❓
Кимлер мийнет дем алысын узайтыў ямаса басқа ўақытқа көшириў ҳуқықына ийе?
✅ Мийнет кодексиниң 229-статьясына муўапық, хызметкерлер төмендеги жағдайларда ҳәр жылғы мийнет дем алысын
узайтыў ямаса басқа ўақытқа көшириў ҳуқықына ийе:🔹ўақытша
мийнетке жарамсызлық дәўиринде;
🔹
ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысының мүддети басланғанда;
🔹мийнет дем алысы
оқыў дем алысына туўры келип қалғанда;
🔹мәмлекетлик ямаса жәмийетлик
миннетлерди орынлап атырғанда (егер нызамшылықта бундай миннетлерди орынлаў ушын жумыстан азат етиў нәзерде тутылған болса);
🔹жәмийетлик келисимлерде ямаса шәртнамада
белгиленген басқа жағдайларда.
❗️Егер жыллық мийнет дем алысынан пайдаланыўға
тосқынлық етиўши себеплер дем алыс басланыўына шекем пайда болған болса, хызметкер менен жумыс бериўши ортасында
келисимге муўапық дем алыстан пайдаланыўдың
жаңа мүддети белгиленеди.
⚠️ Ал егер бундай себеплер
дем алыстың ўақтында пайда болса, дем алыс
сол күнлер санына узайтырылады ямаса хызметкер менен жумыс бериўшиниң келисимне тийкар дем алыстың пайдаланылмай қалған бөлеги
басқа ўақытқа көшириледи.
📝 Хызметкер дем алыстан пайдаланыўға
тосқынлық етиўши жағдайлар ҳаққында жумыс бериўшиге
жазба түрде хабар бериўи шәрт.
♻️ Егер жумыс бериўши хызметкерди оның мийнет дем алысы ҳаққында кеминде
15 күн алдын ескертпесе ямаса мийнет дем алысы басланғанға шекем
мийнет дем алысы пулын төлемесе, хызметкердиң арзасына муўапық мийнет дем алыс
басқа ўақытқа көшириледи.👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында