HIDAYATNURI.UZ | Рәсмий канал️


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Religion


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Хожели районы "Пирим ийшан баба" жаме мешити рәсмий сайтының Telegram каналы!

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Religion
Statistics
Posts filter


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
#рамазан_2025

РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ 30-МАРТ КҮНИ БЕЛГИЛЕНЕДИ

✍️ Өзбекстан Республикасы Президенти "Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында"ғы қарарына қол қойды.

Усы қарарға көре, усы жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 30-март – екшемби күнине туўры келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилип, мәмлекетимизде 2025-жыл 30-март күни Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгилениўи белгиленген.

Бәршемизге Рамазан ҳайыты мүбәрек болсын!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#maqola

🔹Mavzu: ALIXONTO’RA SOG’UNIYNING HAYOTI VA IJODI HAQIDA

Alixonto’ra Sog’uniy 1885 yilda Turkiston o’lkasining To’qmoq shahrida dehqonchilik bilan shug’ullanuvchi o’zbek oilasida tug’ilgan. Bu shahar hozirgi Qirgiziston hududida joylashgan. Alixontora ozining adabiy taxallusini ona shahrining qadimiy nomi Bolasog’un bilan bog’lagan. Otasi Shokirxonto’ra davrining o’qimishli kishilaridan bo’lgan. U o’g’lining ilm olishiga alohida e’tibor qaratadi.

⚡️ TO'LIQ...

© Haytmurat Erejepov

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📜
: @hidayatnuriuz


#maqala

🔹Tema: Pitir sadaqasi ne sebeb beriledi?

Pitir sadaqası — orazadan shıǵıw munasibeti menen beriletuǵın sadaqa. Ol Ramazan ayında paydasız gáp-sóz, islengen qáte hám kemshiliklerdi juwıw hám de jarlı, miskin, jetim hám jesirlerdıń ashlıqların ketiriw maqsetinde engizilgen. Imam Vaki ibn Jarrah rahimahullah aytadı: “Pitir sadaqası – sajdayi sahuwge uqsaydı. Namazdıń orınlanıwı shárt (wajip) ámeli tark bolǵanda, sajdayi sahuw islew menen namaz tuwrılanǵaninday, pitir sadaqası da orazanıń kemshiliklerin toldıradi”.

⚡️ TOLÍQ...

© Ilyas Sabírbaev

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📜
: @hidayatnuriuz


Forward from: Muslim.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#Ramazon
#muftiy_minbari

🌙 АКА-УКАЛАР ОҚИБАТЛИ БЎЛСИН
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook

#muftiy_minbari@muslimuzportal

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати

🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
#рамазан_2025

Хожели районы мешитлеринде оқылған тараўиҳ намазларынан көринислер

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#мақала

🔹Тема: ҚИРӘӘТЛЕР ҲƏМ ҚИРӘӘТ ИМАМЛАРЫ

Араблар бир неше қәўимлерге бөлинип жасағанын билемиз. Ҳәр бир қәўимниң өз диалекти бар. Бул диалектиндеги айырмашылықлар сөйлесиўде сезилсе де, мәнисине үлкен тәсир етпейди. Бул да араб тилиниң тартымлылығы ҳәм кең қамтыўлылығының бир көриниси болып табылады. Қуранның араб тилинде «жети ҳәрип»те нәзил болыў ҳикметиниң сыры да сонда.

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Ильяс Сабырбаев

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📜
: @hidayatnuriuz


Өмирге жоқарыдан қарасаң, инсанлардың тек ғана жоқарғы тәрепин көресен.
Өмирде ҳәр дайым инсанлардың жүзине қара. Әне сонда инсанлардың жүзин-де ҳәм қәлбин-де көре аласан.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


#аўыз_ашыў_ўақты

      АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📜 @hidayatnuriuz


#аят #дуўа

"Я Рәббим! Мени ҳәм зүрядымды (көп перзентлеримди) намазды кәмил оқыйтуғын қыл Я Рәббим! Дуўамды қабыл ет!"
(Ибраҳим сүреси, 40-аят)

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


#тәрбия

Жақсы көрилиўди қәлейсиз бе?

- Басқаларды тыңлаўды үйрениң, сәўбетлесиңиздиң сөйлеў еркинлигин шеклемең;
- Кемтар болың. Себеби кемтарлық сүйкимли болыўдың ең тәсирли жолы;
- Ҳә дегенде мақтаў еситиўди қәлеўиңизди шетке сүрип, руўханландырыўды, басқаны да мақтаўды үйрениң;
- Барқулла көтериңки кейпиятта жүриў қыйын, бул түсиникли. Бирақ, қолдан келгенше ғам-тәшўишиңизди жасыра билиң;
- Сын пикир айтылса дурыс қабыллаўды үйрениң;
- Ашық жүз, шийрин сөз кеўиллер гилти;
- Мудамы биринши сәлем бериўге ҳәрекет етиң, соң ҳал-аўҳал сорасың;
- Ағайин-туўғанлар менен тез-тез барды-келди қатнасықларын жақсы жолға қойың, қоңсы-қоба, таныс-билислер менен жақсы мүнәсибетте болың.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


#аўыз_ашыў_ўақты

      АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📜 @hidayatnuriuz


#ҳикмет

Әлий ибн Әбиў Талыб айтады:

Денениң рәҳәти аз аўқатланыўда.
Нәпсиниң рәҳәти гунаны азайтыўда.
Қәлбтиң рәҳәти итибардың азлығында.
Тилдиң рәҳәти аз сөйлеўде.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


Ибн Масъуд (разыяллаҳу анҳу) айтады: «Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам):
"— Расгөйликти беккем тутыңлар. Ол жақсылыққа жоллайды, жақсылық болса жәннетке баслайды. Инсан рас сөйлеў ҳәм расгөйликке интилиўде даўам етебереди, нәтийжеде Аллаҳ ҳүзиринде расгөй деп жазылады.
— Жалғаншылықтан сақланыңлар. Ол гүнакарлыққа жоллайды, гүнакарлық болса дозахқа баслайды. Бенде жалған сөйлеў ҳәм жалғаншылыққа интилиўде даўам етебереди, нәтийжеде Аллаҳ ҳүзиринде жалғаншы деп жазылады",
деди»
(Имам Бухарий, Муслим ҳәм Термизий рәўияты)

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


#ҳәдис

Әбиў Ҳурайра (разыяллаҳу анҳу)дан:
Аллаҳ Расулы (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) айтды:
«Бир инсан жолда тикенге дус келди. Өзине: «Бул тикенди алып таслайман. Мусылманларға, инсанларға азар бермесин», деди. Сол себепли оның гүналары кеширилди».
(Бухарий ҳәм Муслим рәўияты).

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


#аўыз_ашыў_ўақты

      АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📜 @hidayatnuriuz


#аят

"Солай екен, Мени еслең, (Мен де) сизлерди еслеймен. Маған шүкир қылың, нашүкир болмаң!"

(«Бақара» сүреси, 152-аят)

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


🍃 Инсан өмириндеги ең үлкен пүшайманларынан бири бул – өз қәдирин билмеслиги.

🍃 Инсан өмириндеги ең унамлы жағдайы бул – жығылғанынан кейин тура алыўы.

🍃 Инсан өмириндеги ең үлкен жоғалтыўы бул – үмитиниң сөниўи.

🍃 Инсан өмириндеги ең үлкен жеңиси бул – ден саўлығы ҳәм ақылы.

🍃 Инсан өмириндеги ең үлкен әззилиги – оның пәкизе қәлби.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


#аўыз_ашыў_ўақты

      АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📜 @hidayatnuriuz


Дүньяда неден қуўанған болсаң, оннан айрылып ғамға батыўың ҳаққында да ойла.
Сен неден қуўанған болсаң, сеннен алдын өткен инсанлар да оннан қуўанған еди. Ақырында не болды? Шамал киби келди! – кетти!

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz


Бәрше-бәршесин Аллаҳға тапсырып жасаў жүдә гөззал-я?!

Автобусқа минсең, рульде айдаўшы болғаннан кейин, биймәлел кетесен.
Саатың бузылса, саатсазға алып барасан ҳәм оның тәжрийбесине исенип, кеўилиң қәтержам болады.

Бәрше ислериңди Аллаҳға тапсырсаң, оған тәўеккел қылсаң, ширайлы питиўине қалай гүман қыласан?
Буннан артық тәскин барма?

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

📃 @hidayatnuriuz

20 last posts shown.