“Шаңарақ” орайы


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek


“Шаңарақ” орайының мақсети - ҳәр бир шаңарақтын беккем, бахытлы болыўына салмақлы үлес қосыў💞
Бул жолда биз жәрдемге ҳәмийше таярмыз🤝
Мәнзил:Нѳкис қаласы, А́.Шамуратов кѳшеси 117Б жай
Байланыс ушын:📞 (91) 393-13-14

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


Forward from: Махсетовна Сәрбиназ папасы
Аўылласлар, дослар!!!
Қоллап-қуўатлап Алматыдағы танысларыңызға жиберсеңиз үлкееен жәрдем болар еди.


Forward from: Юморбек Yumorbek
12-январь күни саат 16:00
Алматы қаласында!
"Қарақалпақша стендап"



Билетлер ⬇⬇⬇
https://sxodim.com/almaty/event/mahset-abdizhamilov-qaraqalpaqsha-stand-up-12-a-tar


📌576 саатлық “Педагогикалық хызмет көрсетиў хуқықы берилетуғын” қайта таярлаў курслары
КОНТРАКТ СУММАСЫ: 6 116 000 сум
Оқыў муддети: 16 ҳәпте
Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў Миллий орайында жоқары мағлыўматлы педагог емес кадрлар «Педагогикалық хызмет көрсетиў ҳуқықын беретуғын» қайта таярлаў курсында оқыўы мүмкин танысын 👇
✅ Шет тили (тиллер бойынша)
👉Таржимонлик (тиллар бўйича)
👉Таржима назарияси ва амалиёти (тиллар буйича)
👉Маданиятлараро коммуникацияларнинг лингвистик таьминоти (тиллар буйича)
👉Гид ҳамроҳлиги ва таржимонлик фаолияти (тиллар бўйича)
👉Таржимон-референт
(Изоҳ: тегишли тилда эркин сўзлаша олиш даражасига эга бўлишлари шарт)
✅ Информатика
👉 Информатика ва ахборот технологиялари
✅ Экономика билим тийкарлары
👉Иқтисодиёт соҳаси
✅ Химия
👉Химик-технолог
👉Химик-инженер
👉Кимёвий технология (ишлаб чиқариш турлари буйича)
✅ Мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары
👉Ҳуқуқшунослик
👉 Юриспруденция (сохалар буйича)
✅ Музыка
👉Санъатшунослик
👉Мусиқа назарияси
👉Дирижорлик (турлар бўйича)
👉 Вокал саньати (турлари буйича)
👉Академик хонандалик
👉Анъанавий хонандалик
👉Эстрада хонандалиги
👉Чолғу ижрочилиги (турлари буйича)
👉Фортепиано ижрочилиги
👉Торли чолғулар ижрочилиги (турлари бўйича)
👉Дамли ва зарбли чолғулар ижрочилиги (турлари бўйича)
👉Эстрада чолғулари ижрочилиги (турлари бўйича)
👉Халқ чолғулари ижрочилиги (турлари бўйича)
👉Анъанавий чолғулар ижрочилиги (турлари бўйича)

Манзил: 1. Нукус қаласы, Ерназар Алакөз көшеси 54-уй ,
2. Нөкис қаласы, Шымбай гузары 17 А -уй
Мағлыўмат ушын телефонлар: (61) 224 53 45, 97 240 01 78
Миллий орайдыӊ телеграм каналы https://t.me/QRaymaqliqorayqaytatayarlaw2022


Forward from: Burchak | Rasmiy kanal
#ДИҚҚАТ
❌Тегишли малакага эга бўлмай туриб психологик ёрдам кўрсатганлик учун жавобгарлик белгиланади

Психологик ёрдам кўрсатиш фаолияти билан шуғулланишдан аввал психология мутахассислиги учун қайта тайёрловдан ўтиш кераклиги белгиланмоқда.

👉
@Burchak—  Энг тезкор янгиликлар фақат бизнинг каналда


окыуды калеушилер болса 97 240 01 78 ге хабарлассын


Буган хужжет тапсырса болады: Таржимон назариясы, Химия технология, информатика ва ахборот технология, иктисодиёт сохаси, юриспруденция. санъатшунослик, мусика назариясы, дирижёрлик. вокал шолгу,, академик хонандалик, анъанавий хонандалик, эстрада хонандалиги, шолгу ижрочилиги, фортепиано ижросилиги тамамлаган канийгелер болса окыса болады


Педагогик кайта таярлауда окыуды калеуши танысларыныз болса айтынлар 4 айлык 576 саатлык контракты 6 116 000


🥰Әзийз каналымыз ықласбентлери!

Усы күнге шекем сизге

«Шаңарақ функциялары» ҳәм «Шаңарақтағы мүнәсибет басқышлары» ҳақкындағы мағлыўматлар менен бөлисип едик.

👍Бүгин сизге "Шаңарақлық кризис" ҳаққында мағлыўмат берип өтпекшимиз.

Дүньяжүзлик психологлар шаңарақта

✔️1 жыллық
✔️3 жыллық
✔️7 жыллық
✔️12-14 жыллық
✔️23-25 жыллықтағы кризислер болатуғынлығын ҳәм усы дәўирде көбирек шаңарақлар ажырасыўлары жүз беретуғынлығын атап өтеди.

☑️1 жыллық крисиз – бул аўыр басып өтилетуғын кризислерден болып, кризиске алып келиўши себеп бул дәўирде тийкарынан келин таза үйге масласыўы керек болады, өзиниң жасаў тәризин жаңа үйине алып киреди, қайсы бирлеринен кешиўине туўра келеди. Күйеўде әйне сондай өмирлик жолдас, оның ис-ҳәрекетлери, әдетлерине көниўи, өзиниң қайсы бир әдетлерин өзгертиўге туўры келетуғын дәўир. Яғный қабыл етиў дәўири болып, барынша қабыл етиўди қәлемей, көпшилик өзи қәлегендей етип екинши тәрепти тәрбиялап алыўды қәлейди, буның ақыбетинде болса келиспеўшиликлер келип шығады

☑️3 жыллық кризис – бул дәўирде ерли-зайып бир-бириниң жеке шегарасына шуқыр кирип баратуғын дәўир, жеке шегаралар бузылыў, урыс-жәнжелде қол көтериўлерге шекем барылыўы мүмкин, және олар өз алдына жасаў қәлеўи күшли болатуғын дәўир

☑️7 жыллық кризис – бул дәўирде инсанлардың ишки қәлеўлерине оның шаңарақлық жағдайлары туўры келмегенлиги себебинен келип шығады

☑️12-14 жыллық кризис – басып өтилген жыллары даўамында көп кеўил қалыспалар, жәнжеллер болса, биргеликтеги мақсетлерине жүдә аз ерискен болса ерли-зайыплылардың ишинен мен бирге жасап дурыс қылып атырыппан ба, өмиримди бирге өткерип атырған адам менен усындай урыс-жәнжеллер менен даўам еттиремен бе, жалғыз өзим ҳәрекет еткенимде көбирек затқа ерискен болар едим яки бул бирге жасаўды тоқтатып басынан баслағанымда жақсырақ болармеди деген пикирлер көп болады

☑️23-25 жыллық кризис – бул кризис себеби көбирек сезимлердиң жоқ екенлиги болып, бул дәўирде балалар өз жеке өмирлерин қурған болады, ата-ана енди өзлерине нәзер салады ҳәмде бахытлы болыўға, меҳир көриўге мүтәжлик сезеди. Өзи ушын бахытлы жасаўды қәлеў күшейеди

Кризис ҳәр қандай шаңарақта болады. Бул тәбийий жағдайлар ҳәм бул дәўирди басып өтиўге болады. Бул ушын азырақ сабыр менен кеңнен пикирлеп алдыға биргеликте умтылыў, басып өтилген жақсы күнлерге нәзер салыў, болып өткен кеўил қалыспаларды қойып жибериў керек❗️

@shanaraq_orayi💖




💯

Инсанның бахты кемнен-кем ушырасатуғын үлкен жетискенликлер менен емес бәлким күнделикли кишкене жақсыланыулар менен жаратылады

©️Бенжамин Франклин

@shanaraq_orayi🌐


Ассаламу әлейкум әзизлер😘

☀️Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын!

@shanaraq_orayi👑


❤️

Ақыллы ҳаял ҳәмме ўақыт ериниң сөзине маза қосып яки бар болса көбейтип, ал ериниң сөзиндеги дузды болса кемейтип қабыл етеди.

💛@shanaraq_orayi


Ассаламу әлейкум әзизлер😘

☀️Күниңиз жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм берекет алып келсин!
✨  Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!

@shanaraq_orayi👑


Forward from: “Шаңарақ” орайы
@shanaraq_orayi💚

Үйиңизде со
ндай бир айна бар, сиз оған ҳәр күни қарайсыз. Ҳәр қарағаныңызда өз пәзийлетлериңизди ҳәм кемшиликлериңизди көресиз.

Бул айна – перзентиңиз❣️

👨‍👩‍👧‍👦#Перзент_тәрбиясы


Перзент тәрбиясы дегени олар менен өзиңизди де тәрбия қылыў дегени:

✔️ Қәлеп турған нәрселериңизден ўаз кешесиз;
✔️ Перзентлерге жуқпасын деп, жаман әдетлериңизди тәрк етесиз;
✔️ Өрнек болайын деп шырайлы минез-қулық пенен сыпатланасыз;
✔️ Өзиңизди басып, баланы қанаатландырып сәўбетлесиўди үйренесиз;
✔️ Аўқатланыў, кийиниў тәризиңизди жақсылайсыз;
✔️ Ҳәр бир сораўға жуўабыңыз болыўы керек;

Перзентлериңизге тәрбия бериў сизди өзгертпесе, демек оларды тәрбия қыла алмай атырсыз!

@shanaraq_orayi👨‍👩‍👧‍👦


🥰

Өмир мени бар жақсы ҳәм жаманлықларым менен қабыл еткени киби мен де өмирди барынша қабыл қыламан...


@shanaraq_orayi


Ассаламу әлейкум каналымыздың әзиз ағзалары🥰 

Күниңиз кеуилли өтсин 🌹

👨‍👩‍👧‍👦@shanaraq_orayi


@shanaraq_orayi💖

Ашықлық даўасындағы ақлығына атасы сондай деди:

👨🏼‍🦳Инсан бар екен олардың бәршеси қулағы менен ашық болады.

🤵🏻Ата, гәпти де табасыз, қалай қулак пенен ашық болады инсан. Көзлер арқалы ашық боламыз ғо…

👨🏼‍🦳Солай ойлайсаң ба балам, неге онда қаншадан қанша сулыў ҳаяллар жалғыз жасамақта?!
Сулыўлық инсанды ўақтынша өзине байлаўы мүмкин, көзлер үйренискеннен соң ол сулыўлықтан қанаатланбайды бул инсан заты.

Ал, қулақлар ше, бул қулақлар қаншели жақсы, жыллы сөз еситкен сайын байланып бара береди, мысли жараға ем басылғандай, пүткил денеңе ем болады жыллы сөзлер.

Аўыздан шыққан сөзден я жүрек жанады, яки сөз жүректи жағады балам.

#Пикир_қылайық💡


@shanaraq_orayi☯️

Бахытлы болыу ушын, өмириңди жолға қойыу ушын хеш кеш қалғаның жоқ!
Бүгинди, әйне бүгинди өмириңдеги ең жақсы күнге айландырыу өз қолыңда💟
Себеби, дем алып атырсаң, жасап атырсаң, басыма ғам-тәшўиш түсти деп үстиңе топырақ тарта алмайсаң❗️
Жеңилистен хеш қорықпа, Сен кейинги жылда да хәзир турған жериңде болыудан қорық❗️
Кешеги күнлерди умыт, ол өтти хәм кетти. Қолыңда пүтин турған бүгин бар, оның қәдирине жет хәм хеш бир исти ертеңге қалдырма❗️
Себеби, ертең де келеди, бирақ, сен ертең де болмауың мүмкин❗️
Соны естен шығарма, басыңнан кеширген хәр демиң, ойларыңда қалған қыяллардан жақсырақ!

Уақыт келди, бүгин әйне сол күн☀️
Орныңнан тур хәм хәрекетке кирис!

Бүгиниңе ийелик ет❣️

#мотивация💖


Ассаламу әлейкум жақсылар🥰
Бүгиниңизге берекет, ислериңизге рауаж тилеймиз👍

@shanaraq_orayi

20 last posts shown.