Хабарландырыў!
Тахтакөпир районы Медицина бирлеспесинде усы жылдың 28-октябрь күнинен 6-ноябрь күни аралығыда «Көкирек бези саратаны кеселлигиниң алдын алыў» ҳәптелиги мүнәсибети менен Нөкис қаласынан көшпели Мобил маммография үскенеси келип, райондағы 45-65 жас аралығындағы ҳаял-қызларды бийпул медициналық тексериўден өткермекте.
Бул тексериўлерден тийкарғы мақсет ҳаяллар арасында көп ушырасатуғын сүт бези кеселликлерин ерте басқышларында анықлаў имканияты жаратылады. Маммографияда тексерилген ҳәр бир ҳаялдың нәтийжелери Ташкент қаласының онкология орайындағы тәжрийбели қәнигелери тәрепинен көрип шығылады ҳәм жуўмақ бериледи.
Сонлықтан ҳүрметли ҳаяллар, өз денсаўлығыңызға бийпарық болмастан, пуқаралығыңызды тастыйықлаўшы ҳүжжетиңиз бенен келип медициналық тексериўден өтиўге шақырып қаламыз.
Тахтакөпир районы Медицина бирлеспеси
Мағлыўмат ушын тел:
+99(861) 435 20-45
+99(899) 760 32-60
каналға ағза болыў:
https://t.me/Taxtakopir_press