Ҳаял-қызларға проценциз тәлим кредитин бериў тәртиби ҳаққында мағлыўматПрезиденттиң 2022-жыл 18-июлдағы
ПҚ-323-санлы қарарына бола, төлемли-коньтрактта оқып атырған ҳаял-қызларға
пайызсыз (0%) тәлим кредитин бериў системасы
енгизилген.
❓
Ол кимлерге бериледи?
✅ Өзбекстандағы
барлық жоқары билимлендириў мәкемелери студентлерине (
мәмлекетлик, жеке меншик ҳәм сырт ел ЖООларының Өзбекстандағы филиаллары);
✅ Орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери оқыўшыларына (
техникум, кәсип-өнер колледжи ҳәм т.б.).
❓
Қайси курсларга бериледи?
✅ Барлық курстағыларға бериледи, 1-курс па, 3-курс па, парқы жоқ.
❓
Қайси билимлендириў формасына бериледи?✔️ тек қана күндизги билимлендириў формасына.
❌
Төмендегилерге берилмейди:➖ супер-коньтракт;
➖ сиртқи, кешки ҳәм аралықтан билимлендириў түрине;
➖ қоспа билимлендириў;
➖ екинши қәнигелик;
➖ ординатура;
➖ шет елдеги ЖООларға.
❓
Төлеў қашаннан басланады?Билимлендириў кредитиниң тийкарғы бөлеги студенттиң рәсмий оқыў мүддети жуўмақланғаннан кейин жетинши айдан баслап (яғный алты айдан соң)
7 жыл даўамында қайтарылады.
Мәселен, 7 миллион сум билимлендириў кредити алынса, оқыўды тамамлағанынан соң, 6 ай өтип, 7 жыл даўамында айма-ай 83 мың сумнан төлеп барылады.
❓
Пайызсыз тәлим кредити алыў ушин кем тәмийинленген болыў керек пе?✅ Яқ, бул тәлим кредити шаңарақлық жағдайына қарамастан барлық ҳаял-қызларға бериледи, тек ғана "
Ҳаял-қызлар дәптери"не киргенлерге, мүтәж шаңарақларға бериледи, деген гәп надурыс.
👉
@Karakalpak24