2025-жыл 1-марттан баслап жасқа байланыслы пенсиялар пуқаралардың мүрәжатысыз (автоматикалық) тайынланады
☝️ Пенсия тәмийнаты системасына мәлимлеме технологияларын жедел енгизиў арқалы пуқараларға көрсетилип атырған хызметлер басқышпа-басқыш интерактив ҳәм проактив түрге өткерилмекте.
Атап айтқанда:
2024-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер енгизилди:
🌐 Пуқаралар пенсия тайынлаў бойынша қосымша түрде Мәмлекетлик хызметлер орайына барып ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы онлайн арза бериў ҳуқықына ийе болды.
Сондай-ақ, 2025-жыл 1-марттан баслап:
▫️ - пенсия жасына жеткен пуқараларға пенсиялар "автоматикалық" тәризде, яғный ҳеш қандай ҳүжжет талап етпеген ҳәм пуқараның мүрәжатысыз тайынланады;
▫️ - пуқараның шахсына байланыслы барлық мағлыўматлар министрликлер ҳәм уйымлардың электрон базаларынан алынады.
✅ Бул қолайлықлардың жолға қойылыўы нәтийжесинде:
✅ Бириншиден, пуқаралардан пенсия тайынлаў ушын қосымша ҳүжжетлерди жыйнаў ушын Пенсия қорының аймақлық бөлимшесине мүрәжат етиў талап етилмейди.
✅ Екиншиден, пенсия жасына жеткен пуқараға нызамшылықта белгиленген талаплар шеңберинде пенсия тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етилгенде оның телефон номерине "пенсия тайынланғанлығы ҳәм оның муғдары" ҳаққында мағлыўмат жибериледи.
✅Сондай-ақ, пенсияға шықпастан жумысын даўам еттириўди қәлеген ямаса пенсия муғдарынан наразы болған пуқараларға "автоматикалық" тайынланған пенсияны бийкар етиў ҳуқықы берилмекте.
✅ Пуқара пенсия тайынланғанынан, пенсия муғдарынан ямаса пенсия тайынланыўы бас тартылғанынан наразы болса, Пенсия қорының районлық (қалалық) бөлимине тийисли тәртипте арза менен мүрәжат етиўи мүмкин.
📍Информация бағдары @KarPressa