Тилшиге
(жыйналыста жазылған жыр)
Тилши келди десе, сәл албыраңқырап,
Мойныңа кисенлер салардай болар.
Сөзиңди муқыятлап, орап, ықшамлап,
Тәрезиге тартып тәрезиң тозар.
Бир батпанлық гәпти, мың мәрте езип,
Ҳәм туўры, ҳәм астарын бәрҳа ойлайсаң.
Сөзлер әлемине саяхат етип,
Мәнистен мазмунын қайта сортлайсаң.
"Бул сөздиң төрки"нин сораған ўақта,
Меннен үлкенирек,- деп айтыў жөнсиз,
Руўхың барып қайтып өтмиш-тарийхқа,
заманлар ишинде жасаўың тийис.
Сыннан қуламастан шықсаң, егер де,
Барлық кәсиплердиң сөзлерин билип.
Халқың отырғызар төрге, төбеге,
Маңлайыңнан сүйип, "көсемим" дейип.
Тилиңди қорласаң, руўхлар шырлайды
Tилиңди қорғасаң халқың қоллайды.
© Автор Айгүл Қосымбетова 01.12.2022
@sheginisten
@ADEBIYAT_QR
(жыйналыста жазылған жыр)
Тилши келди десе, сәл албыраңқырап,
Мойныңа кисенлер салардай болар.
Сөзиңди муқыятлап, орап, ықшамлап,
Тәрезиге тартып тәрезиң тозар.
Бир батпанлық гәпти, мың мәрте езип,
Ҳәм туўры, ҳәм астарын бәрҳа ойлайсаң.
Сөзлер әлемине саяхат етип,
Мәнистен мазмунын қайта сортлайсаң.
"Бул сөздиң төрки"нин сораған ўақта,
Меннен үлкенирек,- деп айтыў жөнсиз,
Руўхың барып қайтып өтмиш-тарийхқа,
заманлар ишинде жасаўың тийис.
Сыннан қуламастан шықсаң, егер де,
Барлық кәсиплердиң сөзлерин билип.
Халқың отырғызар төрге, төбеге,
Маңлайыңнан сүйип, "көсемим" дейип.
Тилиңди қорласаң, руўхлар шырлайды
Tилиңди қорғасаң халқың қоллайды.
© Автор Айгүл Қосымбетова 01.12.2022
@sheginisten
@ADEBIYAT_QR