Atamuratov


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Блоги


Мақсетлерине қарай ҳәрекетленип атырған әпиўайы бир студенттиң ойлары.
*Буның ҳәммеси жеке пикир
https://instagram.com/aaatamuratov?igshid=OGQ5ZDc2ODk2ZA
Байланыс: @AAtamuratov

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Блоги
Статистика
Фильтр публикаций


Егер маған қараса 25-26 жасыма шекем күтип қаладаў


Бүгиннен баслап рәсмий түрде көшедеги үйленбегенлердиң ишинде ең жасы үлкени өзим болдым 😁


Бир күни таўсылар бул халықтыңда шыдамы.


Рахмет деп қойған қопал болып естиледи, ҳеш қандай эмоциясыз.


"Рахмет" пенен "рахмеет"тиң парқы бар я😁


Жаслық шақ келмес қайтып


Жүректе ашыў барда муҳаббатқа орын жоқ:)


Мен менен телеграмнан сөйлесетуғынларды аяп кетемен. Себеби олар жиберген голосовойларды 2х ке қойып есите аламан, бирақ олар меникин есите алмайды. Себеби бизики 4х болып кетеди🙂‍↔️

@Atamuratov


Бизде де баслапты бундай видеоларды:)


Қар да қайта-қайта жаўып атыр, бизди көриссин деп:)


Сизлерге байрам ертең😌

@Atamuratov

424 0 8 12 45

Жума мүбәрек)


Муҳаббаттағы "отпуск"

"Отпуск"-бул жумысшыларға физикалық яки руўхый дем алыў, жумыс өнимдарлығын арттырыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм шаңарағы менен ўақыт өткизиў имканиятын береди. Егер инсан узақ ўақыт тәнеписсиз ислесе, шаршаў, стресс ҳәм ислеп шығарыў нәтийжелилигиниң азайыўы бақланады.

Ал муҳаббатқада "отпуск" керекпе?

Аўа, муҳаббат мүнәсебетлеринде де "отпуск" -ўақтынша тәнепислер әҳмийетли болыўы мүмкин. Бул да ҳәр қандай мийнет сыяқлы инсанның руўхый жақтан жаңаланыўы, өзин түсиниў ҳәм мүнәсебетлерди жақсырақ аңлаў ушын зәрүр болыўы мүмкин.

Бул "отпуск" неге керек?

1. Руўхый шаршаўдың алдын алыў. Узақ мүддет даўам еткен мүнәсебетлер базыда артықша стресс яки шаршаў келтирип шығарыўы мүмкин. Қысқа тәнепис болса сезим ҳәм туйғыларды жаңалаўға жәрдем береди.

2. Өз-өзин түсиниў. Базыда адам өзиниң қәлеўлерин, мүтәжликлерин ҳәм мүнәсебетте нени қәлеўин анықлаў ушын ўақыт керек болады.

3. Бир-бирин қәдирлеў. Қатнас ўақтынша токтатылғанда инсан шеригиниң өмириндеги орнын жақсырақ түсинип жетеди ҳәм оның жанында жоқлығын сезинеди.

4. Мүнәсебетлерди қайта тиклеў. Егер көп урыслар ҳәм келиспеўшиликлер келип шықса, қысқа тәнепис ҳәр еки тәрепте басылып, жағдайға обектив қараўға жәрдем береди.

5. Сезимлерин сынаў. Базыда адам өзиниң сезимлерин анықлай алмайды. Тәнепис дәўиринде сағыныш бар яки жоқлығы, муҳаббат ҳақыйқаттанда бар яки тек әдет екени белгили болады
.

Бирақ бул тәнепис дурыс қойылыўы керек:

-Алдыннан анық түсинтириў: " не ушын тәнепис алынып атыр?" ҳәм " бул тәнепис қашанға шекем даўам етеди?" деген сораўларға анық жуўап берилиўи керек;
-Бир-бирине ҳүрмет сақлаў: тәнепис ўақтында басқа адамды кемситпеў, оны алдамаў әҳмийетли;
-Арқаға қайтыў яки кетиў: тәнепис нәтийжесинде мүнәсибет жақсыланама яки тамам боладыма. Буны анықлаў керек.

Егер муҳаббат хақыйқый болса қыс тәнепислер оны бузбайды, керисинше оны және де жақсылайды.

Тәнепис- ажралыў емес. Егер тәнепис бир бәне қылынып, әсте-ақырын ажралыўға өтип кетиў режелестирилген болса, бул шерикти алдаў менен тең. Егер негизинде ажралыў керек болса буны алдыннан айтыў керек.

@Atamuratov

443 0 10 1 35

Узыыын бир пост жаздым-аў (чат ЖПТ менен бирге десең я😁). Таслай берейинбе, оқыйсизба еринбей:)


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
📌

@Atamuratov




Узыннан узын постлар жазылып атырса демек мен усы жердемен:)

A place to think.


Бирақ адам минези менен басқалар емес өзи шуғылланғаны жақсырақ.

Дурыс сиз басқалар қәлегендей инсан болыўыңыз, басқалардың гәпине итибар бериўиңиз шәрт емес ҳәм буған мәжбүр емессиз. Бирақ минезиңизге қарата айтылған гәплерге азырақ итибар қаратың. Минез жүдә әҳмийетли. Себеби түсиниксиз минезиңиз деп жумысыңыздан, таныcларыңыздан, досларыңыздан ҳәттеки жақын адамларыңыздан айрылып қалыўыңыз мүмкин.

Адамлар өзи сизге айтпаўы мүмкин, бирақ өзиңиз сораң. Қәтелериңизди билип алың.


Ишпейди, шекпейди дегени жақсы адам дегени емес. Адамның жақсы, жаманлығын оның минези белгилейди.


Ҳақыйқаттанда бизлерде баланың тек интеллектуал билимлерине, оның оқыўына, билим алыўына итибар береди. Бирақ оның минези, характери менен ҳеш шуғылланбайды екен.

Негизинде билимнен көре оның минези-қулқы биринши орында турады. Адамлар арасына кириў ушын билим керек ал сол орталықта қалыўы ушын жақсы минез ҳәм характер керек болады.

Показано 20 последних публикаций.