Дзюдо бойынша Өзбекстан кубогы жарысларының ашылыў мәресими болып өттиБүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж) спорттың дзюдо түринен жаслар арасында Өзбекстан кубогы жарысларының ашылыў мәресими болып өтти.
Ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р. Сапарбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы дзюдо федерациясы баслығы З.Кахраманов қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи.
Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр. Өткерилип атырған спорт жарыслары мине усы бағдардағы жумыслардан бири есапланады.
Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген беллесиўлер баслап жиберилди.
___
Дзюдо бўйича Ўзбекистон кубоги мусобақаларининг очилиш маросими ўтказилдиБугун Нукус шаҳридаги 1-сонли спорт мактабида (Манеж) спортнинг дзюдо тури бўйича ёшлар ўртасида Ўзбекистон кубоги мусобақаларининг очилиш маросими бўлиб ўтди.
Очилиш маросимида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг ўринбосари Р.Сапарбаев ва Ўзбекистон Республикаси дзюдо федерацияси раиси З.Кахраманов иштирок этди.
Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг ўринбосари Р.Сапарбаев сўзга чиқиб, барча иштирокчиларни мусобақанинг очилиши муносабати билан табриклади ва омад тилади.
Таъкидланганидек, сўнгги йилларда юртимизда ҳурматли Президентимиз раҳбарлигида жисмоний тарбия ва спортни ривожлантиришга, ёшларни спортга кенг жалб этишга, Олимпия ва миллий спорт турларини ривожлантиришга алоҳида эътибор қаратилиб, бу борада кенг кўламли чора-тадбирлар амалга оширилмоқда. Ўтказилаётган спорт мусобақалари ана шу йўналишдаги ишлардан биридир.
Бундан сўнг кун давомида ўтказилиши белгиланган беллашувлар бошлаб юборилди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube