❓Оқыўшы сабаққа дәптерсиз келгени ушын муғаллим жуўап бере ме?
💬 Пуқарадан сораў: «Мен мектепте математика пәнинен сабақ беремен. Айырым оқыўшылар дәптерим жоқ деп сабақ таярламай келебереди. Ким жуўап береди оқыўшы дәптер алып келиўине? Бундай жағдайда не ислеўим керек?».
✅Билимлендириў ҳаққындағы нызамшылыққа ҳәм мектеплердиң үлги режесине көре, оқыўшы сабаққа барлық оқыў қураллары менен келиўи керек.
❗️Бунда оның ата-анасы баланың билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериўге миннетли.
⚠️Егер бул миннетлемелерди орынламаса яки орынлаўдан бас тартса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясына тийкар, ата-анаға 1,8 млн сумға шекем жәрийма салынады.
🚫Сондай-ақ, муғаллимлердиң лаўазым миннетлемелеринде оқыўшылардың сабаққа дәптер алып келиўин тәмийинлеў бойынша миннетлемеси белгиленбеген.
☝️Демек, оқыўшының сабаққа дәптерсиз келгени ушын муғаллим емес, ал оқыўшының ата-анасы жуўап береди. Бундай жағдайда оқыўшының ата-анасына хабар бериў керек.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар