🚭 Шегиўди тасламақшы болғанлар ушын усыныслар !
🚬 Шегиўди тасламақшы болған күниңизди алдынан белгилең ҳәм қағазға жазып қойың. Сана-сезимиңиз сол ўақытқа шекем бир әдетти тәрк етиўге таярланады.
🎗Күн даўамында көп темеки шегетуғын инсанлар әсте-ақырынлық пенен емес, бирден бул әдеттен ўаз кешкенлери мақул.
🏠 Егер жумыс орталығы шегиўди талап қылса, ол жағдайда бул режеңизди дем алыс (отпуска) ўақтында ямаса үйде болған ўақтыңызда әмелге асырың.
❌ Темекини блоклап сатып алмаң ҳәм биринши қутысы таўсылмастан, басқасын сатып алмаң.
🔥 Егер шегиўдиң «қумар» ы тутса, тезлик пенен сигаретти жақпаң. Оны қолыңызда кемине 3 минут услап турың.
📽 Темеки шегиў қадаған етилген жерлерге, мысалы, кино ҳәм театрларга тез-тез барып турың.
👥 Шегиўди таслаў ушын өзиңизге шерик табың.
👃 Дем алыў шынығыўын ислең. Кислородты мурын арқалы әстелик пенен алың ҳәм оны күшиңиз жеткенге шекем услап турың. Кейин карбонат ангидридти аўыз арқалы әстелик пенен шығарып жибериң.
Каналымыз |
@Ne_ushin