана ҳәм шөлкемлерге экскурсиялар шөлкемлестириледи.
🎓 2024/2025 оқыў жылы жуўмағына шекем мектеп питкериўшилерин ийелейтуғын кәсиби бойынша әмелий имтиханнан өткериў ҳәм оларға электрон сертификат бериў тәртиби енгизиледи.
Каналға ағза болыў:
@Kar24Uz