Бозатаў районы ҳәкими тайынландыБүгин 16-ноябрь күни халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
Сессия күн тәртибинде Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Режесин тастыйықлаў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Бозатаў районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы бийлигин тастыйықлаў мәселелери көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда Бозатаў районы ҳәкими лаўазымына Уббиниязов Батырбек Онгарбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
Сессияда Уббиниязов Батырбек Онгарбаевич Бозатаў районы ҳәкими етип тайынланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Б.Уббиниязов мийнет жолы даўамында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.
Ол бүгинги күнге шекем Мойнақ районы ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.
Усыныӊ менен халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН 👈 каналымызға қосылың!