Қыйтақ жер ҳәм дийқаншылық жерлеринде жоқары дәраматлы егинлер жетистириў бойынша жаңа басламалар көтерилдиПрезидент Шавкат Мирзиёев 30-январь күни қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы қыйтақ жер ҳәм дийқаншылық жерлеринде жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа қолайлы егинлерди егиў, олардың есабын жүргизиў ҳәм қаржыландырыў бойынша жаңа басламаларды
мәлим етти.Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жерди раўажландырыў бойынша өз алдына кеңес дүзиледи. Ол пуқараларды оқытыўдан баслап, туқым, нәл жеткерип бериў, өним жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортқа шығарыў шынжырын жаратыў менен системалы шуғылланады.
Ақырғы үш жылда 260 мың гектар жер пуқараларға бөлип берилген еди. Енди бул жетилистирилип, Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Жиззах ҳәм Ташкент ўәлаятында бос турған 3 мың 300 гектар жер тәжирийбе сыпатында жаңа тәртипте ижараға бериледи. Онда, контурлар 3 гектардан 50 гектарға шекемги пүтин ҳалда саўдаға шығарылып, 49 жылға ижараға бериледи.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы аймақлардағы уста дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери менен сөйлести. Олардан бири - ҳәўлисиндеги ыссыханада жылына 4 мәрте өним алып, жоқары дәрамат алып атырған қарақалпақстанлы Генжимурат Турдимуратов "Дўстлик" орденине мүнәсип деп табылды.
Жуўапкерлер ҳәм банк басшылары усы жаңа басламаларды енгизиў, 1 миллион 500 мың пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәлимлеме берди.
—
Томорқа ва деҳқончилик ерларида юқори даромадли экинлар етиштириш бўйича янги ташаббуслар илгари сурилдиПрезидент Шавкат Мирзиёев 30 январь куни томорқада ва ижарага берилган экин ерларида даромадли маҳсулот етиштиришнинг янги тизими бўйича йиғилиш ўтказди.
Давлатимиз раҳбари томорқа ва деҳқончилик ерларида юқори даромадли ва экспортбоп экинлар экиш, уларнинг ҳисобини юритиш ва молиялаштириш бўйича янги ташаббусларни
маълум қилди.Деҳқон хўжаликлари ва томорқани ривожлантириш бўйича алоҳида кенгаш тузилади. У аҳолини ўқитишдан тортиб, уруғ, кўчат етказиш, маҳсулот етиштириш, қайта ишлаш ва экспортга чиқариш занжирини яратиш билан тизимли шуғулланади.
Охирги уч йилда 260 минг гектар ер аҳолига бўлиб берилган эди. Энди бу такомиллаштирилиб, Қорақалпоғистон Республикаси, Андижон, Жиззах ва Тошкент вилоятида бўш турган 3 минг 300 гектар ер тажриба тариқасида янгича тартибда ижарага берилади. Бунда, контурлар 3 гектардан 50 гектаргача яхлит ҳолда савдога қўйилиб, 49 йилга ижарага берилади.
Йиғилишда давлатимиз раҳбари ҳудудлардаги уста деҳқонлар ва томорқа эгалари билан мулоқот қилди. Улардан бири – ҳовлисидаги иссиқхонада йилига 4 марта ҳосил олиб, юқори даромад топаётган қорақалпоғистонлик Генжимурат Турдимуратов “Дўстлик” орденига лойиқ кўрилди.Мутасаддилар ва банк раҳбарлари ушбу янги ташаббусларни жорий қилиш, 1 миллион 500 минг аҳоли бандлигини таъминлаш масалалари бўйича ахборот берди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube