Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстанды буннан-былайда комплекс раўажландырыў бойынша ислеп шығылған ис-илажлар режеси менен бир қатар жеңилликлер берилмекте
1. 2025-2027-жыллары Нөкис қаласында баҳасы кеминде 500 мың АҚШ доллары, Әмиўдәрья, Нөкис, Қоңырат ҳәм Хожели районларында 300 мың АҚШ доллары, қалған районларда 100 мың АҚШ доллары эквивалентидеги ири инвестициялық жойбарлар ушын Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры бериўге рухсат етилмекте.
Усы жылларда Министрлер Кеңесине тоғай фонды жерлери ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң қурамындағы суўғарылмайтуғын жер участкаларының (жайлаўлар, суў жетип бармайтуғын, өнимдарлығы төмен болған жерлердиң) жер фонды категориясын өзгертиў бойынша ўәкиллик бериледи.
Министрлер Кеңеси еки ҳәпте мүддетте жер участкаларын туўрыдан-туўры ижараға бериў тәртибин тастыйықлайды.
2. Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен тармақларға ажыратылған қаржылар есабынан 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаатты раўажландырыў ушын пайдаланыўға рухсат етилмекте.
Бунда:
- Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Нөкис, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында санаатты раўажландырыў ушын 6 жаңа имаратты қурыўға қаржы ажыратылады;
- Кредит линиясы есабынан миллий валютада коммерциялық банклер тәрепинен киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қаржыландырыў ушын жыллық 14 процент ставкада, 7 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 миллиард сумға шекемги муғдарда кредитлер ажыратылады.
—
Ҳурматли Президентимиз топшириғи билан Қорақалпоғистонни янада комплекс ривожлантириш бўйича ишлаб чиқилган
чора-тадбирлар режаси билан қатор имтиёзлар берилмоқда1. 2025-2027 йилларда Нукус шаҳрида қиймати камида 500 минг АҚШ доллари, Амударё, Нукус, Қўнғирот ва Хўжайли туманларида 300 минг АҚШ доллари, қолган туманларда 100 минг АҚШ доллари эквивалентидаги йирик инвестиция лойиҳалари учун Вазирлар Кенгаши қарори асосида ер участкаларини тўғридан-тўғри беришга рухсат этилмоқда.
Мазкур йилларда Вазирлар Кенгашига ўрмон фонди ерлари ва қишлоқ хўжалигига мўлжалланган ерлар таркибидаги суғорилмайдиган ер участкаларининг (яйловлар, сув етиб бормайдиган, унумдорлиги паст бўлган ерлар) ер фонди тоифасини ўзгартириш бўйича ваколат берилади.
Вазирлар Кенгаши икки ҳафта муддатда ер участкаларини тўғридан-тўғри ижарага бериш тартибини тасдиқлайди.
2. Тикланиш ва тараққиёт жамғармаси томонидан тармоқларга ажратилган маблағлар ҳисобидан 2025-2026 йилларда Қорақалпоғистон Республикасида саноатни ривожлантириш учун фойдаланишга рухсат этилмоқда.
Бунда:
- Нукус шаҳри, Амударё, Қонликўл, Нукус, Қўнғирот ва Чимбой туманларида саноатни ривожлантириш учун 6 та янги бино қуришга маблағ ажратилади;
- Кредит линияси ҳисобидан миллий валютада тижорат банклари томонидан кичик ва ўрта бизнес лойиҳаларини молиялаштириш учун йиллик 14 фоиз ставкада, 7 йилгача муддатга, шу жумладан, 2 йиллик имтиёзли давр билан 10 миллиард сўмгача миқдорда кредитлар ажратилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube