#XАБАРЛАНДЫРЫЎ
🏢
Әдиллик министрлиги тәрепинен халқымыз арасында ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириўге ҳәм де нызамлылықты беккемлеўге қаратылған, сондай-ақ мәдений-ағартыўшылық саласына байланыслы “Әдиллик сейили” атамасындағы ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилмекте ☑️Шөлкемлестирилип атырған
“Әдиллик сейили” не сизди мират етемиз!
📌Илажда пуқараларға барлық тараўлар бойынша бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар, ҳуқықты қорғаў уйымлары, авдокатлар, нотариуслар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер қатнасады.
❗️
СЕЙИЛ ДАЎАМЫНДА:🔹“Көшпели қабыллаўлар";
🔹медициналық көрик;
🔹мийнет ярмаркасы;
🔹спорт жарыслары;
🔹саўғалы викториналар;
🔹мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы;
🔹психолог мәсләҳәти ҳәм басқа бир қатар илажлар өткериледи.
👉Мәнзил: Нөкис районы, “Дийқан арна" мəҳəллеси
📣Әдиллик министрлиги бәршени усы илажда белсене қатнасыўға шақырып қалады.
✔️Сейил бойынша мағлыўматлар министрликтиң социаллық тармақларында жәриялап барылады.
⏰Илаждың басланыў ўақты: 2024-жыл 11-декабрь, саат: 10:00 де
Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme