ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Право


Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов
Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Право
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Өмирдиң тоғыз қағыйдасын түсинип алыўға ҳәрекет қылың…

❇️Каналға ағза болыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


⚡️Ҳәмиледар яки 3 жасқа шекем баласы бар ҳаялды жумыстан босатқан лаўазымлы шахс жынайый жуўапкершиликке тартылады

✅ Мийнет кодексиниң 408 хәм 409-статьяларына тийкар, ҳәмиледар ҳаяллар яки 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар менен мийнет шәртнамасын жумыс бериўши басламасы менен бийкар етиуге жол қойылмайды.

☝️Бунда ҳәмиледар ҳаялды тек кәрхана жабылып атырған болса, ал 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаялды кәрхана жабылып атырғанда ҳәм мийнет интизамын турақлы түрде яки қопал түрде бир мәрте бузған жағдайда жумыстан босатыўға болады.

❗️Егер Мийнет кодекси талапларына қайшы түрде ҳәмиледар ҳаял яки 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаял жумыстан босатылса, баслыққа Жынаят кодексиниң 148-статьясына тийкар БЕМның 25 есесине (9,375 млн сумға) дейин жәрийма яки 3 жылға шекем лаўазымды ийелеў хуқықынан айырыў ямаса 3 жылға шекем тәртип дүзетиў ислери сыяқлы жаза қолланылады.

📨 Адвокатқа сораў бериў

❇️Каналға ағза болыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Путин Орайлық Азиядан келип атырған мигрантлар ушын қойылатуғын талапларды күшейтиў кереклигин айтты.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Билимсиз ҳəм уқыпсыз адам ҳəмел креслосына қаттырақ жабысады екен. Нийетине жетиў мақсетинде ҳəр қандай иске қол урады. Олар ҳәмели болмаса ҳеш ким емеслигин жақсы түсинип жетеди. Басшылар бундайлардан көп пайдаланады. Себеби ҳəмел үмитинде оғада садық келеди.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жоқарғы суд баслығы орынбасары Икром Муслимовтың хабар бериўине қарағанда, суд тəрепинен ақлаў ҳүкимлери шығарылған ислердиң 58 пайызы прокуратура уйымлары, 34 пайызы ишки ислер, 13 пайызы МҚХ тəрепинен тергеў қылынған жынаят ислерине туўры келеди.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Мектеп оқытыўшыларына қандай үстеме ҳәм қосымша пуллар төленеди

Мектеп оқытыўшылары ушын нызамшылықта бир қатар қосымша төлемлер бар:

1. Президенттиң 11.01.2021-жылдағы ПҚ–4940-санлы қарарына тийкар:
▫️бир ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер шеңберинде басқа район ҳәм қалалардан келип ислейтуғын оқытыўшылардың базалық тариф ставкасына 50%;
▫️ басқа ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерден (ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан) келип ислейтуғын оқытыўшыларға базалық тариф ставкасына 100% үстеме.

2. Президенттиң 19.05.2021-жылдағы ПҚ–5117-санлы қарарына тийкар:
▫️ кеминде С1 дәрежедеги миллий яки оған теңлестирилген халық аралық сертификатқа ийе шет тиллер (англичан, француз, немис, испан, итальян, араб, қытай, япон, корейс, түрк, парсы, пушту, дари, урду, ҳинд) оқытыўшыларын олардың уларнинг базалық тариф ставкасына 50% үстеме.

3. Президенттиң 03.05.2019-жылдағы ПҚ–4306-санлы қарарына тийкар:
▫️ халық аралық олимпиадалар жеңимпазлары таярлаған оқытыўшылар ҳәм мектеплердиң директорларына нәўбеттеги оқыў жылы ушын директор фондынан алтын, гүмис ҳәм бронза медаллары ушын тийислилиги бойынша 150, 175 ҳәм 200% үстеме;
▫️Мектепте оқытыўшы болып ислеп атырған:
➖ халық аралық олимпиадалар жеңимпазлары лаўазым айлығына 150%;
➖ тийкарғы олимпиадалар республика басқышы жеңимпазлары лаўазым айлығына 100%;

4. Президенттиң 01.04.2010-жылдағы ПҚ–1315-санлы қарарына тийкар:
▫️ аўыллық жерлердеги мектеплерде дене тәрбиясы оқытыўшысы ҳәм спорт устазы болып ислеп атырған ҳаяллардың тариф ставкасына ҳәр айда 15; үстеме;

5. Президенттиң 11.05.2022-жылдағы ПП–134-санлы қарарына тийкар:
▫️ халықаралық стандартлар талапларына жуўап беретуғын миллий баҳалаў системасында сертификатқа ийе болған педагог кадрларға – олардың тариф ставкасының 50% үстеме;

6. Ҳүкиметтиң 02.08.2022-жылдағы 425-санлы қарарына тийкар:
▫️ кәсиплик шеберликти баҳалаў бойынша өткерилген тест ҳәм сәўбет нәтийжелерине көре ең жоқары балл топлаған маман кадрларға МҲТЕКМның 5,5 есеси (5,7 млн сум) муғдарында үстеме;

7. Ҳүкиметтиң 12.10.2021-жылдағы 638-санлы қарарына тийкар:
▫️ инклюзив билимлендириў класлары оқытыўшыларына мийнеттиң айрықша шараятлары ушын ҳәр айда төленетуғын үстеме ҳақы кластағы ҳәр бир айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған бир бала ушын лаўазым айлығының 10%-40% шекем үстеме

8. Ҳүкиметтиң 07.06.2019-жылдағы 471-санлы қарарына тийкар:
▫️ алыс аймақлардағы мектеплерде басқа аймақлардан келип ислеп атырған педагоглардың базалық тариф ставкаларына жумыс стажынан келип шығып 10%-50% шекем үстеме.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❔Ҳаяллардың қандай мийнет ҳуқықлары ҳәм жеңилликлери бар

⚡️Ҳəр ким мүнəсип мийнет қылыў, кəсип ҳəм искерлик түрин еркин таңлаў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар да өзиниң мийнет етиўге байланыслы ҳуқықларын əмелге асырыўға ҳақылы.

✅Нызамшылыққа көре, ислейтуғын əйеллерге бир қатар жеңилликлер ҳəм мүмкиншиликлер белгилеп қойылған. Шаңараққа байланысы ўазыйпаларды орынлаў менен бəнт болған шахслар, жас өспиримлер, майыплығы болған шахслар, ҳəмиледар əйеллер ҳəм басқаларға айрықша ғамхорлық пенен байланыслы тийкарлы тəризде оларға əбзаллық бериў, соның менен бирге оларды шеклеў кемситиў деп есапланбайды.

⁉️Ҳаяллардың мийнет ҳуқықларына байланысы зəрүр сораў - жуўаплар:

1. Ҳаялларды ҳəмиледарлығы яки баласы барлығы себепли жумысқа қабылламаў мүмкинбе?

➖Ҳəмиледар ҳаялларды жумысқа қабыллаўдан бас тартыў яки мийнетке ҳақы төлеў муғдарын кемейтиў қадаған етиледи. Жумысқа қабыллаўдан бас тартылған жағдайда, буның себеплери лаўазымлы шахс тəрепинен жазба рәўиште ҳəмиледар ҳаял ямаса перзентлери бар шахс талабына көре 3 күн ишинде усыныс етилиўи шəрт. Усынылмаған жағдай нызамға қылап түрде бас тартылғанлығы үстинен шағым қылыўға тосқынлық етпейди.

2. Дəслепки сынақ кимлерге қолланылмайды?

➖Ҳəмиледар ҳаял ямаса 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаялларды жумысқа қабыллаўда дəслепки сынақ белгиленбейди.

3. Ҳəмиледарлығы себепли ҳаялды жеңиллеў жумысқа өткериў мүмкинбе?

➖Медициналық жуўмаққа бола, ҳəмиледар ҳаяллардың ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў нормалары алдынғы жумысларындағы орташа айлық мийнет ҳақы сақланған ҳалда кемейтириледи яки олар жеңиллеў жумысқа ямаса қолайсыз ислеп шығарыў факторларының тəсиринен еркин болған жумысқа өткериледи. Ислеп шығарыў нормаларын кемейтиў, соның менен бирге ўақтынша басқа жумысқа өткериў мүддетлери медициналық жуўмаққа көре белгиленеди.

4. Жас балалы əйеллерге қысқартырылған жумыс ўақты қолланыладыма?

➖Аўа, 3 жасқа дейинги баланың бюджеттен қаржыландырылған шөлкемлерде ислейтуғын ата-анасынан бирине жумыс ўақтыниң қысқартырылған даўам етиў ўақты мəжбүрий тəртипте белгиленеди жəне оның мийнетине төленетуғын ҳақы кемейтирилмейди.

5. Мийнет демалысын қашан алыўы мүмкин?

➖Нызамшылыққа көре, биринши жумыс жылы ушын ҳəр жылғы мийнет демалысынан пайдаланыў ҳуқықы хызметкерде ол бул жумыс бериўшиде үзликсиз ислеген 6 ай өткенинен кейин пайда болады. Бирақ əйеллерге олардың қəлеўине көре, ҳəмиледарлық ҳəм туўыў демалысынан, алдын яки оннан кейин 6 ай топырынан ҳəр жылғы мийнет демалысы бериледи.

6. Ҳаяллар мийнет демалысынан шақырып алынадыма?

➖Аўа, бирақ барлық əйеллер де емес. Себеби, ҳəмиледар ҳаялларды ҳəр жылғы мийнет демалысынан шақырып алыўға жол қойылмайды.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Иззет-ҳүрмет сақлап киси кисиге,
Ҳадал мийнет жумсап халықтың исине.
Ҳийле қылмай ҳуждан тәрезисине,
Жасаўдың бийминнет дәўраны болар...

Ибрайым Юсупов,
1987-жыл.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Метанда нәўбетте турғанларға шешим табылды

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

4.8k 0 100 5 39

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⚡️Енди “әкелик дем алысы” белгилениўи жобаластырылмақта

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутутлары Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымша киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын қарап шықпақта.

Нызам жойбарында жумыс ислейтуғын еркеклерге перзентли болғанда, өмирлик жолдасына жәрдем бериў ҳәм перзентлерине қарап турыўы ушын 5 календарь күнлик қысқа мүддетли дем алыс берилиўи нәзерде тутылмақта.

Бунда дем алыс дәўиринде хызметкердиң жумыс орны ҳәм орташа айлық ис ҳақы сақланады.

Депутатлар бул жойбарды үйренип шығып, “әкелик дем алысын” қатаң түрде “5 календарь күн” деп емес, ал “5 календарь күннен кем болмаған муғдарда ” деп белгилениўин усыныс етти.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Айырым педагоглар мәжбурий аттестацияға қатнаспайды

📑 Нызамшылыққа көре, төмендеги педагоглар мәжбурий аттестацияға қатнаспаўы белгиленген:

🔹 педагогикалық искерлиги бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп жумыс стажына ийе педагог хызметкерлер;

🔹жасқа тийисли пенсияға шығыўы ушын 5 жылдан көп болмаған мүддет қалған педагог хызметкерлер.

📨 Адвокатқа сораў бериў

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


“Суфлёр” судьялар туўралы...

▫️Жумысқа қайта тиклеў даўларында айырым судялардың жумыс бериўши тəрепин алып атырғаны ашықтан - ашық көринип турады.

▫️Жумыс бериўши ўәкиллерине келеси сапар қандай ҳүжжетлерди алып келиў кереклигин жəне булнда мысалы нелер жазылыўын сөзбе-сөз айта турып, судья тийкарынан жоқ ҳүжжетти бар етип келиў бойынша жумыс бериўши тəрепине жөнелис (яғный жəрдем) берип атырған болады.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
💡Энергия үнемлеў ушын әҳмийетли болған усыныслар!

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❕Пуқаралық ҳалаты актларын жазыў органларында (ЗАГС) ис жүритиў тəртиби ҳаққындағы Қолланбаға өзгерис ҳəм қосымшалар киргизиў туўралы буйрық (дизим саны: 2547-3, 06.11.2019-жыл.) Әдиллик министрлигинде мəмлекет дизиминен өткерилди.

✅ Қолланбаға киритилген өзгерислерге көре, алдағы ўақытлары туўылыўды дизимге алыў мүддети өткерип жиберилгенде 16 жасқа дейинги баланың туўылғанлық ҳаққындағы гүўалығын (МЕТРИКА) алыў ушын  төмендеги шахслар арза менен мүрәжат қылыўы мүмкин:

👉 баланың ата-анасы;
👉 ата-ананың нызамлы некеси əмелдеги болған жағдайларда (ЗАГСтен өткен болса) олардан бири;
👉 исеним хаты тийкарында басқа мəпдар шахс;
👉 ата-ананың орнын басыўшы шахс ямаса әменгерлик ҳəм қəўендерлик органларының лаўазымлы шахслары.

▫️Илгери бундай арза тек баланың ата-анасы тəрепинен усыныс етилиўи мүмкин болған.

▫️Буннан тысқары, енди акт жазыўларына өзгерислер, дүзетиўлер ҳəм қосымшалар консул ямаса нотариус тəрепинен тастыйықланған исеним хат ҳəм арза тийкарында əмелге асырылыўы мүмкин болды.

▫️Илгери акт жазыўларына исеним хат арқалы өзгерис киргизиў мүмкин емес еди.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Стресске қарсы кийим ислеп шығарылды.

Бул кийим нерв системасын тынышландырады екен.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❔Жумыс бериўши хызметкерге қандай жағдайларда компенсация төлейди

🔰Нызамшылыққа көре, жумыс бериўши төмендеги жағдайларда хызметкерге оның өз мийнет миннетлемелерин орынлаўы менен байланыслы қəрежетлерди компенсация етиўи шəрт:

➖хизмат сапарларында болғанда;

➖көшпели ҳəм дала шараятларында яки вахта усылында ислегенде;

➖ис бериўши менен алдынан шəртлесиўге көре басқа орындағы жумысқа көшип өткенде;

➖ис бериўшиниң жолланбасы менен кəсиплик таярлықтан, қайта таярлаў, билимлерди жетилистириў ҳəм стажировкадан өткенде;

➖ислеп шығарыўдағы бахтсыз ҳəдийсе яки кəсип кеселлиги нəтийжесинде хызметкер ўақтынша мийнетке уқыпсыз болып қалғанда;

➖ хызметкер мəжбүрий медициналық көриктен өткенлиги мүнәсебети менен;

➖хызметкер пайдаланбаған жыллық мийнет демалысы ушын;

➖ис бериўшиниң басламасы менен мийнет шəртнамасын бийкарлаў ҳаққында хызметкерди ескертиў мүддетине тең рәўтште пул компенсациясы менен алмастырылыўы мүнәсебети менен.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ҳәр бир әўметли еркектиң артында ҳаял турады, ҳәрбир әўметсиз еркектиң артында да ҳаял турады.

Есиңде болсын ҳәр бир жеңилген инсанның қасында ҳеш ким болмайды.

Ҳүрметке ерисиў ушын әлбетте кемситилип, соннан сабырлы өтиўиң керек.

Машақат көрип, мийнет етиўиң, тер төгиўиң шәрт. Сонда ғана дүнья аяғыңа бас урады, дәрежең көтериледи.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️"Социаллық қорғаў бирден-бир реестри"не киритилген пуқаралар 12% кешбекка ийе болады

▫️Социаллық кешбек алыў ушын "Социаллық қорғаў бирден-бир реестри"не киритилген физикалық шахслар усақлап сатыў саўда обектлеринен айырым товарларды сатып алғанда сатып алынған зат суммасынан 1% муғдардағы кешбек орнына, 12% ҚҚС суммасын қайтарып алыўлары мүмкин.

▫️2024-жылдан дизимге тағы 4 түрдеги өнимлер қосылды.

▫️Бүгинги күнде ҚҚС қайтарылатуғын өнимлер дизими:

1. Қой гөши
2. Қус гөши
3. Қара малдың гөши
4. Мəйек
5. Өсимлик майы
6. Ун
7. Қумшекер
8. Дəри өнимлери
9. Медициналық хызметлер

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жынаят кодексиниң 266-статьясы менен тийкарсыз айыпланған қарақалпақстанлы Аманбай Жениязов Хорезм ўәлаяты суды жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы ревизия инстанциясының ҳүкимине муўапық ақланды...

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❕Социаллық карта енгизиледи

Хабар бериўине қарағанда (https://t.me/Press_Secretary_Uz/5165), усы карта төмендеги мүмкиншиликлерди береди:

🔹автобус ҳəм метрода бийпул жүриў;
🔹електр, газ ҳəм оқыў қəрежетине компенсация алыў;
🔹напақа ҳəм жəрдем пуллары да сол картаға түседи.

Нəтийжеде бирден-бир социаллық карта 10 нан артық ҳүжжетлер орнын басады.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

Показано 20 последних публикаций.