Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы
Beb-sayt: www.karakalpakstan.travel
Facebook: facebook.com/turism.rk
Youtube: www.youtube.com/channel/UCuGjtyDO2d

Мүрәжат ушын:
E-mail: karakalpakstan@motas.uz
E-xat: tourismrk@exat.uz
☎️ 61 222-31-16

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


✈️«Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша  авиақатнаўлар 22-23-27-декабрь күнлери қайтадан жолға қойылады

Билетлерди +998938439291 байланыс номери ҳәм кассалар арқалы алсаңыз болады.

Дүйшемби, жума, екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35
_

✈️ «Нукус – Мўйноқ – Нукус» йўналиши бўйича авиақатновлар 22-23-27-декабрь кунлари яна йўлга қўйилмоқда

Билетларни +998938439291 алоқа рақами ва кассалар орқали ҳарид қиласиз.

Душанба, жума, якшанба:
Нукус – Мўйноқ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мўйноқ – Нукус: 🛫16:00 – 🛬16:35

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Дүньяның ең перспективалы туристлик мәнзиллери дизиминде Өзбекстан биринши орынды ийеледи

Wanderlust саяхат журналы ҳәр жылғы Reader Travel Awards сыйлығы ушын дүньядағы ең сүйикли мәңзиллерге даўыс бериў бойынша сораўнама өткереди. Бул жылы 168 мың саяхатшы 22 түрли тайыпада даўыс берди. Журнал аудиториясы өзлери унататуғын туризм жөнелислери ушын даўыс берген ҳәм нәтийжеде Өзбекстан ең перспективалы раўажланып атырған туризм жөнелиси деп тән алынды.

Журналда “Өзбекстан өзиниң тарийхый байлықларынан тысқары, Қызылқум сахрасының шексиз кеңликлеринен Арал теңизиниң жағаларына шекемги болған әжайип тәбийи көринислерине ийе екенлиги, бирақ бул гозаллық көбинесе итибардан шетте қалып қалыўы” атап өтилген.

Мағлыўмат орнында, Wanderlast саяхат журналы усы жылдың июнь айында Қарақалпақстанда жайласқан Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты ҳаққында мақала жәрияланған.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube


🖼 20-декабрь күни Нөкис қаласындағы Көргизбе сарайында художник Василий Джапаровтың “Илхам” атлы жеке көргизбеси өткериледи

Басланыў ўақты саат 11.00де

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Бердақ (Төрткүл) гүзары 52а
Бағдар: “Президентская дача” қарама қарсысы

📞 99861-222-53-10

Көргизбеге кириў бийпул

Каналға ағза болыў 👉 t.me/kar_anons


Қысқы дем алыс дәўиринде жолаўшылардың темир жол транспорты қатнаўларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде 2024-жыл 15-декабрьден 2025-жыл 12-январьға шекем бир қатар жөнелислерде қосымша поезд қатнаўлары шөлкемлестириледи ҳәм вагонлар саны арттырылады:

✓ Қосымша қатнаўлар:

"Ташкент - Үргениш - Ташкент" жөнелисинде 2024-жыл 17-декабрьден баслап 18 қосымша қатнаў әмелге асырылады.

"Самарқанд - Ташкент - Самарқанд" жөнелисинде 2024-жыл 15-декабрьден баслап, "Афросиёб" тезжүрер электропоезды қосымша 30 қатнаўды әмелге асырады.

✓ Қосымша вагонлар:

"Ташкент - Қоңырат - Ташкент," "Ташкент - Термиз - Ташкент," "Ташкент - Үргениш - Ташкент" ҳәм "Ташкент - Сариосиё - Ташкент" жөнелислеринде 2024-жыл 20-декабрьден ҳәр күни 4 қосымша плацкарт вагонлары қосылады.

🚆Қишки таътил даврида йўловчиларнинг темир йўл транспорти қатновларига бўлган талабини қондириш мақсадида 2024 йил 15 декабрдан 2025 йил 12 январга қадар бир қатор йўналишларда қўшимча поезд қатновлари ташкил этилади ва вагонлар сони оширилади:

✓ Қўшимча қатновлар:

"Тошкент – Урганч – Тошкент" йўналишида 2024 йил 17 декабрдан бошлаб 18 та қўшимча қатнов амалга оширилади.

"Самарқанд – Тошкент – Самарқанд" йўналишида 2024 йил 15 декабрдан бошлаб, "Афросиёб" тезюрар электропоезди қўшимча 30 та қатновни амалга оширади.

✓ Қўшимча вагонлар:

"Тошкент–Қўнғирот–Тошкент", "Тошкент–Термиз–Тошкент", "Тошкент–Урганч–Тошкент" ва "Тошкент–Сариосиё–Тошкент" йўналишларида 2024 йил 20 декабрдан ҳар куни 4 та қўшимча плацкарт вагонлари қўшилади.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
“Sevimli” телеканалының “Zamon” информациялық бағдарламасы ушын семинар ҳаққында репортаж таярланды

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube


Ген план Нөкис қаласы.pdf
2.0Мб
Нөкис қаласының бас жобасы тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 13-декабрьдеги №837 қарары тийкарында Нөкис қаласын комплексли раўажландырыў, қурылыс жумысларын жобаластырыў, олардың сапасы ҳәм дәрежесин арттырыў, қаланың архитектуралық-жобаластырыў келбетин, сондай-ақ, инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў мақсетинде Нөкис қаласының бас жобасы тастыйықланды.

Нөкис қаласы бас жобасының жойбарында 2040-жылға шекемги дәўирде Нөкис қаласының Нөкис районы аймағына (876 гектар) кеңейиўи есапқа алынған.

Қарарға муўапық, Нөкис қаласының бас жобасы жойбарының тийкарғы шешимлери ҳәм техникалық-экономикалық көрсеткишлери тастыйықланды.

Нөкис қаласында 2040-жылдың соңына шекем:

Халықтың санының өсиўи – 312,4 мың адамнан 400,0 мың адамға көбейиўи прогноз етилген;
Қаланың аймағы – 12 507,0 гектардан 13 383,0 гектарға;
Елатлы пункттиң турақ жай аймағы – 5 030,2 гектардан 5 486,5 гектарға өзгериўи жобаластырылған.

Жаңа бас жобаға муўапық қалада еки административлик орай шөлкемлестириледи.

Биринши административлик орай – қаланың ҳәзирги ўақыттағы административлик орайы болып, Ислам Каримов, Әмир Темур ҳәм М.Жуманазаров көшелериниң кесилиспелери болып есапланады. Бул орай сақлап қалынады. Онда жайласқан Савицкий музейи, Еслеў майданы, мийманханалар, «IT-парк», демалыў бағы ҳәм басқа административлик ҳәм хожалық имаратларын қурыў ҳәм қайта оңлаў, ески имаратлар ҳәм объектлердиң орнына жаңа ҳәм заманагөй көп қабатлы имаратлар қурыў белгиленген.

Екинши административлик орай – қаланың қубла-батыс бөлиминдеги Нөкис районына шығатуғын көшелер ҳәм жойбардағы көшелериниң кесилиспесинде орналастырылады.

«Нукус Сити»диң бул орайлары киши ҳәм орта бизнести, банк филиаллары, турақ жай ҳәм жәмийетлик имаратлардың бизнести басқарыў менен байланыслы объектлерин бирлестиреди ҳәм 7 этаждан 16 этажға шекемги болған объектлер қурылады.

Нөкис қаласының жойбарлық шегарасы:

Арқада – Нөкис районы ҳәм «Дослық» каналының өзени бойлап;
Шығыста – киши айланба жолға шекем;
Батыста – Әмиўдәрьяға шекем;
Қубла тәрепте – санаат аймақларына шекем етип белгиленеди.

Шығыс ҳәм қубла бағдарлар қумлар менен оралғанлығы себепли жаңа турақ жай массивлери тийкарынан арқа-батыс тәрепте жайласады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube


❗️ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ ФЕРМЕРЛЕР ДЫҚҚАТЫНА!

Алдын хабар бергенимиздей, Ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы тийкарында Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында “Саўда үйи” шөлкемлестирилди.

“Саўда үйи” ниң ашылыўы мүнәсибети менен усы жылдың 22-25-декабрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында “Made in Uzbekistan” миллий саўда-ярмаркасы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз!

Саўда-ярмаркасына қала ҳәм районларда жумыс алып барыўшы барлық исбилерменлер ҳәм фермерлер өзлери жетистирген азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери, сондай-ақ кәрханаларында ислеп шығарылған ѳнимлери менен белсене қатнасыўы мүмкин.

❗️ Ең әҳмийетлиси, илажда қатнасыўшы исбилерменлер ҳәм фермерлер жолаўшы ҳәм жүк тасыўшы транспортлар менен бийпул тәмийинленеди.

Саўда-ярмаркасына қатнасыўды қәлеўшилер төмендеги телефонларға қоңыраў етип байланысыўын сораймыз:

☎️ +998 (90) 701-05-06
☎️ +998 (61) 222-15-02

Қосымша мағлыўмат: Саўда-санаат Палатасының қоллап-қуўатлаўы тийкарында Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында Қарақалпақстанлы исбилермен Б.Юлдашев тәрепинен “SSP Uz Kaz” ЖШЖ ти шөлкемлестирилди. Сонлықтан, Манғыстаў областына өним экспорт етиўди қәлеўши исбилермен ҳәм фермерлер төмендеги телефонға қоңыраў етип байланысыўын сораймыз:

☎️ +998 (90) 727-39-75 (Шахзод Каримов)


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube


Глобаллық қәўипсиз туризм кодексин ислеп шығыў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси болып өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2023-жыл Самарқанд қаласында болып өткен UNWTO Бас Ассамблеясының 25-сессиясында Глобаллық қәўипсиз туризм кодексин қабыллаў басламасы алға қойылған еди.


👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/222953.html

📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
“Jaslar” телеканалының “Qaraqalpaqstan Online” бағдарламасы ушын семинар ҳаққында репортаж таярланды

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
"Qaraqalpaqstan" телеканалының "Xabar" бағдарламасын ушын Семинар ҳаққында репортаж таярланды

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube


Пресс-тур шөлкемлестирилди

12-13-декабрь күнлери Нөкис қаласында болып өткен ЮНЕСКОның “Қобыз ҳәм Жыраў дәстүрлерин асыраў: Материаллық емес мәдений мийрасты билимлендириў ситемасына интеграция етиў” семинарының шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының мәлимлеме хызмети тәрепинен ҒХҚ ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилди

"Қишлоқ хўжалиги ходимлари куни" муносабати билан байрам томошалари ўтказилди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube


«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пəклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жəмлегени менен əҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қəстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳəм бəлентлерге көтериў – ҳəр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.

Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылыўына тийкар болмақта.
Илажда мине усындай елимиз абаданлығы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.

Байрам илажында көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

"Қорақалпоғистон Республикасининг давлат байроғи тўғрисида"ги Қонун қабул қилинган кун муносабати билан байрам тадбири бўлиб ўтди

1992 йил 14 декабрь куни Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг XI сессиясида "Қорақалпоғистон Республикасининг давлат байроғи тўғрисида"ги Қонун қабул қилинди.

Бугун Нукус шаҳри марказида ўрнатилган Ўзбекистон ва Қорақалпоғистон Республикаларининг давлат байроқлари ёнида "Қорақалпоғистон Республикасининг давлат байроғи тўғрисида"ги Қонуни қабул қилинганининг 32 йиллиги муносабати билан байрам тадбири бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, халқимизни байрам муносабати билан табриклади.

Таъкидланганидек, юртимиз байроғи эзгулик, донишмандлик, поклик, садоқат, гўзаллик, тинчлик, янгиланиш каби ҳис-туйғуларни ўзида мужассам этгани билан аҳамиятлидир. Шундай экан, юртимиз байроғини кўз қорачиғидек асраб-авайлаш, уни улуғлаш ва баландларга кўтариш - ҳар биримиз учун она-Ватан олдидаги фарзандлик бурчимиздир.

Сўнгги йилларда халқимиз ҳаётида, инсонларнинг маънавий оламида катта ўзгаришлар ва янгиланишлар юз бермоқда. Бунда ҳурматли Президентимиз томонидан Қорақалпоғистон учун алоҳида қабул қилинган қарор ва фармонлар халқимизнинг фаровон ҳаётини таъминлаш бўйича жуда катта ишлар амалга оширилишига асос бўлмоқда.

Тадбирда ана шундай юртимиз равнақи йўлида амалга оширилаётган ишлар кенг эътироф этилди.

Байрам тадбири санъат ва маданият ходимларининг концерт дастури билан давом этди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
15-декабрь күни Аўыл хожалығы тараўы хизметкерлери күни байрамы болып өтеди

Аўыл хожалығы тараўы хизметкерлери күни байрамы мүнәсибети менен аграр тараўы мийнеткешлериниң мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги мийнетине мүнәсип итибар қаратыў ҳәм баҳалаў, руўхый ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў мақсетинде усы жылдың 15-декабрь күни Нөкис қаласы аймағындағы Ат шабар майданында байрам илажы ҳәм тамашалары өткериледи.

Илаж даўамында аўыл хожалығы өнимлери көргизбе-ярмаркалары, 
руўхый-ағартыўшылық, қайырқомлық илажлары, сондай-ақ, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар, соның ишинде, ат шабыс жарыслары, палўанлар гүреси, арқан тартыс ҳәм қошқар дүгиси ойынлары ҳәм беллесиўлер болып өтеди.

Байрам илажлары халық сейили түринде даўам етеди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube



Показано 16 последних публикаций.