Forward from: Xojelirk.uz/Рәсмий каналы
Президентимиздиң "Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында"ғы Қарары тийкарында Хожелиши қызымыз Туремуратова Бийбиназ Кеңесбай қызы "Зулфия" атындағы мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды. Бүгин 8.03.2025-жыл қызымыз район ҳәкиминиң орынбасары - шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Ф.Мадаминова ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.
Мағлыўмат орнында: Ҳәзирги ўақытта Бийбиназ қызымыз Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалы компьютер инжиниринги қәнигелиги бойынша 1-басқыш магистранты.
Мағлыўмат орнында: Ҳәзирги ўақытта Бийбиназ қызымыз Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалы компьютер инжиниринги қәнигелиги бойынша 1-басқыш магистранты.