Ана тилиме
Жыраў сени бәйги атындай баплаған,
Шешенлер даўда шынтлап сени таплаған.
Алпамыслар уран етип урыста,
Бердақ сени қурал етип саплаған.
Байтерексең өскен гөне тамырдан,
Дилўарлығың қыл суўырған қамырдан.
Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса,
Сөз қыйсыны ғәзийнеңнен табылған.
Гүлпаршынлар баўыры оттай қамылып,
қызлар сыңсып муңын айтқан шағынып,
Сен арқалы ханды жумсап қатынлар,
Әжинияз сайраған елин сағынып.
Нақылларын шағып көрсем маңыздан.
Жуўабысаң зейин суўын ағызған.
Атам саған азаматлық жан берип,
Анам саған мийрим сүтин тамызған.
Ырасгөйсең дурысын айтқан аңқылдап,
Саҳрайысаң қатты даўыс шаңқылдақ.
Жалған сөйлеп жағыныўды билмейсең,
Сыбырласаң ғазлар үркер ғаңқылдап.
Мен теңеймен сени жеген наныма,
Уўыз бенен руўхың сиңген қаныма.
Ес билгели тил жатырқап көрмедим.
Бирақ сен дым жақынсаң-аў жаныма!
Сазға қоссам, ҳаўалаған аласар,
Илме султан суўлығың жарасар.
Қандай жақсы ағайынның көплиги!
деп саған көп тил таласар.
Ана тилим, сен-басқадан айырмам,
Сен турғанда мен де әдеўир шайырман.
Сонша қатал сүргинлерден жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.
Ибрайым Юсупов.
https://t.me/Naqillar