Ҳәр бир исбилермен өзиниң исбилерменлик жумысын әмелге асырыў процесинде басқа исбилерменлик субектлери менен пуқаралық-ҳуқықый қатнасыққа кирисип, белгили ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе болады. Бул қатнасықлардағы көпшилик миннетлемелер тәреплер беттен ҳүжданлы түрде толық ҳәм сапалы орынланатуғынын айтып өтиў керек.
Бирақ, миннетлемелердиң ҳәммеси де усы тәризде орынлана ма?
Тилекке қарсы, айырым жағдайларда алынған миннетлеме орынлаўшы тәрепинен орынланбай итибарсыз қалдырылады.
Нәтийжеде, бул тәреплердиң өз-ара қатнасығына өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип, ең нәзик тәрепи есапланған өз-ара исенимниң жоғалыўына ҳәм тәреплер арасында келиспеўшилик пайда болыўына алып келеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине муўапық, исбилерменлик субъектлери арасында пуқаралық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлер экономикалық судлар тәрепинен көрип шығылады.
Итибарыңызды суд әмелиятында көрилген бир келиспеўшиликке қаратпақшыман.
Атап айтқанда, “ММ” жеке исбилермен, “ПП” акционерлик жәмийетинен 175 750 000 сом тийкарғы қарызы, төлеген мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин өндириўди сораған.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер араларында 137 401 000 сумлық 2024-жыл 9-апрель күни 1-санлы ҳәм 38 379 000 сумлық 2024-жыл 30-апрель күни 2-санлы алды-сатты шәртнамалары дүзилген.
Шәртнамаға тийкарланып даўагер тәрепинен жәми 175 750 000 сомлық жуўапкерге жеткерилип ҳәм орнатылып берилгенлиги тилеги 2024-жыл 24-апрель күнги 1-санлы акт ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады.
Атап өтилген шәртнамалардың 3.2-бәнтине бола, жуўапкер 50 процент муғдарында болған биринши төлемди 30 календарь күн ишинде даўагердиң есап-бетине өткериў жолы менен әмелге асырыўы, ал қалған 50 процент бөлегин биринши төлемди әмелге асырғаннан кейин 30 календарь күн ишинде толық төлеп бериў белгиленген.
Буннан тысқары, жуўапкер усы қарыздарлықты 2024-жыл 10-июнь күнине шекем төлеп беретуғынлығы ҳаққында 2024-жыл 29-май күнги 1-санлы кепиллик хатын да берген. Бирақ, соған карамастан қарыздарлық суммасын төлеў бойынша даўагердиң талаплары жуўапкер тәрепинен итибарсыз қалдырылған.
Нәтийжеде даўагер тәрепинен жуўапкерге қарыздарлық суммасын өндириў ҳаққында даўа арзасы менен судқа мүрәжат етилген.
Судтың шешиўши қарары менен жуўапкерден даўагердиң пайдасына бар қарыздарлық суммалары өндирип берилип, даўагер исбилерменниң мәпи суд жолы менен исенимли қорғалды.
Жуўапкер шәртнамалық миннетлемесин орынламағаны ақыбетинде даўагер пайдасына тийкарғы қарыздан тысқары, исти судта көриўге байланыслы суд қәрежетлерин де төлеўге мәжбүр болды.
Бирақ, тәреплер арасындағы турақлы бирге ислесиўге зыян тийди, өз-ара исеним жоғалды.
Өйткени, Пуқаралық кодексиниң 9-статьясында пуқаралық ҳуқықларын әмелге асырыў басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаўы шәрт екенлиги, пуқаралық ҳуқықый қатнасықларының қатнасыўшылары ҳадал, ақылға сай ҳәм әдиллик пенен ҳәрекет етиўи, пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплер өз ҳуқықларын әмелге асырыўда жәмийеттиң руўхый принциплери ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларын ҳүрмет етиўи, исбилерменлер болса – ис этикасы қағыйдаларына да әмел етиўи керек екенлиги нәзерде тутылған.
Нызам талаплары тийкарында дүзилген шәртнама бойынша алынған миннетлеме орынланыўы шәрт екенлигин атап өтиў керек.
Миннетлемениң өз ўақтында, толық ҳәм сапалы түрде орынланыўы өз-ара исенимди беккемлеўде, бирге ислесиўдиң узақ мүддет даўам етиўинде ҳәм сол арқалы өзиниң исбилерменлик жумысының раўажланыўы ҳәм кеңейиўинде әҳмийетли фактор болып есапланады.
Г. Арзиева,
Нөкис районлар аралық
экономикалық судының судьясы
Сайт I Telegram I Facebook I YouTube I Instagram