Бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен Республика көлеминде "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбарына старт берилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан видеобайланыс арқалы елимиз абаданлығына, жасыл белбеўлерди пайда етиўге үлес қосыўды нийет еткен республика белсендилери, жаслар, нураныйлар ҳәм ҳаял-қызлар, мәкеме, шөлкемлер хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Нөкис қаласы әтирапында терек нәллерин отырғызыў жумыслары баслап жиберилди.
Айтып өтиў орынлы, быйылғы жылы гүз мәўсиминде “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде жәми 5 млн. 600 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәллер егилиўи нәзерде тутылған болып, реже артығы менен орынланыўы белгиленген. Бул илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде питомниклеримизде терек нәллериниң резерви жаратылып, 6 млн. 764 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин сатып алыў ушын шәртнамалар дүзилген.
Бүгинги күнде қала ҳәм районларымызда 2 млн 812 мыңнан аслам терек нәллери егилип, бул жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.
—
Бугун Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев томонидан республика миқёсида "Яшил макон" умуммиллий лойиҳасига старт берилди.
Унда Қорақалпоғистон Республикаси ва вилоятлардан видеоалоқа орқали мамлакатимиз фаровонлигига, яшил белбоғларни барпо этишга ҳисса қўшиш ниятида бўлган республика фаоллари, ёшлар, нуронийлар ва хотин-қизлар, идора, ташкилотлар ходимлари ҳамда кенг жамоатчилик вакиллари иштирок этди.
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев раҳбарлигида Нукус шаҳри атрофида дарахт кўчатларини экиш ишлари бошлаб юборилди.
Таъкидлаш жоизки, жорий йил куз мавсумида "Яшил макон" лойиҳаси доирасида жами 5 миллион 600 минг дона манзарали ва мевали дарахт кўчатлари экилиши кўзда тутилган бўлиб, режа ортиғи билан бажарилиши белгиланган. Ушбу тадбирларни юқори савияда ташкил этиш мақсадида питомникларимизда дарахт кўчатлари захираси яратилиб, 6 миллион 764 минг дона декоратив ва мевали дарахт кўчатларини харид қилиш учун шартномалар тузилган.
Бугунги кунда шаҳар ва туманларимизда 2 миллион 812 мингдан зиёд дарахт кўчатлари экилиб, бу ишлар уюшқоқлик билан олиб борилмоқда.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes🌐
Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐
YouTube