Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы таңлаўының районлық басқышы өткерилди
Хожели районы 5-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ушын жәрияланған таңлаўдың районлық басқышы болып өтти.
Таӊлаўға пән, әдебият, билимлендириў, көркем-өнер, мәденият, спорт, IT жѳнелиси ҳәм жәмийетшилик бағдарларында жоқары жетискенликлерге ерисип киятырған қәбилетли қызлар қатнасты.
Жоқарыдағы жөнелислер бойынша айрықша жетискенликлерди қолға киргизип киятырған он төрт жастан отыз жасқа шекемги қызлар өз-ара беллести ҳәм төрешилер тәрепинен жеңимпазлар анықланды.
Таңлаў жуўмағында жеңимпаз қызларымызды район ҳәкими орынбасары Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Ф.Мадаминова қутлықлап, алдағы Республикалық басқышта әўмет тиледи.
https://t.me/xojeli_hayalqizlar