Шоманай районлық электр тǝмийнатының «Шоманай», «Дийханабад», «Муўсаев», «Ташкент» усталық бөлимшелериндеги жǝми 23 қǝнигелери ҳǝм айрықша жағдайлар басқармасы қǝнигелери менен биргеликте Шоманай РЭТ оқыў-шынығыў майданшасында «10кВ «Полигон» фидери ҳаўа тармағындағы куўатлылығы 100кВА трансформатор пунктинде өрт келип шығыўы ҳǝм оны сапластырыў» темасында ǝмелий шынығыў өткерилди. Илаж даўамында хызметкерлер өрт келип шыққан жағдайда өзлерине жүклетилетуғын ўазыйпаларды орынлаў бойынша теориялық ҳǝм практикалық билимлерин жетилистирди.
«АЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы баспасөз хызмети
«АЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы баспасөз хызмети