#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Физикалық шахсларға мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем кѳрсетиледи
Ҳүкимет Қарары (774-санлы, 21.11.2024 ж.) менен Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем кѳрсететуғын адвокатларды тартыў ҳәм оларға ҳақы тѳлеў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды
⚡️ Реже менен мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем кѳрсететуғын адвокатларды тартыў ҳәм оларға ҳақы тѳлеў тәртиби белгиленди.
🔰Режеге бола, мәмлекет есабынан кѳрсетилетуғын юридикалық жәрдем – Нызамда белгиленген тәртиплер ҳәм шәртлерге муўапық мәмлекет есабынан толық ямаса бир бѳлеги кѳрсетилетуғын, физикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған маманлы юридикалық жәрдем есапланады.
🗒Тѳмендеги физикалық шахсларға мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем кѳрсетиледи:
1️⃣ кем тәмийинленген шахслар, егер олар:
➖пуқаралық ислери бойынша даўагерлер ямаса жуўапкерлер;
➖ ҳәкимшилик ислери бойынша арзашылар;
➖ ҳәкимшилик қамақ тәризиндеги ҳәкимшилик жаза нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты әмелге асырған шахслар;
➖жынаят ислери бойынша айыпланыўшылар, судланыўшылар гуманланыўшылар болса;
2️⃣ психологиялық жағдайы бузылған физикалық шахслар, оларға “Психиатрия жәрдеми ҳаққында”ғы Нызамға муўапық психиатрия жәрдеми берилип атырғанда;
3️⃣ өз ҳуқықлары бузылған, “Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм де имканиятлар кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамда нәзерде тутылған ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлылығы бузылғанлығы мунәсибети менен судқа мүрәжат еткен физикалық шахслар;
➡️Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў ушын физикалық шахслар экстерриториаллық принципи тийкарында әдиллик бѳлимине аўызеки, жазба ҳәм электрон түрде мүрәжат етеди:
🔹электрон түрдеги мүрәжатлар Бирден-бир идентификация системасынан (OneID) дизимнен ѳткен түрде, “Юридикалық жәрдем” мәлимлеме системасы арқалы жибериледи.
🔹аўызеки ҳәм жазба мүрәжатлар тийисли әдиллик бѳлими тәрепинен мүрәжат келип түскен күнниң кейинги жумыс күнинен кешиктирмей системаға киргизиледи.
♻️Адвокатқа белгиленген муғдарда ҳақы тѳлениўи менен бирге хызмет сапары ҳәм транспорт қәрежетлери адвокат шәртнама дүзген орыннан 50 км аралықтан узақ болған аймақа юридикалық жәрдем кѳрсетилген жағдайларда қапланады.
Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme