KARLIVE 24 — News


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Блоги


Биз мәмлекетте ҳәм дүньяда жүз берип атырған жаңалықларды тез ҳәм оператив түрде сизге қолайлы етип жеткерип беремиз!
Жәмийеттеги қубылыс ҳәм машқалаларға субьектив көз қарас.
Жаңалықлар болса бизге жибериң, биз каналға шығарамыз 👉🏻 @karlive24_bot

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Блоги
Статистика
Фильтр публикаций


2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамын мәмлекетимизде "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" деген бас идея тийкарында улыўма халықлық сейиллер түринде жоқары дәрежеде кеңнен белгилеў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеген пиядаларға баянлама рәсмийлестирилмекте.

👉 @Karlive24Информациялық канал


❗️24-февральдан және суўық қайтады

Өзгидромет хабарына қарағанда, 24-27-февраль күнлери Өзбекстан аймағына ығал ҳәм суўық ҳаўа массалары кирип келеди. Ҳаўаның температурасы түнде -9, күндиз 0 градусқа шекем түсиўи мүмкин.

👉 @Karlive24Информациялық канал


❓Сиз кийимиңиздиң өлшемин билесизбе?

Бул кесте жәрдеминде сиз өз өлшемиңизди анықлап алыўыңыз ҳәм ҳәттеки онлайн дүканлардан да өзиңизге мас кийимниң өлшемин билип алып буйыртпа тийкарында алсаңыз болады.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Баланы нызамсыз диний тәлим алыўға тартқанлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилениўи мүмкин

Бул ҳуқықбузарлық қайтадан исленгенде жәрийма муғдары артады ямаса 15 суткаға шекем қамаққа алыўға себеп болады.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Тармақта iPhone 17'ның жаңа дизайн концепциясы жәрияланды

👉 @Karlive24Информациялық канал


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жәрийма баллары 12 баллдан асатуғын болса айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады

👉 @Karlive24Информациялық канал


❗️Ендигиден былай мәс ҳалда автомобиль басқарғанлар жынайый жуўапкершиликке тартылады

Жынаят кодексине тийисли қосымшалар киргизилди. Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Өзбекстанда өзине кредит ажыратыўды қадаған ететуғын нызам мақулланды

Сенаттың 20-февральдағы жалпы мәжилисинде өзине кредит ажыратыўды қадаған етиўди нәзерде тутатуғын нызам мақулланды.

Нызамға муўапық:

➖ Физикалық тәреплер менен кредит келисимлерин қадаған етиў ҳәм бундай шахсларды Кредит келисимин дүзиў қадаған етилгенлер реестрине киргизиў тәртиби белгиленди;

➖ Алдаўшылық жолы менен пуқаралардың атына олардың хабарысыз кредит рәсмийлестириўдиң алдын алыў механизмлери жаратылды;

➖ Кредит бюроларының миннетлемелери ҳәм нызамбузыўшылықлар ушын жуўапкершилик илажлары белгиленди.

Нызам пуқаралардың хабарысыз кредит рәсмийлестириў менен байланыслы алдаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев қорғаныў өнери комплексинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысады ҳәм елимиздеги әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныўды беккемлеў мәселелери бойынша мәжилис өткереди.

👉 @Karlive24Информациялық канал


📊 Қарақалпақстанда жоқары категорияға (ААА) ийе болған исбилерменлердиң улыўма саны 128 ге жетти

Усы жылдыӊ 15-февраль жағдайына муўапық, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 25 700 исбилерменлик субъектлеринен:

•  «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 128;
•  «АА» категориясына ийе жәми 244;
•  «А» катергориясына ийе жәми 279;
•  «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 1047;
•  «ВВ» катергориясына ийе жәми 1911;
•  «В» катергориясына ийе жәми 2534;
•  «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1483;
•  «СС» категорияға ийе жәми 6072;
•  «С» категорияға ийе жәми 4291;
•  «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 7711 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.

Егер де, кәрханаӊыздыӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болсаӊыз Саўда-санаат Палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўыӊыз мүмкин.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Спорт тараўын еле де раўажландырыў бойынша тараў ўәкиллери менен пикирлесилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спорт тараўы ўәкиллери, жуўапкерлер, федерация басшылары менен ушырасты.

Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Ушырасыўда 2024-жылы спорт мектеплеринде спортшы-жасларды таярлаўда әмелге асырылған илажлар ҳәм алдағы ўазыйпалар сондай-ақ, спорт федерацияларыныӊ жумыслары ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Толық оқыў

👉 @Karlive24Информациялық канал


Орайлық банк карталар ҳаққында жиберилип атырған SMS хабарлар бойынша мағлыўмат берди

Орайлық банк коммерциялық банклердиң пуқараларға SMS арқалы карталары ҳаққында хабар жибериўи бойынша түсиник берди.

Хабарлар пуқараларды олардың атына рәсмийлестирилген карталар ҳаққында хабардар етиў мақсетинде жиберилип атыр. Қәўипсизлик талапларына муўапық карта номерлериниң бир бөлеги көрсетиледи.

Орайлық банк пуқараларға SMS арқалы мағлыўматта көрсетилген карталар бойынша түсинбеўшилик жүзеге келгенде, хызмет көрсететуғын банкке мүрәжат етип, пайдаланылмай атырған карталарды жабыўды усыныс етти.

Сондай-ақ, алдаўшылық арқалы виртуал карталар ашылыўы мүмкин екенлиги ҳаққында ескертти.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❓"Мошенник"лерге алданып қалмаў ушын не қылыў керек?

Банк пластик картаңыз ҳәм өзиңизге тийисли мағлыўматларға абайлы болың.

Банктен картаңызды алып атырғанда банк карталарына байланыслы қәўипсизлик қағыйдаларын ҳәм сыр сақлаў керек болған мағлыўматларды сорап алың.

Онлайн алдаўшылардан қалай сақланыў бойынша жоқарыдағы видеодан мағлыўмат алыўыңыз мүмкин.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Өзбекстанда банклер 12 ай даўамында пайдаланылмаған карталарды блоклаўы мүмкин

Humo төлеў системасы белсенди болмаған банк карталарын алдыннан ўақтыншалық блоклап қойыўды усыныс етти.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❓Ең биринши светафорлар қандай ислегенлигин билесиз бе?

👉 @Karlive24Информациялық канал


⚡️Ҳаял-қызлар күни байрамы қарсаңында 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар 3 күн қатар дем алады

🗓 Быйыл 8-март - Ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң шемби күнине туўра келеди.

🔄 Мийнет кодексине бола, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўры келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.

✅ Соған тийкар, байрам алдында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер төмендеги күнлерде дем алады:

➖8-март, шемби - байрам күни, дем алыс күни;
➖9-март, екшемби - дем алыс күни;
➖10-март, дүйшемби - қосымша дем алыс күни.

👉 @Karlive24Информациялық канал


🇰🇿Қазақстанда ески автомобиллерди айдаў қадаған етилиўи мүмкин

Мағлыўматларға бола, 2024-жылы Алматыда ҳаўа патасланыўының 60 процент себепшиси автомобиллер қураған.

👉 @Karlive24Информациялық канал


Нөкистен қала ҳәм районларға неше километр екенин билесизбе?

Ташкент 1,105,6 км
Ургенч 192 км
Төрткөл 172 км
Беруний 145 км
Қыпшақ 50 км
Бердақ с/х 39 км
Манғыт 71,8 км
Бостан 136,6 км
Мойнақ 220 км
Қоңырат 120 км
Қанлыкөл 88,4 км
Шоманай 86,5 км
Хожели 24 км
Тақыятас 17,7 км
Броллер пост 21 км
Халкабад 25,5 км
Өрнек с/з 25 км
Нөкис р/н 25 км
Россия с/з 33,4 км
Кегейли 41,3 км
Жаслық посёлка 340 км
Бозатаў 83,7 км
Аспантай 123,3 км
Тахтакөпир 105,5 км
Караөзек 82 км
Шымбай 54 км
Шахаман 92 км
Қазақдәрья 125,5 км


👉 @Karlive24Информациялық канал


Бала ҳәдден тыс шоқ болса, не қылыў керек?

Балалардың ҳәдден тыс шоқ, гиперактив болыўы бул кеселлик емес, ал минез-қулық қәсийети есапланады. Себеби балалар жаслығында жүдә қызығыўшаң, ҳәрекетшең ҳәм белсенди болады.

️Бундай ўақытта ата-аналар, тәрбияшылар ҳәм оқытыўшылар олардың тәрбиясына дурыс қатнас жасаўы керек. Бундай балалар бир ўақыттың өзинде түрли шынығыўларды орынлайды: Топ ойнайды, орынлап атырған жумысыңызға кесент етеди, арман-берман жуўырады, бирақ ҳешқашан бир орында ҳәрекетсиз турмайды.

️Олар тәлим процесине кесент бермейди. Тек ғана аудитория орталығына тәсир өткериўи мүмкин.

✔️ Аса ҳәрекетшеңликти халық медицинасы менен емлеп болмайды. Бундай ўақытта ҳәрбир баланың индивидуал өзгешелигинен келип шығып, психолог мәсләҳәтлери тийкарында түрли илажлар қолланыў мүмкин.

👉 @Karlive24Информациялық канал

Показано 20 последних публикаций.