️Исбилермен ҳаялларға гиреўсиз кредит бериледи«Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-103-санлы, 14.03.2025-ж.) қабыл етилди🔰Қарарға муўапық,
2025-жылда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың
тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
▪️2 миллион ҳаял-қызлардың
бәнтлигин тәмийинлеў;
▪️250 мың ҳаял-қызларды
кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў;
▪️250 мың ҳаял-қызларды
жоқары билимлендириў менен қамтып алыў;▪️50 мың мүтәж ҳаял-қызларды
санаторийларда саўалландырыў ҳәмде оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириў.
📜
“HAMROH” исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде
2025-жыл 1-майдан:🔸Ҳаял-қызларға
«жасыл жойбарлар» ҳәм IТ тараўындағы жойбарларды әмелге асырыўына, сондай-ақ, кеминде 5 ҳаял-қыздың исбилерменлигин жолға қойыўға жәрдем берген 1 мың «устаз» исбилерменлерге
50 миллион сумға шекем грант ажыратыў жолға қойылды.
🔸Унамлы кредит тарийхына ийе болған ҳаял-қызларға
100 млн сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады;
🔸Ҳаял-қызлар тәрепинен кредит есабынан сатып алынып атырған әсбап-үскенелер жеткерип берилгенге шекем
«Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен кепиллик берилиўи жолға қойылады.
—
Тадбиркор аёлларга гаровсиз кредит берилади“Оила ва хотин-қизларни қўллаб-қувватлаш тизимини янада такомиллаштириш чора-тадбирлари тўғрисида”ги Президент қарори (ПҚ-103-сон, 14.03.2025 й.) қабул қилинди🔰 Қарорга кўра,
2025 йилда хотин-қизларни қўллаб-қувватлашнинг
асосий мақсадли кўрсаткичлари этиб қуйидагилар белгиланди:
▪️2 миллион нафар хотин-қизларнинг
бандлигини таъминлаш;
▪️250 минг нафар хотин-қизларни
касб-ҳунар ва тадбиркорликка ўқитиш;
▪️250 минг нафар хотин-қизларни
олий таълим билан қамраб олиш;▪️50 минг нафар эҳтиёжманд хотин-қизларни
санаторийларда соғломлаштириш ҳамда уларда тадбиркорлик кўникмаларини шакллантириш бўйича мотивацион семинарлар ташкил этиш.
📜
“HAMROH” тадбиркор аёлларни қўллаб-қувватлаш дастури доирасида
2025 йил 1 майдан:🔸хотин-қизларга
“яшил лойиҳалар” ва IT соҳасидаги лойиҳаларни амалга оширишига, шунингдек, камида 5 нафар хотин-қизнинг тадбиркорлигини йўлга қўйишга кўмаклашган 1 минг нафар “устоз” тадбиркорларга
50 миллион сўмгача грант ажратиш йўлга қўйилади;
🔸ижобий кредит тарихига эга бўлган хотин-қизларга
100 млн сўмгача гаровсиз кредит ажратилади;
🔸аёл тадбиркорлар томонидан кредит ҳисобидан сотиб олинаётган асбоб-ускуналар етказиб берилгунга қадар
“Тадбиркорликни ривожлантириш компанияси” АЖ томонидан кафиллик тақдим этилиши йўлга қўйилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube