Huqıqıy málimleme QR ️️


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Право


Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.
▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Право
Статистика
Фильтр публикаций


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Айырым дийқанларға 100 миллион сўмға шекем субсидия ажыратылады


✔️Пәрманға көре, Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан төмендеги финанслық қоллап-қуўатлаў тәртиплери енгизиледи:

▪️ҳәр жылы 500 мәҳәлледе биреўден халық қыйтақ жеринде әмелге асырылған ең үлгили ҳәм инновациялық жойбар ушын БЕМның 100 есесинен аспаған муғдарда грантлар ажыратылады;

▪️уста дийқанлар тәрепинен қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын ҳәр бир курс ушын БЕМның 15 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратылады;

▪️белгили бир мәҳәлледеги 50 процент шаңарақлардың қыйтақ жеринде экспортқа жарамлы өним жетистириўди жолға қойып берген шебер дийқанларға 100 миллион сўмға шекем субсидия ажыратылады;

▪️қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары ҳәм оларға хызмет көрсетиўши субъектлерге коммерциялық банклер арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, оларды қайта ислеў, кептириў, сақлаў ҳәм қадақлаў жойбарлары ушын 2 жылға шекем жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке Орайлық банк тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пункт жоқары ставкада (соннан 5 процент банк маржасы) кредитлер ажыратылады;

▪️халық қыйтақ жерлери ҳәм ижара жерлеринде ықшам музлатқышлы қоймаханалар, қадақлаў, кептириў ҳәм қайта ислеў үскенелери, таяр болған ыссыханалар 24 айлық жеңиллетилген дәўир менен 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен лизингке бериледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине қосымша ўазыйпа ҳәм функциялар жүкленди


"Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары жумысында заманагөй шөлкемлестириў системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-22-санлы, 14.02.2025-жыл) қабыл етилди.

⚡️️Пәрманға көре, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Өзбекстан фермерлери кеңеси етип қайта аталды.

✔️ Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине дийқан хожалықлары ҳәм халық қыйтақ жерлерин раўажландырыў менен байланыслы төмендеги қосымша ўазыйпа ҳәм функциялар жүкленди, атап айтқанда:

🔹халықтың қыйтақ жерлери ҳәм дийқан хожалықларындағы жер майданларын толық хатлаўдан өткериў ҳәм оларда жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң есабын жүргизиў ҳәм "Online mahalla" платформасында анық ҳәм толық мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;

🔹район ҳәм мәҳәллелердиң қәнигелесиў бойынша потенциалы ҳәм имканиятларынан келип шығып, қыйтақ жерлерде жоқары дәраматлы өнимлер жетистириўди жасыл ҳәм инновациялық көзқараслар тийкарында шөлкемлестириў арқалы халықтың жоқары дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды кәмбағаллықтан шығарыў.

📁Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары жумысын раўажландырыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша кеңес дүзилди.

️🗂 Фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанында Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️"Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылына мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди


Дерек: ПП-16-санлы, 30.01.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Жаңа түрдеги финанслық жәрдемлер енгизиледи


🔰 Қарарға көре, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын төмендеги жаңа түрдеги финанслық жәрдемлер енгизиледи:

🔹еркинен айырыў жазасын өтеп болған пуқараларға олар тәрепинен исбилерменлик, архитектура, өнерментшилик сыяқлы бағдарлардағы анық жойбарлар әмелге асырылыўы ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң кем муғдарының 10 есесине шекемги муғдардағы субсидиялар;

🔹өзин-өзи бәнт етпекши болған жумыссыз пуқараларды ямаса кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын жумысты үйге бөлип алып ислеўши сыпатында жумысқа алған исбилерменлерге олардың айланыс қаржыларын толтырыў ушын ҳәр бир тартылған жумысты үйге бөлип алып ислеўши ушын БЕМның 10 есесине шекемги муғдардағы 3 жылға шекемги мүддетке процентсиз ссудалар;

🔹кәмбағал шаңарақ ағзаларына өз жумысын баслаўы ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алыўға БЕМның 50 есесине шекемги муғдардағы 6 айдан 3 жылға шекемги мүддетке процентсиз ссудалар;

🔹кәмбағал шаңарақларға дийқаншылық ҳәм бағманшылықты шөлкемлестириў ушын дийқан хожалықларына суў қудықларын бураўлаў, насос агрегатларын сатып алыў, тамшылатып суўғарыў системасын орнатыў ҳәм электр тармақларын тартыў ушын 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен БЕМның 200 есесине шекемги муғдардағы 5 жылға шекемги мүддетке процентсиз ссудалар;

🔹мәҳәллелердиң қәнигелесиўи ҳәм драйвер бағдарларынан келип шығып, өз тәжирийбесин 10 ға шекем кәмбағал шаңарақларға үйреткен ҳәм оларға турақлы дәрамат дерегине ийе болыўына жәрдем берген исбилерменлерге ҳәр бир кәмбағал шаңарақ ушын БЕМның 3 есеси, бирақ БЕМның 30 есесинен аспаған муғдардағы грантлар.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Кәмбағал шаңарақларға исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын процентсиз ссудалар ажыратылады


"Халықты исбилерменликке тартыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў ушын қаржылай жәрдемлер ажыратыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-64-санлы, 14.02.2025 ж.) қабыл етилди

️ ⚡️Қарарға көре, халықты исбилерменликке тартыў, айланба қаржылары менен тәмийинлеў ҳәм де Социаллық қорғаў бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ағзаларына өз искерлигин баслаўы ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алыўға ажыратылатуғын субсидиялар орнына процентсиз ссуда ажыратыў системасы енгизиледи.

📕 ️Халық тәрепинен қызығыўшылық билдирилмеген, узақ мүддет даўамында пайдаланылмай атырған ҳәм нәтийжелилиги төмен болған субсидиялар бийкар етиледи ҳәм бир-бирин қайталайтуғын субсидиялар бирлестириледи.

✔️ Мәҳәллелердиң қәнигелесиўи ҳәм драйвер бағдарларынан келип шығып, кәмбағал шаңарақларға исбилерменлик ҳәм дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын грант ҳәм процентсиз ссудалар ажыратылады.

🗓 2026-жыл 1-январьдан халыққа нақ пул формасында берилетуғын финанслық жәрдемлер басқышпа-басқыш социаллық карта арқалы ажыратылады.

🏢 2025-жыл 20-мартқа шекем Экономика ҳәм финанс министрлиги орайлық аппараты структурасында Субсидия, ссуда ҳәм грантлардың нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм муўапықластырыў басқармасы шөлкемлестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️"Жас исбилерменлер" санлы платформасы енгизиледи


🔰 Қарарға көре, онда нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў инструментлеринен пайдаланған исбилерменлердиң есап бетлерине бийпул хызмет көрсетиледи.

🗓 2025-жыл 1-апрельге шекем "Жас исбилерменлер" санлы платформасы енгизиледи.

📝 ️Төмендегилер әмелге асырылады:

🔹2025-жыл 1-мартқа шекем АК "Алоқабанк"тың аймақларда жаслардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў, илимий изертлеўлер ҳәм технологиялық қолланбаларды коммерцияластырыўға ҳәм қаржыландырыўға жәрдемлесиў ("Стартаплар") жойбары республиканың барлық аймақларында әмелге асырылады ҳәм жойбардың аймақлардағы бөлимлери маман кадрлар менен толықтырылады;

🔹2025-жыл 1-апрельден ҳәр айда 1 аймақта "инвестор күн"лери шөлкемлестириледи ҳәм де аймақтағы ЖООлар менен бирге ислесиў бағдарламалары жолға қойылады.

📣 Сондай-ақ, 2025-жылдың ақырына шекем:

▪️акселерация ҳәм инкубация бағдарламаларын табыслы жуўмақлаған стартаплар саны 200 ге жеткериледи;

▪️аймақларда "Жаслар бизнес-инкубаторы" орайлары шөлкемлестирилип, исбилерменлик жумысын жаңадан баслаған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм де табыслы исбилермен дәрежесине шекем раўажланыўлары ушын қосымша шараятлар жаратылады, атап айтқанда оларға таяр офислер ижараға бериледи, бухгалтерия, маркетинг, экспорт базарларына шығыў менен байланыслы комплексли хызметлер көрсетиледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Жаслар исбилерменлиги раўажландырылады


"Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-62-санлы, 14.02.2025 ж.) қабыл етилди.

⚡️️Қарарға көре, 2025-2027-жылларда төмендегилерди нәзерде тутыўшы "Жаслар бизнеси" бағдарламасы әмелге асырылады:

🔹бағдарлама шеңберинде 350 мың жас қамтып алынады, соның ишинде, 18 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған шахслар ушын кеминде 100 мың қосымша жумыс орынлары жаратылады;

🔹жас исбилерменлерге комплексли хызметлер көрсетиледи, олардың жумысын қаржылай қоллап-қуўатлаў бағдарында АК "Алоқабанк" таяныш "жаслар банкы" етип белгиленеди;

🔹Заманагөй исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў ушын жаслардың стартап ҳәм инвестициялық жойбарларына жеңиллетилген финанслық қаржылар ажыратылады;

🔹экономика тармақлары ҳәм тараўларындағы, соның ишинде, санлы технологиялар енгизилген инновациялық жойбарлар ҳәм социаллық исбилерменлик бағдарындағы қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи.

📝"Бизнеске биринши қәдем" жойбарына муўапық 18 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған социаллық салық төлеген өзин-өзи бәнт еткен физикалық шахсларға онлайн формада жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 100 млн сўмға шекем жеңиллетилген микроқарыз сыпатында ажыратылады.

✔️ "Жаслар ушын жумыс орынлары" жойбары тийкарында ЖШЖ сыпатында жумыс алып барыўшы жас пуқараларға, сондай-ақ, шөлкемлестириўшилери жас пуқаралар болған юридикалық шахс шөлкемлестирген түрде жумыс алып барыўшы киши исбилерменлердиң кеминде 20 жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутыўшы жойбарларына жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 5 млрд сўмға шекем қаржылар ажыратылады.

📜"Инновациялық жаслар" жойбары бойынша венчур фондлары арқалы жаслар қоллап-қуўатланады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️ЖОО питкериўшилериниң жумысқа жайласыўына көмеклесиўши "Келешекке қәдем" бағдарламасы әмелге асырылады


"Жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-61-санлы, 14.02.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, жоқары билимлендириў шөлкемлериниң питкериўшилерин жумысқа жайластырыўға көмеклесиўге қаратылған төмендегилерди нәзерде тутыўшы "Келешекке қәдем" бағдарламасы әмелге асырылады:

🔹өз бизнес идеяларын әмелге асырыў қәлеўи болған жоқары билимлендириў шөлкемлериниң питкериўши басқыш студентлери ушын бизнес идеяны таяр жойбарға шекем алып барыў процесинде толық жәрдемлесиў, соның ишинде, қолайлы шәртлерде қаржыландырыў;

🔹жоқары билимлендириў шөлкемлериниң питкериўши ҳәм төменги басқыш студентлери арасында тараўлар бойынша ашық таңлаўлар өткериў ҳәм жеңимпазларды жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдемлесиў.

🔘Бунда:

▪️потенциаллы жумыс бериўши шөлкемлер, соның ишинде ири кәрханалардың жоқары мағлыўматлы қәнигелерге мүтәжлигин анықлаў ҳәм қәнигелерге қойылатуғын талапларды қәлиплестириў әмелияты жолға қойылады;

▪️таңлаў жеңимпазларын потенциаллы жумыс бериўши шөлкемлердиң буйыртпасына бола индивидуал кәсиплик билимлендириў бағдарламалары тийкарында кәсипке дәслепки таярлаў илажлары қаржыландырылады;

▪️индивидуал кәсиплик билимлендириў бағдарламаларында өндирис объектлеринде әмелият өтеў ҳәм сырт елдеги жоқары билимлендириў шөлкемлеринде қысқа мүддетли оқыў курсларында қатнасыў имканияты жаратылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️ai.lex.uz - жасалма интеллект жуўап береди


Сораў: Поездда жолаўшыға билетке көре орын берилмегенде бул мәселе нызамшылықта қалай шешиледи?

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Ҳәпте даўамында қабыл етилген нызамшылықтағы жаңалықлар менен танысың:


✔️Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын мониторингтен өткериў тәртиби белгиленди ➖Дерек: (дизим саны 3605, 07.02.2025-ж.);

✔️Энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайларына қарсы гүресиў тараўында нәтийжели мәмлекетлик қадағалаў әмелге асырылады ➖Дерек: (ПП-20-санлы, 10.02.2025-ж.);

✔️Айырым кәсиплик аўқамларының бөлимшелерин есапқа қойыў тәртиби белгиленди ➖ Дерек: (МКҚ 72-санлы, 10.02.2025 ж.);

✔️Ағартыўшылық жумысын әмелге асырыў тәртиби белгиленди ➖ Дерек: (МКҚ 76-санлы, 11.02.2025 ж.);

✔️Халықты социаллық қорғаў системасы және де жетилистириледи ➖Дерек: (ПП-17-санлы, 30.01.2025 ж.);

✔️Микроқаржы банклерин шөлкемлестириўге рухсат бериледи ➖ Дерек: (ӨРН-1026-санлы, 11.02.2025 ж.);

✔️Пуқаралар жыйыны баслықларының ўәкиллик мүддети 5 жылға созылды➖Дерек: (ӨРН-1027-санлы, 11.02.2025 ж.);

✔️Инвестиция жойбарларын әмелге асырыў механизмлери жетилистириледи ➖ Дерек: (ПҚ-51-санлы, 11.02.2025 ж.);

✔️Изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи ➖Дерек: (ПҚ-48-санлы, 10.02.2025 ж.);

✔️Мектеп оқыўшыларын кәсип-өнерге оқытыўда исбилерменлерди тартыў тәртиби белгиленди ➖Дерек: (МКҚ 78-санлы, 11.02.2025 ж.).

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


️#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Айырым кәсиплик аўқамларының бөлимлерин есапқа қойыў тәртиби белгиленди


Ҳүкимет қарары (72-санлы, 10.02.2025 ж.) менен "Юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимлерин ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин есапқа қойыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды

🔰Реже юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимшелерин ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин есапқа қойыў тәртибин белгилейди.

️📝Юридикалық шахс статусына ийе болған кәсиплик аўқамларының бөлимшелери өз алдына нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериледи.

️🖥Бөлим ҳәм басланғыш шөлкемди есапқа қойыў бойынша мәмлекетлик хызмети Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң электрон платформасы ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы көрсетиледи.

️ 🚫Бөлимшени ҳәм басланғыш шөлкемди есапқа қойыў ушын жыйым өндирилмейди.

️🗓Бөлим ямаса басланғыш шөлкемди есапқа қойыў ҳаққындағы сораўнама дизимнен өткериўши уйымға келип түскен күннен баслап 10 жумыс күнинде көрип шығылады.

📜Сораўнаманы көрип шығыў нәтийжелери бойынша дизимнен өткериўши уйым тәрепинен бирлеспени ямаса басланғыш шөлкемди есапқа қойыў ямаса есапқа қойыўды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етиледи.

📋 Дизимнен өткериўши уйым тәрепинен есапқа қойылған бөлимлер ҳәм басланғыш шөлкемлер реестри жүргизиледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Шет ел базарына шығыў имканиятына ийе болған стартап жойбарларға 2 миллиард сўмға шекем қаржы ажыратылады


🔰Қарарға көре, инкубация ямаса акселерация бағдарламасын табыслы жуўмақлаған ҳәм де стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын өткерилген абырайлы таңлаўларда жеңимпаз (сыйлы орын иеси) болған стартап жойбарларға төмендеги бағдарлар бойынша венчур фонды тәрепинен 2 миллиард сўмға шекем инвестиция қаржылары олардың устав фондына үлес сыпатында киргизиў арқалы ажыратылады:

🔹Перспективада табысқа ерисиў потенциалы жоқары болған үлги модельди ислеп шығыў процессиндеги стартап жойбарға - 500 миллион сўмға шекем;

🔹Өзбекстан базарында табыслы енгизилген стартап жойбарға - 1 миллиард сўмға шекем;

🔹шет ел базарына шығыў имканиятына ийе болған стартап жойбарға - 2 миллиард сўмға шекем;

️ 🏢Саўда-санаат палатасы ҳәм де орынлардағы ҳәкимликлер:

🏷Қор тәрепинен қоллап-қуўатланатуғын бизнес жойбарлардың раўажланыўына көмеклесиў ушын жеке жуўапкер етип белгиленеди;

🏷️ҳәр шеректе жоқары қосымша қун жарататуғын бизнес жойбарларды қаржыландырыў ушын Қорға усыныслар киргизип барады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Инсан өмири ҳәм денсаўлығына жоқары қәўип салыўшы факторлар реестри ашық түрде жүргизиледи


Ҳүкимет қарары (66-сан, 06.02.2025 ж.) менен "Инсан өмири ҳәм денсаўлығына жоқары қәўип туўдырыўшы факторлар реестрин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды

🔰 Нызам Инсан өмири ҳәм денсаўлығына жоқары қәўип салыўшы факторлар реестрин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў тәртибин белгилейди.

🏢Бул реестр Әдиллик министрлиги тәрепинен "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасында ҳәмме ушын ашық түрде белгиленген формада жүргизиледи.

✔️ Реестрди қәлиплестириў ҳәм жүргизиў қадағалаўшы уйымлар тәрепинен инсан өмири ҳәм денсаўлығына жоқары қәўип салыўшы факторлар дизимин дүзиў ҳәм тастыйықлаў, оларды қайта көрип шығыў ҳәм жаңалап барыўды өз ишине алады.

▶️ Сондай-ақ, инсан өмири ҳәм денсаўлығына жоқары қәўип салыўшы тәкирарланатуғын ҳәм актуаллығын жойтқан факторларды бийкарлаў ҳәм жәриялап барыў процесслерин қамтып алады.

📌 Реестрди жүргизиўдиң тийкарғы мақсетлери төмендегилер есапланады:

▪️қадағалаўшы уйымлар жумысында нызамлылық ҳәм ашықлықты тәмийинлеў;
▪️исбилерменлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў;
▪️исбилерменлердиң жумысын нызамсыз тоқтатыў жағдайларының алдын алыў;
▪️мәмлекет тәрепинен қадағалаў системасының есап бериўшилиги ҳәм ашықлықты тәмийинлеў.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Халыққа берилген ипотека кредитлерин қайта қаржыландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратылады


Нызам (ӨРН-1028-сонлы, 12.02.2025 ж). менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

🔰Нызам менен "Ипотека ҳаққында"ғы, "Баҳалы қағазлар базары ҳаққында"ғы, "Төлемге уқыпсызлық ҳаққында"ғы нызамларға ипотека қатнасықларына электрон гиреў хатын енгизиўди, бундай гиреў хаты менен тәмийинленген миннетлемелерди орынлаўды, ол бойынша ҳуқықларды басқа шахсқа өткериўди ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы басқа да механизмлерди белгилеўди, сондай-ақ талап етиў ҳуқықлары ҳәм де гиреў хаты сапластырыў массасына киргизилмейтуғынлығын нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

️ ⚡️Бунда, "Ипотека ҳаққында"ғы нызамға киргизилген қосымшаға көре:

🔹Электрон гиреў хатына өзгерислер киргизиў гиреў хатының нызамлы ийеси ҳәм гиреў қойыўшы тәрепинен электрон гиреў хатына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы келисим (қосымша келисим) формасын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында толтырыў арқалы әмелге асырылады;

🔹Электрон гиреў хатлары бойынша ҳуқықларды басқа шахсқа өткериў депо есап бетине тийисли жазыў киргизиў арқалы әмелге асырылады. Электрон гиреў хатына болған ҳуқықлар алыўшының депо есап бетине тийисли жазыў киргизилген ўақыттан баслап оған өтеди ҳәм депо есап бетинен көширме менен тастыйықланады.

📌 Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱 Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Президент тәрепинен Нызамға (ӨРН-1029-санлы, 12.02.2025 ж.) қол қойылған


️⚡️Оған көре, Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнама (Душанбе, 2024-жыл 18-апрель) ратификацияланды.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры шөлкемлестириледи


"Жаслар исбилерменлигин ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған бизнес жойбарларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-60-санлы, 14.02.2025 ж.) қабыл етилди.

⚡️Қарарға көре, Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры негизинде Жаслар ислери агентлиги жанында Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры шөлкемлестириледи.

✔️Қор қаржылары белгиленген дереклер есабынан 100 миллион АҚШ доллары эквивалентине тең сўммаға жеткериледи.

️📚Қордың жәрдеминде кеминде 50 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў оның жумысының тийкарғы нәтийжелилик көрсеткиши есапланады.

📁Белгиленген дәрья, канал ҳәм жаға бойларында хызмет көрсетиў, кеўилашар ҳәм дем алыў орынларын шөлкемлестириў бойынша бизнес жойбарларды жайластырыў ушын белгиленген тәртипте электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў арқалы жер участкалары ажыратылады.

️📕Жаслар ислери агентлигиниң Қорға ажыратылатуғын қаржылары есабынан Қор жанында устав фонды 10 миллион АҚШ доллары эквивалентине тең болған жаслардың перспективалы стартап жойбарларын қаржыландыратуғын венчур қоры шөлкемлестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


Өзбекстан жолларында транспорт қуралларының ҳәрекетлениў тәртиби қандай белгиленген?
Опрос
  •   "Жол ҳәрекети қағыйдалары"на әмел еткен түрде
  •   Жолларда орнатылған жол белгилерге әмел еткен түрде
  •   Жол ҳәрекети қатнасыўшыларына тосқынлық етпеген ҳәм қәўип туўдырмаған түрде
  •   Оң тәреплеме
13 голосов


#Билесизбе

⚡️️Нызамшылыққа көре, аустаффинг хызмети бул - аустаффер тәрепинен өз хызметкерлерин олардың разылығы менен басқа юридикалық шахсларға (қабыл етиўши шөлкемге) усы хызметкерлер тәрепинен аустаффер ҳәм оның хызметкери ортасында дүзилген мийнет шәртнамаларында ҳәмде жәмәәт келисимлеринде белгиленген мийнет ўазыйпаларын орынлаў ушын ўақтынша жибериў жолы менен көрсетилетуғын хызмет түри есапланады.

📝 Бунда, аустаффинг хызметлери жумыс бериўши ҳәм басқа юридикалық шахс арасында дүзилген шәртнама тийкарында көрсетиледи.

🗓 Сондай-ақ, аустаффинг шәртнамасы арқалы хызметкерлерди қабыл етиўши шөлкемге жибериў мүддети бир календарь жыл даўамында 9 айдан аспаўы керек.

✔️ Бирақ, тәреплердиң келисими ҳәм хызметкердиң разылығы менен усы мүддет узайтылыўы мүмкин.

📱T/m📱F/b📱I/m📱T/m📱Y/T


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️ai.lex.uz - жасалма интеллект жуўап береди


Сораў: Қуяш суў ысытыў қурылмаларын толық өз қаржысынан орнатқанларға компенсация бериле ме?

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Азық-аўқат өнимлериниң тутыныў нормалары ҳәр 3 жылда қайта көрип шығылады


Дерек: ӨРН-1023-санлы, 03.02.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T

Показано 20 последних публикаций.