Jasilawil


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Природа


Ushbu kanal Qoraqalpog'iston qishloq xo'jaligi platformasini bir qismidir: websayt (greenaral.uz) va ilova (Jasilawil)

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Природа
Статистика
Фильтр публикаций


Ассалаўма алейкум қәдирли жеңилпазлар. Сиз бизиң Jasilawil BDP платформамыздан пайдаланып, консультантларға сораў жоллап, конкурсымыз жеңилпазына айландыңыз.

Сейтекова Миуагул - Телефон
Яхшибоев Шавкат - Power bank
Шаймарданов Зафар - Power bank

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


#Экспортбап егин сортлары

🌱 Ноқат

- Егиў мүддети:
- Орайлық ўәлаятларда 20 -30 март,
- Қубла ўәлаятларда 1-10 март,
- Арқа ўәлаятларда 1 апрельге шекем.

- Егиў схемасы:
60 х 10 см, 60 х 15 см.

- Експортбоп түрлер:
Жергиликли түрлер: Жахонгир, Лаззат, Полвон.

Жаңалықларды гүзетип барың ҳəм барлық мағлыўматлардан хабардар болың!


🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


#Экспортбап егин сортлары

🌱 Мәш

- Егиў мүддети:
- Орайлық ўәлаятларда 1-10 апрель,
- Қубла ўәлаятларда 20 март - 5 апрель,
- Арқа ўәлаятларда 10 -20 апрель.

- Егиў схемасы:
60 х 5 см.

- Суўғарыў:
1-2 рет,
Суўғарыў нормасы: 600-700 м³/га.

- Экспортбап түрлер:
Жергиликли түрлер: Дурдона, Зилола, Осиё.

Жаңалықларды гүзетип барың ҳəм барлық мағлыўматлардан хабардар болың!

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


#Экспортбап егин сортлары

🌱 Лобыя

- Егиў мүддети:
- Орайлық ўәлаятларда 1-10 апрель,
- Қубла ўәлаятларда 20 март - 5 апрель,
- Арқа ўәлаятларда 10 -20 апрель.

- Егиў схемасы:
60 х 20 см, 60 х 15 см.

- Суўғарыў :
2-3 рет,
Суўғарыў нормасы: 550-650 м³/га.

- Экспортбап түрлер:
Жергиликли түрлер: Алтыншаш, Алтын ;
Шет ел түрлер: Сориал F1, Колорадо F1.

Жаңалықларды гүзетип барың ҳəм барлық мағлыўматлардан хабардар болың!


🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


🌿 Жасылаўыл (GreeAral) — Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы ҳәм қоршаған орталықты қорғаў және оны раўажландырыў ушын платформа. Онда сиз аўыл хожалығына байланыслы онлайн мәсләҳәтлер, оқыў бағдарламасы ҳәм пайдалы мағлыўматларға ийе боласыз.

📊 Ҳәзирги ўақытта платформамызда 1625 пайдаланыўшы бар.

🌟 Жасылаўыл пайдаланыўшылары ушын таңлаў жәриялаймыз. Таңлаў 10-декабрьден 5-январьға шекем даўам етеди.

🥇 1-орынға Samsung телефоны;
🥈 2-орынға Powerbank;
🥉 3-орынларға Powerbank.

Таңлаў шәртлери:

Бағдарламаны жүклеп алың;
«Онлайн мәсләҳәтлер» бөлиминде тиккелей мәсләҳәтши менен байланысың ҳәм өзиңизди қызықтырған сораўларға жуўап алың;
Қаншелли көп мәсләҳәт алсаңыз, соншелли көп жениске ерисиў имканиятына ийе боласыз.

Сизди қызықтырған сораўларға жуўап алың ҳәм саўғаларға ийе болың.


Сайт | PlayMarket | AppStore


Репост из: Kun.uz | Расмий канал
🌿Jasılawıl (GreenAral) - Қорақалпоғистон Республикасида қишлоқ хўжалигини ривожлантириш платформаси ТАНЛОВ эълон қилади!

🌟Платформада қишлоқ хўжалигига оид маслаҳатлар, ўқув дастури ва фойдали маълумотларга эга буласиз.


🏆 Дастурни юклаб олинг, "Онлайн маслаҳатлар " бўлимидан сизни қизиқтирган саволларга жавоб олинг ва совғаларга эга бўлинг.

Ҳаволалар:
Сайт | Play market | App store

Реклама


#Жаңалықлар

🇺🇿🍒 Өзбекстаннан шийе 16 мəмлекетке экспорт етилди

Өзбекстанда шийе өндиристиң тийкарғы регионында быйылғы жылда маркетинг дəўири әдеттегиден дерлик бир ай қысқарак болды. 2024 жылдың бəҳəри болса суўық ҳəм жаўын-шашынлы болып, бул көплеген мийўелер, атап айтқанда шийениң писиўин кешиктирди жəне оның сапа параметрлерине унамсыз тəсир көрсетди.

Усы жылдың январынан августына шекем Өзбекстан 32,2 мың тонна шийе экспорт етип, $70,4 миллион дəрамат алды.

Статистика агентлиги мағлыўматларына көре, өткен жылдың сол дəўири менен салыстырғанда, шийе экспортының муғдары $17,5 миллионға асды.

Тийкарғы импортёр Россия болып, оған 25,4 мың тонна шийе жеткерип берилди. Казахстан 3,5 мың тонна, Қырғызстан болса 2,7 мың тонна шийе сатып алды.

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


Экспортбап егин сортлары

🌱 Брокколи

- Егиў мүддети:
- Ерте мүддет:
Қубла ўәлаятларда 10 -15 февраль,
Орайлық ўәлаятларда 25 февраль - 10 март,
Арқа ўәлаятларда 15-30 март.

- Орта мүддет:
Қубла ўәлаятларда 10 -15 май,
Орайлық ўәлаятларда 15 апрель - 1 май,
Арқа ўәлаятларда 1-15 май.

- Кешки мүддет:
Қубла ўәлаятларда 1-15 август,
Орайлық ўәлаятларда 15 июнь - 10 июль,
Арқа ўәлаятларда 25 май - 5 июнь

- Егиў схемасы :
70 х40 см; 90 х40 см.

- Суўғарыў:
Ерте мүддетте 8-10 рет,
Орта мүддетте 14-15 рет,
Кешки мүддетте 10 -12 рет суўғарылады.
Суўғарыў нормасы: дәслеп 600-700 м³/га, кейингилери 450-500 м³/га.

- Экспортбап сортлар:
Шет ел түрлер: Айронмен Ғ1, Фиеста Ғ1, Агасси Ғ1,
Наксос Ғ1, Атлантис F1, Квинта F1, Тибурон F1, Наксос F1.

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


📢 Ҳүрметли фермерлер! Жасыл аўыл каналына хош келипсиз!

Жасыл аўыл - Қарақалпақстандағы барлық аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларын бирлестиретуғын платформа.

Ол сизге пайдалы материаллар, бизнес мағлыўматлары ҳəм онлайн мəслаҳəт хызметлерин алыўда жəрдем береди!

Барлық мағлыўматлар қарақалпақ, өзбек, орыс ҳəм инглиз тиллеринде усыныс етиледи.

📊 Ҳəзирде платформамызда 1625 пайдаланыўшы бар.


🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


Репост из: Growz
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Мутахассислардан фойдали маслаҳатлар! ✅

Қисқа видеони охиригача кўринг ва 19.10.2024да Youtube каналимизда соат 19:30да чиқадиган тўлиқ суҳбатни ўтказиб юбормаслик учун бизга обуна бўлинг. 👈

🌳 @uzagromart

Бизнинг ижтимоий тармоқларимиз!


#Жаңалықлар

🇺🇿 Теплицалар электр энергиясы ҳəм газ үзилиси ҳаққында алдынан хабар береди

Октябрьден декабрьге шекем теплийа хожалықлары ушын газгеа болған алдынғы төлем еки бөлекке бөлинеди. Бул илажлар теплица өндириўшилерин қоллап-қуўатлаўға көмеклеседи.

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


#Экспортбап егин сортлары

🌱 Гулкарам

- Егиў мүддети:
- Ерте мүддет:
Қубла ўәлаятларда 10 -15 февраль,
Орайлық ўәлаятларда 25 февраль - 10 март,
Арқа ўәлаятларда 15-30 март.

- Орта мүддет:
Қубла ўәлаятларда 10 -15 май,
Орайлық ўәлаятларда 15 апрель - 1 май,
Арқа ўәлаятларда 1-15 апрель.

- Кешки мүддет:
Қубла ўәлаятларда 1-15 август,
Орайлық ўәлаятларда 15 июң - 10 июлб,
Арқа ўәлаятларда 25 май - 5 июнь.

- Егиў схемасы :
70 х40 см; 90 х40 см.

- Суўғарыў :
Ерте мүддетте 8-10 рет,
Орта мүддетте 14-15 рет,
Кешки мүддетте 10 -12 рет суўғарылады.
Суўғарыў нормасы: даслеп 600-700 м³/га, кейингилери 450-500 м³/га.

- Экспортбап сортлар:
Шет ел сортлар: Каспер, Роки F1, Юкон F1,
Алтамира F1, Севилла F1.

Жаңалықларды гүзетип барың ҳəм барлық мағлыўматлардан хабарлы болың!

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


#Тоқсанбасты_усылында

Гешир жетистириўдиң абзаллық тəреплери

Қадимдан дехқонларимиз томонидан қўлланиб келаётган “Тўқсонбости” усули совуққа чидамли бўлган сабзавотлардан эртарок хосил олишга ёрдам беради.

-Экиш муддати қачон?

жанубий вилоятларда 1-30 декабрда
Марказий вилоятларда 15 ноябр-15 декабр
Шимолий вилоятларда эса 1 ноябр-1 декабр кунларида экиш тавсия қилинган.

“Тўқсонбости” усулида экилган сабзи май ойларига келиб ўз хосилни беради. Бу турдаги экиш усули эрта бахорда экилган савзавотларга қараганда 30-40 кунча эртарок хосил беради ва уни бозорга олиб чиқилади. Бу ахолининг сабзавотга бўлган эхтиёжини қондиришда мухим хисобланади. Бундан ташқари хосилдорлиги хам 15-20% га кўпрок бўлади.
Худудий хокимликларнинг таькидлашича 2024 йил учун 71.4 мингга яқин сабзи экинини ушбу усулда етиштириш белгилаб берилган.

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


🌱 Сапалы дефолиация ушын мәсләҳәтлер

1. Дефолиация ўақтын есапқа алың: Дефолиацияны азанда саат 11 ге шекем ямаса күнниң екинши ярымында саат 16 дан кейин өткериўге ҳəрекет етиң. Бул ўақытларда ғаўаша жапырақлары дефолиантларды жақсы сорыўы мүмкин, жəне оның тəсири жəне де күшейеди.

2. Температура ҳəм топырақ ызғарлығын қадағалаң: Температура төмен болғанда, дефолианттың нормасын асырыў, жоқары болғанда болса кемейтиў керек. Соның менен бирге, топырақ ызғарлығын сақлаў дефолиацияның нәтийжелилиги ушын зəрүрли əҳмийетке ийе.

3. Ғаўаша сортларын инабатқа алың: Дефолиация қылыўда ғаўаша сортларының қəсийетлерин жақсы билиў керек. Жапырақ шапалағы үлкен болған ғаўашалар кем тəсирлениўи мүмкин, соған қарап дефолианттың дозасын өзгертиў мақсетке муўапық болып табылады.

4. Алдыңғы усыллардан пайдаланың: Егер ҳаўа температурасы қəпелимде өзгерислерди көрсетсе, қайта дефолиация қылыў керек болыўы мүмкин.

Жаңалықларды гүзетип барың ҳəм барлық мағлыўматлардан хабарлы болың!

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


Гидропоника усылында жетистирилип атырған қулупнайға қандай азықлар керек?

🍓Қулупнай гидропоника системада жетистириў ушын ең жақсы егинлерден бири болып табылады. Бул болса, одан пүткил жыл даўамында өним алыў имканиятын береди.

✅Бул процесс өсимликти туўры азықлантырыў зəрүрли есапланады. Бунда тийкарғысы өсимликлерге көп муғдарда азот, калий ҳəм фосфор менен төгинлеў керек.

➖Қулупнай ушын зəрүр болған элементлери кальций, магний ҳəм алтынкүкирт өз ишине алады. Буннан тысқары, хлор, кобальт, мыс, марганец, молибден ҳəм цинк муғдары талап етиледи.

📌Тағы бир зəрүрли жағдай мынада, егин раўажланыў ўақытында төмен ығаллық турақлы түрде тəмийинлениўи керек. Бунда жақтылықтың да орны жоқары. Қулупнайға күнине 12-16 саатға шекем қуяш нуры зəрүр.

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


Зейтун терегин егиў ҳəм күтиминде нелерге итибар бериў керек?

🫒 Зейтун - зейтунлар шаңарағына киретуғын өсимликлер тайпасына киреди. Ол Орта жер теңизи ҳəўизиндеги ең зəрүрли мийўели тереклерден бири есапланады.

🌳 Зейтун тереги 4-12 метр бийикликке шекем өседи. Оның мийўесинде 30% ге шекем май, белок, витамин С ҳəм каротин бар. Соның менен бирге, ол суўсызлыққа шыдамлы, 13-18°С суўыққа шыдам бере алады. Итибарлысы, зейтун 300-400 жыл, айырым түрлери 1000 жылға шекем жасайды. Өнимли, қумлы ҳəм ҳәкли топрақларда болса жақсы өседи ҳəм раўажланады.

ℹ️Бул өсимлик туқымларынан, қəлемшелеринен, бүртиклеринен ҳəм сабыў жолы менен көбейтириледи. туқымлары топыраққа егилгенде жүдə кеш көгерип шығыўын есапқа алып, бәринен бурын ызғар қумға көмген ҳалда көгертип, кейин егиў керек. Сонда раўажланыўы тезлеседи.

❄️Зейтунға -10°С ден төмен болған суўық ҳаўа унамсыз тəсир етиўи мүмкин. Нəтийжеде жапырақлары ҳəм қабығына зəлел жетеди ҳəм төгилиўди баслайды. Ҳəдден тыс ызғар температура терек түбирин ширитиб жиберип, теректи түрли кеселликлерге дүс етеди.

🌲 Сондай екен, дəрамат ҳəм шыпа келтиретуғын бул теректи ықтыятлылық пенен күтимлеў зəрүр. Оны тəбийий органикалық элементлер, мулча ҳəм компост менен тойындырып барыў усыныс етиледи.

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


Репост из: НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
Нызамсыз салы еккен фермерге шара көрилди..ме?

Социаллық тармақларда Төрткүл районындағы “Кўна-Тўрткўл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында нызамсыз салы егилгенлиги туўралы тарқалған видеоматериалға район ҳәкимлиги рәсмий мағлыўмат берди.

Толық мағлыўмат

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


📣 Ҳүрметли журналистлер, блогерлар ҳəм фотосүўретшилер!
🆘Аралбойындағы экологиялық дағдарыстың унамсыз ақыбетлерине итибарды қаратыў ҳəм халықтың актуал экологиялық мəселелерден хабарлылығын асырыў мақсетинде исленген «Аралбойы региониндеги экологиялық дағдарыстың унамсыз ақыбетлери» таңлаўында қатнасыўға усыныс етемиз.

📂2 жөнелис бойынша өз жойбарларыңызды тапсырың:
✅“Тəбият нəзери: ең жақсы фотосүўрет”
✅“Тəбият даўысы: ең жақсы экологиялық мақала”

💻 Ҳəр бир жөнелис жеңимпазлары ноутбук, фотокамера ҳəм смартфонлар менен сыйлықланады.

👉Толығырақ: https://go.undp.org/43L


Қус шешеги кеселлиги. Ол қандай кешеди, емлеў мүмкин бе?

🐓Қус шешеги - контагиоз кеселлик болып, теринде айрықша шешек гүл пайда болыўы, аўыз бослығында силекей пердениң исиўи, жоқары дем алыў жоллары зыянланыўы ҳəм конъюктивитлар пайда болыўы менен характерленеди.

Бул кеселлик таўықлардың бас бөлегинде, кекилинде, сырғаларында, қулақларында өсимтелердиң раўажланыўына алып келеди. Қус организмине вирус түскеннен кейин қанында көбейиўди баслайды. Нəтийжеде пүткил дене зыянланыўды баслайды.

Кеселликтиң даўам етиўи 3-4 ҳəптени қурайды. Бул ўақыт даўамында мəйек туўыў кескин түсип, дене арықласып барыўы мүмкин.

Таўықлардағы бул жағдайды жақсылаў ушын бәринен бурын палликульяр усылда ваксинациялаў талап етиледи. Күнлик азықланыў рационына айрықша итибар қаратыў керек болады. Кеселлик ўақтында анықланып, емлеў асығыслық пенен əмелге асырылмаса таўық набыт болыўы мүмкин.

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store


Қашқадəрялылар наўқаншылықда да алдында

Қашқадəря ўәлаяты Миришкор районындағы наўқаншылар мəўсим басынан баслап, 1332 қуты наўқан қуртын күтимлеўге киристи.

Шийки зат қабыллаў мəканына пландағы 86 тонна жоқары сапалы наўқанды жеткизиўди жоба еткен.

Алдыңғы ҳəм басламашы наўқаншыларымыз быйылғы жылы да бириншилерден болып, наўқан тапсырыў мəўсимин баслап берди.

Атап айтқанда, əмелдеги мəўсим “Бостан” аймағындағы 16 бөлип алып ислеўши наўқан күтимлеп, шəртнамалық режеге тийкарланып 1442 кг өним тапсырып, районда биринши болып режени орынлады.

🌿@jasilawil

Web-site | Play market | App store

Показано 20 последних публикаций.