“Шаңарақ” орайы


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Семья и дети


“Шаңарақ” орайының мақсети - ҳәр бир шаңарақтын беккем, бахытлы болыўына салмақлы үлес қосыў💞
Бул жолда биз жәрдемге ҳәмийше таярмыз🤝
Мәнзил:Нѳкис қаласы, А́.Шамуратов кѳшеси 117Б жай
Байланыс ушын:📞 (91) 393-13-14

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Семья и дети
Статистика
Фильтр публикаций


Репост из: “Шаңарақ” орайы
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⚡️Инсан таўсылмайтуғын турмыс тәшўишлери менен бир өмир гүреседи.
Бир күн келеди хәмме тәшўишлери таўсылып өзи қәлегендей жасайман деп ойлайды.
Бирақ сол күн келмеўи ҳәм мүмкин. Келген тәғдирде де сол күнниңде өзине жарасықлы тәшўишлери болады.

Сол себепли менимше жасаўды бүгиннен баслаў керек. Шыйрын турмысыңызды өзиңиз ушын теңи жоқ деп билиң ҳәм бир минутын да зая кеткизбең❣️

@shanaraq_orayi


Репост из: “Шаңарақ” орайы
Ҳәммеси ҳаялларға байланыслы (ма)!?

Бир кисиниң ҳаялы, күйеуи жаксы көрген ҳаялдың алдына барып бакырыс кылыпты.

— Сен сол сықмар ҳәм иши қара еримнен не таптың. Неге ол сени суйеди, калайынша, сен мениң еримди жаксы көргенсең?! 🤬

—Ерине дөҳмет қилып атырсан - депти бул ҳаял, сениң ериң ең сақый ҳәм дана ҳәм де батыр инсан деп есаплайман. Ериңди ҳақыйқый еркек адам десе болады. Ҳәр байрамда ең жақсы саўғаны қабыл етемен, ҳәр күни жағдайымнан хабар алады, дүньядағы ең әўметли ҳаял негизи сенсен, себеби сен оның нызамлы ҳаялысаң.

— Нахақлық! Мен еримди танығанымнан берли гүл не, саўға не дегенди билмиймен. Айлығын маған бермейди. Хожалықты тәмийнлеўди билмейди. Биз еки ер адам ҳаққында сөйлесип атырғандаймыз менимше.

—Мен сизди ҳүрмет еткеним ушын ериңиздиң қасында көп бола алмайман. Бирақ узақ ўақыт сәўбет қурғым келеди. Соншалық көп оқыған инсан сизиң ериңиз, ол менен сөйлесиў қызықлы. Ўақыт қандай өтип кеткенлигин билмей қаламан.

— Мен таўдан келсем, ол бақтан келеди. Жумыслары күтип турғанында ол ҳеш ўақыт қызықлы сәўбет қурмайды. Үйди ремонтлаў ушын да өзим аўыр затлар көтерип келемен. Ҳаялым кеш қалып атыр - деп қәўетерленсе-дә бул ер адам дегени😡!

— Тап биз еки инсан ҳаққында сөйлесип атырғандаймыз. Маған улыўма аўыр көтермең деп шеклеў қойған. Соншалар мени өз қорғаўына алған, мен бул бахыттан басым айланады. Бул инсанның өз ҳаялына ҳәўесим келеди дейтуғын едим. Себеби, маған сонша меҳир көрсетсе, сизди аспанға көтерер екен деп қызғанар едим. Енди сизиң гәплериңизди еситип хайран болып қалдым.

Тийкарынан бул еки ҳаял да өзлеринше ҳақ. Бирине қорған ҳәм мәрт керек еди. Бирине болса айыплы, нәшүкир ер керек болған.

🔮Ҳаял өмирлик жолдасынан нени күтсе, нени нийет қылса, күйеўи ҳаққындағы ой-қыялы қандай болса, сол әмелге асып күйеуи оған сол тәреплерин көрсетеди❣️

@shanaraq_orayi


Репост из: “Шаңарақ” орайы
Ҳәммеси ҳаялларға байланыслы (ма)!?

@shanaraq_orayi


Репост из: “Шаңарақ” орайы
@shanaraq_orayi❤️

Өмирди басынан баслап болмайды. Бирақ оны басқаша дауам еттириу мүмкин🥰

#Бүгин_өзгер❣
#Бүгин_өзгерт❣


Ассаламу әлейкум каналымыздың әзиз ағзалары🥰 

Күниңиз кеуилли өтсин 🌹

👨‍👩‍👧‍👦@shanaraq_orayi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Кешиңиз ҳам туниңиз хайырлы болсын

@shanaraq_orayi


Репост из: “Шаңарақ” орайы
☝️💚

💧Суўсыз өмир жоқ, организмимиздиң 70 пайызы суўдан ибарат, инсан аўқатланбай ҳәптелеп жасаўы мүмкин, бирақ суўсыз 3 күннен артық жасай алмайды.
❗️Бирақ, ҳәр қанша шөллеген болмаң, ҳәдден артық суў ишиў кеўлиңизди айнытады 🥴 және асқазаныңызға сыятуғынынан артығын ише алмайсыз да. 🙅🏻

Өмирлик жолдасыңызды тергеўде де тап сол сыяклы, дурыс оны жақсы көргениңиз ушын тергейсиз, бирақ жүдә ҳәдден аса кетсе, бул оны хапа етиўин, ҳәр тәреплеме қысып таслаўын, өзиңизден безиб кетиўине себепши болыўы мүмкинлигин ядыңызда тутың.❣️

Ҳәр нәрседе өлшем болған жақсы.⚜️

@shanaraq_orayi


Репост из: “Шаңарақ” орайы
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


"Ўақытқа салып қой, ўақыттың өзи даўалайды" - ШЫНЫНДА ЎАҚЫТ ДАЎАЛАЙДЫ МА?

Көз алдыңызға келтириң, бир ишиўшиликке берилип баратырған танысыңыз бар. Уақыт оны бул дәрттен, яғный унамсыз иллеттен даўалайды ма?

-Жоқ, ўақыт өткен сайын көбирек ишетин, хәтте ишкенди көтере алмайтын болып қалады.

- Оны ўақыт емес, "ҚОЙ МЕНИКИ УЯТ БОЛЫП КЕТТИ, ЖОРА-ЖОЛДАСЫМА ҚАРАЙ, БУЛ ЖҮРИСИМ БОЛМАС"-сыяқлы ишки қәлеў хәм хәрекет бул жолдан қайтарады.

СИЗДЕ бир унамсыз ис болды, ўақыт дауа дедиңиз..
Түсиниң сол исти қайта ойлап өзиңизди қыйнай беретуғын, бул болса көбирек өзиңизди езиуге алып келетуғын болса, онда ЎАҚЫТ СИЗГЕ ДАЎА болмайды.

СИЗ САНАЛЫ ТҮСИНИП ЖЕТКЕНИҢИЗДИ, ПИКИРЛЕРДИ, КӨЗ-ҚАРАСЫҢЫЗДЫ ДУРЫСЛАҒАНДА СИЗ "ДАЎА" ТАПҚАН БОЛАСЫЗ💚

@shanaraq_orayi❤️


Репост из: “Шаңарақ” орайы
@shanaraq_orayi❤️

Машқала яки сынаулар жоқ болатуғын өмирди хеш қашан күтпең.

Себеби өмир аңсатласпайды, тек Сиз күшейип барыуыңыз мүмкин☝️

#Пикир_қылың🔆


Репост из: Yulduzxon ✨
❕Өмирде еки нәрсеге исенбе:
- ер жигиттиң кеўлине
- ҳаялдың көз-жасларына

❕Өмирде еки нәрсеге исен:
- ер жигиттиң көз-жасларына
- ҳаялдың кеўлине

©️Маҳбубий

@shanaraq_orayi💞


☀️Бүгинге жеттик…

❕Бирақ, кешемизден бүгинимиз не менен парықланады өзи?!

@shanaraq_orayi🌀


Ассаламу әлейкум әзизлер!

@shanaraq_orayi💖


Хайырлы кеш ҳәм хайрлы түн🥰✨

@shanaraq_orayi🌀


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Репост из: “Шаңарақ” орайы
Көлсиз бе яки дәрья?

Көл – жүдә тыныш, бирдейлик ҳүким сүреди. Көлге ылақтырылған тастың суўға түскени, көлдиң ҳалатын өзгертпейди, көл суўы оны қабыл еткенин көресиз.
Көл, Сизиңше қанша тасты қабыл етеди сол ҳалатында?

Дәрья – бир қарасаңыз тыныш ҳалда, және бир қарасаңыз толқып тасқан. Дәрьяға ылақтырылған тасты шаўқым менен қабыл етилип, толқынлар алдыңызға әкелип таслаўдың ҳәрекетин етеди, ҳеш болмаса толқынлары арқалы жуўап береди, өзиниң бар екенлигин сол арқалы билдиреди.

Дәрья өз жолына, өз тәсирине ийе. Дәрьяға суў қуйылады яки ол қайсы бир суўға тутасады, қулласы өзин тазалаўдың жолын табады.


Айрым инсанлар бар, ҳәр нәрсеге көниўши. Дурыс көнген жақсы, бирақ өзлигинен кешип көнген дурыс па?!, биреўлер ушын өзин умытыў қаншели дурыс, қанша тасты жута алар екен демекшимен, бир күни бул көл өзин тазалап турмағанына өкинбесбекен?!

Айрым инсанлар бар дәрья сыяқлы, толқып тасып жасайды, қолында көп зат болмаўы мүмкин бирақ бериўден тоқтамайды, кимгедур тынышлық, кимгедур дәртлерин босатыў имканын береди, қараған көзлерди қуўантады, толса тасады, өзин тазалап турыўды умытпайды, өзлигин умытпайды

@shanaraq_orayi🌊


Репост из: “Шаңарақ” орайы
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Репост из: “Шаңарақ” орайы
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
@shanaraq_orayi

Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы "Педагогика, психология ҳәм тәлим технологиялары" кафедрасы оқытыӯшысы, "Шаңарақ" орайы ағзасы Малика Розиқова.

#Перзент_тәрбиясы👨‍👩‍👧‍👦


😇 Бүгин сынаўлардасыз ба?
🙂Уўайымламаң!
👍Ашшыны татпаған, мазалының не екенлигин билмейди!

💝Бәри жақсы болады яки бәри жақсылыққа!

@shanaraq_orayi🪽


Ассаламу әлейкум нурлы жүзлилер!

@shanaraq_orayi🍃

Показано 20 последних публикаций.