Депутатлар ушын оқыў-семинар шөлкемлестирилди
Бүгин 2025-жыл 18-январь күни Хожели районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутатларына оқыў семинар шөлкемлестирилди. Оған, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық Кеңес баслықлары қатнасты. Семинарда баянатшылар тәрепинен депутат жумысының нызамлылық тийкарлары, сайлаўшылардың мүрәжатлары менен ислесиўде олардың атқаратуғын хызмети ҳәм жуўапкершилигин арттырыў мәселелери көрип шығылды. Сондай-ақ, депутатлардың сайланған округи аймағындағы машқалалар, мәмлекетлик бағдарламалардыӊ тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланыўы ҳәм үстинен қадағалаў, мәҳәлле белсендилери менен ислесиўди еледе күшейтиў бағдарындағы ўазыйпалар бойынша өз ара пикирлер менен бөлисти.
Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈