🌙🌙
РАМАЗАНҒА ТАЯРСЫЗ БА?😕 Аллаҳтан Рамазан айына саў-саламат жеткериўин ҳәм де Рамазан оразасын тутыўға миясар етиўин сорап дуўа қылың. Себеби, Пайғамбарымыз (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) Ражаб айы келгенде, Аллаҳға "Я Аллаҳ, бизге Ражаб ҳәм Шаъбан айларын қайырлы қыл ҳәм Рамазанға жеткер" деп дуўа қылар еди. Сондай-ақ, саҳабалар да мүбәрек Рамазан айы келмесинен бурын "Аллаҳ бизди Рамазанға жеткер" деп дуўа қылыўға әдетленген.
😣Рамазан айының ҳәр бир күниниң режесин дүзиң. Рамазан – ғәниймет ай. Оның ҳәр бир секундынан нәтийжели пайдаланыў керек. Аллаҳ таала Рамазан айының ҳәр бир күнин бенделериниң саўапларын көбейтип алыўы ушын басқа күнлерден абзал қылған.
Пайғамбарымыз (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) оғада сақый инсан болса да, Рамазан кириўи менен сақыйлығы, жақсылықлары және де артып кететуғын еди. Абдуллаҳ ибн Аббас (разыяллаҳу анҳума) айтады: "Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) адамлардың ең сақаўатлысы еди. Оның сақаўаты Рамазан айында – ҳәр түнде Жәбрайыл (алайҳиссалам) Қуранды үйретиў ушын алдына түсетуғын ўақытларда - әсиресе, артатуғын еди. Ҳақыйқатында да, Аллаҳтың Расулы (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) адамларға мийрим-шәпәәт көрсетиўде күшли ескен самалдан да тез еди" (Имам Бухарий, имам Муслим рәўияты).
Тилекке қарсы, турмысымыздағы барлық майда ислерди де итибардан шетте қалдырмай есап-санақ қыламыз, бирақ Рамазан айы режесин дүзиўди умытамыз. Ақыбетинде дүнья ҳәм ақырет ушын пайдалы болған жақсылықтан бийпәрўалық себепли маҳрум боламыз. Себеби, ақыреттиң абатлығы бул дүньяны абат етиў менен басланады. Мәңги бахытқа ерисиў ушын ибадатларды гөззал түрде орынлаўға әдетлениў керек. Сол себепли, мөмин-мусылманлардың Рамазан айының ҳәр бир күни ҳәм түнин өткериў тәртибин режелестирип алыўы мақсетке муўапық.
😢 Рамазан ҳәм оған байланыслы мәселелерди пуқта өзлестирип алың. Ҳәр бир мөмин-мусылман Рамазан айы оразасына байланыслы мәселелерди бул ай келместен алдын жақсылап өзлестирип алыўы керек. Ислам дини - илим дини болып, ҳәр бир мусылман өзи ушын пайдалы ҳәм зыянлы нәрселерди билип алыўы шәрт.
😼Рамазан оразасын тутыўға ықлас пенен нийет етиң. "Ҳаўа жүдә ыссы, ораза тутыўға күшим жетпейди" сыяқлы түрли сылтаўлар менен бул айдың пазыйлетлеринен бийнесип қалмаң! Егер оразаны шын кеўилден Аллаҳ ушын орынлаўды нийет етсеңиз, Аллаҳтың өзи жеңиллик, берекет береди.
😗 Рамазан айы киятырғанынан қуўаның. Пайғамбарымыз (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) Рамазан айы келсе, бахытлы ҳәм қуўанышлы болып кететуғын еди. Пайғамбарымыз (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) "Рамазан айы келди. Рамазан айы – Аллаҳ ораза тутыўды парыз қылған мийрим айы. Бул айда жәннет есиклери ашылып, дозақ есиклери жабылады" дейтуғын еди. Пайғамбарымыздың саҳабалары, табеийнлер бул айдың келиўин интизарлық пенен күтетуғын еди.
😅 Мүбәрек Рамазан айына жеткергени ушын Аллаҳға ҳамд айтың. Себеби, Аллаҳ сизди саў-саламат бул айға жеткерип, өзиниң шексиз мийрим-шәпәәтине ылайық көрди.
🙂🙂🙂🙂🙂🙂 🙂🙂🙂🙂🙂
⬅️
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!🥺
Телеграм| 🤪
Facebook| 🛍
Instagram| 😍
Youtube🧐 Интернет сайтымыз:
paziylet.uz