Әжинияз шығармалары түрк тилинде
Түркияның Haci Bayram Veli университетинде “Karakalpak Şairi Acıniyaz Kosıbay Ulı” китабының презентациясы болып өтти. Түрк академиясы тәрепинен баспаға таярланған китапта Әжинияз Қосыбай улының қосықлары қарақалпақ ҳәм түрк тилинде жәрияланған. Презентацияға университет ректоры профессор М.Нажи Бостанжы, Түрк академиясы баслығы Ш.Мустафаев, Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызыстан, Әзербайжан ҳәм Түркменистан мәмлекетлериниң консуллық ўәкиллери, илимпазлар қатнасты. Китапты баспаға таярлаўға үлес қоскан Haci Bayram Veli университети доценти Хүсейн Йылдырым, Бердақ атындағы ҚМУ профессоры Қуўанышбай Оразымбетовлар шығып сөйлеп, қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.
@adebiyat_shaydalari
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал