#Кеўил_билдириўМедицина тараўының ири ўәкили, медицина илимлериниң кандидаты, тәжрийбели хирург, Беруний районлық медицина бирлеспеси хирургия бөлиминиң баслығы
Базарбай Оразалиев 76 жасында мезгилсиз бул дүньядан өтти. Б.Оразалиев 1949-жылы Беруний районында туўылған. 1971-жылы Ташкент мәмлекетлик медицина институтын тамамлаған ҳәм өз тараўында 1971-жылдан 1980-жылға шекем Нөкис қаласында, 1980-жылдан ҳәзирги күнге шекем Беруний районы медицина бирлеспесинде жумыс иследи.
Өзиниң билими ҳәм потенциалы менен Берунийде медицина мектебин жарата алды. Искерлиги даўамында хызметлери мүнәсип баҳаланып, мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары
1983-жылы "Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен медицина хызметкери," 2023-жылы "Дослық" ордени менен сыйлықланған. Б.Оразалиев өмириниң ақырғы күнлерине шекем өзиниң илими, бар потенсиалы менен медицина тараўына мүнәсип үлес қосты, көплеген шәкиртлерге устазлық етти.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги марҳумның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди. Оның изинен қалған жақсы ат ҳәм нәтийжели жумыслар келешек әўладлар қәлбинде мәңги сақланып қалады.
——
#
Таъзия
Тиббиёт соҳасининг йирик вакили, тиббиёт фанлари номзоди, салоҳиятли жарроҳ, Беруний туман тиббиёт бирлашмаси хирургия бўлими мудири
Базарбой Оразалиев 76 ёшида бу дунёни тарк етди. Б.Оразалиев 1949 йиль Беруний туманида туғилган. 1971 йил Тошкент давлат тиббиёт институтини тугатган ва ўз соҳасида 1971 йилдан 1980 йилгача Нукус шаҳрида, 1980 йилдан то ҳозирга қадар Беруний тумани тиббиёт бирлашмасида фаолият юритди. Ўзининг билими ва салоҳияти билан Берунийда тиббиёт мактабини ярата олди.
Фаолияти давомида хизматлари муносиб баҳоланиб, давлатимизнинг юксак мукофотлари
1983 йилда “Қорақалпоғистон Республикасида хизмат кўрсатган тиббиёт ходими”, 2023 йилда “Дўстлик” ордени билан мукофотланган. Б.Оразалиев умрининг охирги кунларигача ўзининг илми, бор салоҳияти билан тиббиёт соҳасига муносиб ҳисса қўшди, кўплаб шогирдларга устозлик қилди.
Қорақалпоғистон Республикаси Соғлиқни сақлаш вазирлиги марҳумнинг оиласи ва яқинларига чуқур ҳамдардлик изҳор этади. Унинг ортидан қолган яхши ном ва оқибатли ишлар келажак авлодлар қалбида мангу сақланиб қолади.
Каналга уланиш:
@Kar24Uz