ҚЫЗЫҢ ГӨЗЗАЛ БОЛСЫН, ШАЙЫРА БОЛСЫН...
Аппақ таң ҳәмилели болғанда күнге,
Ең жақты жулдызлар ығбал бәҳәринде
Сыбырласып айтқан былай деп түнде:
Бүгин сәҳәр шағы шадлыққа толсын.
Ай жарлықап, темиршиниң үйинде
Қыз туўылып, аты Зульфия болсын...
Азат, хош қылықлы қыз болсын өзи,
Пәренже көрмесин ай киби жүзи,
Түссин көп жолларға мүбәрек изи,
Таң жулдызы яңлы әлемди шолсын.
Мың түменнен қайтсын ҳәр аўыз сөзи,
Азат қыздың аты Зульфия болсын.
Айтқан: көзлеринде жулдыз болсын деп,
Кеўлинде гөззаллық гүллеп турсын дер,
Гүрессин, қыйлансын, бәрин жеңсин деп.
Өзбек қызы бүлбил бир гөя болсын,
Жети ықлым оған қулақ турсин деп,
Исми ким дегенде—Зульфия болсын.
Бир қәлем тартқанда —гүл ғумшаласын,
Жүп қәлем,—жылғада суўлар ҳағласын.
Үш қәлемде бүлбил шегип наласын,
Ышқы пәрьядында пәрўана болсын.
Қосықлар оятып бәҳәр қуяшын,
Ҳәммениң тилинде "Зульфия" болсын,
Айтқан: қыз ығбалы болсын зияда.
Оны билсин Париж ҳәм Қаҳирада,
Ҳинд елинде түссин мушаираға,
Ҳәр басқан қәдеми гүл-гия болсын.
Ҳаўазасы түссин пүткил дүньяға,
Қайда барса бизиң Зульфия болсын.
Жақсы адамның исми—кеўилдиң нақшы,
Нийетлеп ат қойсаң ҳәммеси жақсы.
Айтың, ким қызының атын қоймақшы?
Бахыт ақшамында бир зия болсын.
Болсаң перзентиңниң даңқын жаймақшы,
Сорайман, қыз аты Зульфия болсын.
Ул болса, өзиң бил ат қойыў жайын:
Мейли Ғафур, Ҳәмид, мейли Ибрайым...
Бирақ сизге бир нәсият қылайын:
Қызыңыз өнерпаз, шайыра болсын.
Гөззаллық тымсалы болсын илайым,
Аты ҳәм, өзи ҳәм Зульфия болсын.
1966-ж.
И. Юсупов