Әмиўдәрья районын комплекс раўажландырыў мәселелери талқыландыҚарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Әмиўдәрья районын комплекс раўажландырыў бағдарындағы режелерге арналған мәжилис болып өтти.
Онда районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың кеўил-кейпиятына тәсир етип атырған мәҳәллелердеги инфраструктуралық, социаллық ҳәм басқа да машқалаларға шешим табыў, исбилерменликти еле де раўажландырыў, районды «Кәмбағаллықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Мәжилисте районда өткен жыллар даўамында әмелге асырылған қурылыс, абаданластырыў жумыслары, аймаққа инвестицияларды тартыў, санаат, экспортты буннан былай да раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар талқыланды.
Сондай-ақ, көп жыллар даўамында халықты қыйнап келген машқалалы мәселелерди унамлы шешиў, аўыр шараяттағы мәҳәллелерди абат етиў бағдарында әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар белгиленди. Буның ушын барлық мүмкиншиликлер бар екенлиги, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен тийисли қаржылар да ажыратылғаны, ең баслысы, бул жумысларды аўызбиршилик ҳәм шөлкемлескенлик пенен алып барыў арқалы пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеўге ерисилетуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша атап өтилди.
—
Амударё туманини комплекс ривожлантириш масалалари муҳокама қилиндиҚорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев раислигида Амударё туманини комплекс ривожлантириш борасидаги режаларга бағишланган мажлис бўлиб ўтди.
Унда туманни ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш, аҳоли кайфиятига таъсир этаётган маҳаллалардаги инфратузилма, ижтимоий ва бошқа муаммоларга ечим топиш, тадбиркорликни янада ривожлантириш, туманни "Камбағалликдан холи ҳудуд"га айлантириш каби долзарб масалалар ҳақида сўз юритилди.
Мажлисда туманда ўтган йиллар давомида амалга оширилган қурилиш, ободонлаштириш ишлари, ҳудудга инвестицияларни жалб этиш, саноат, экспортни янада ривожлантириш борасида амалга оширилган ишлар муҳокама қилинди.
Шунингдек, кўп йиллар давомида аҳолини қийнаб келган муаммоли масалаларни ижобий ҳал этиш, оғир шароитдаги маҳаллаларни обод қилиш борасида амалга оширилиши лозим бўлган устувор вазифалар белгиланди. Бунинг учун барча имкониятлар мавжудлиги, ҳурматли Президентимизнинг алоҳида эътибори билан тегишли маблағлар ҳам ажратилгани, энг муҳими, бу ишларни оғизбирчилик ва уюшқоқлик билан олиб бориш орқали фуқароларнинг фаровон ҳаётини таъминлашга эришилиши Жўқорғи Кенгес Раиси томонидан алоҳида таъкидланди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube