Белсенди ҳаял-қызларға «Итибар-2024» сыйлығы тапсырылдыБүгин Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Итибар-2024» сыйлығын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға деген итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген болып, усы тийкарда олардың жәмийетлик-сиясий турмысымызда белсендилиги артып, барлық тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.
Соны да айрықша айтыў керек, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар даўам еттирилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў бағдарында көплеген жеңилликлер берилмекте, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып атыр.
Бүгинги өткерилген илажда елимиздиң социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий турмысында белсендилик кѳрсеткен, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында нәтийжели жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларымыздың хызметлери баҳаланып, оларға «Итибар-2024» сыйлығы тапсырылды.
Сондай-ақ, «Жыл ҳаялы» ҳәм «Гендер теңлик белсендиси» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеӊимпазлары сыйлықланды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
—
Фаол хотин-қизларга «Итибар-2024» мукофоти топширилдиБугун Қорақалпоқ давлат ёш томошабинлар театрида «Итибар-2024» мукофотини топширишга бағишланган тантанали тадбир бўлиб ўтди.
Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг ўринбосари Р.Сапарбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни табриклади.
Таъкидланганидек, бугунги кунда мамлакатимизда хотин-қизларга бўлган эътибор давлат сиёсати даражасига кўтарилган бўлиб, шу асосда уларнинг ижтимоий-сиёсий ҳаётимиздаги фаоллиги ортиб, барча соҳаларда юқори натижаларга эришмоқда.
Шуни ҳам алоҳида таъкидлаш жоиз, сўнги йилларда ҳурматли Президентимизнинг алоҳида эътибори билан хотин-қизларни қўллаб-қувватлаш бўйича чора-тадбирлар давом эттирилиб, уларнинг бандлигини таъминлаш, тадбиркорликка жалб этиш борасида кўплаб имтиёзлар берилмоқда, айниқса, ижтимоий ҳимояга муҳтож хотин-қизларимиз моддий ва маънавий қўллаб-қувватланмоқда.
Бугунги ўтказилган тадбирда юртимизнинг ижтимоий-иқтисодий ва сиёсий ҳаётида фаоллик кўрсатган, халқимиз фаровон ҳаётини таъминлаш йўлида самарали фаолият олиб бораётган хотин-қизларимизнинг хизматлари баҳоланиб, уларга «Итибар-2024» мукофоти топширилди.
Шунингдек, «Йил аёли» ва «Гендер тенглик фаоли» танловларининг Қорақалпоғистон Республикаси босқичи ғолиблари тақдирланди.
Тадбир санъат ва маданият ходимлари ижросидаги концерт дастури билан давом этди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube