SM ADVOCATE


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Law


Адвокат пенен байланысыў ушын төмендеги силтемелерге жазың.
@advokat_penen_soylesiw_bot
«SM-ADVOCATE» адвокатлық бюросы, Гүӯалық №2247925. Лицензия №121521

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Law
Statistics
Posts filter


Forward from: "Abat mákán" máhállesi
‼️Dıqqat xabarlandırıw‼️

2025-jıl 21-24-yanvar kúnleri respublika sektor hámde ministrlik hám mákemeler basshıları tárepinen puqaralardıń múrájatlarına hám xalıqtı qıynap kiyatırǵan mashqalalarǵa sheshim tabıw boyınsha orınlarda kóshpeli qabıllaw ótkeriledi.

Qabıllaw rejesi joqarıdaǵı kestede kórsetilgen.

Onda Ózbekstan Respublikası Joqarı sudı, Bas prokuratura, Ishki isler ministrligi, Densawlıqtı saqlaw ministrligi, Qurılıs hám úy-jay kommunal xojalıǵı ministrligi, Oraylıq bank, Bajıxana basqarması, Salıq komiteti, Kadastr agentligi hám basqa da mákemeler basshıları qatnasadı.

https://t.me/abat_makan_jaslar


Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий судта бир жылдан бери шешилмей атырган мәселе пуқара пайдасына шешилди.

Бир хызметкерди арзасы менен жумыстан босатылған еди. Биз арзасын мәжбүрий жаздырылған деп тиклеўди сорап
жумыс бериўшини судқа даўа арза берип едик.  Биринши инстанция суды ҳәм апелляция инстанциясы арзасын ықтыярый жазған деп тиклеген жоқ еди.
Бирақ биз изинен қалмай Ташкентке Олий суд баслығы қабыллаўына шекем бардық.
Олий судқа биз арза мәжбүрий жазылғанын толық дәлиллеп бердик ҳәм Олий судтың бүгинги қарары менен хызметкер жумысқа тикленип, оған 183 млн сўм (168 млн сўм ис ҳақы ҳәм 15 млн руўхый зыян) пул өндирилип берилетин болды.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Адвокат тәрепинен төмендеги мәселелер бойынша юридикалық хызмет көрсетиў нәтийжесинде пуқаралардың ҳәм исбилерменлердиң пайдасына шешилиўине жәрдем көрсетилди.

1. 2 хызметкер жумыстан нызамсыз босатылғанлығы судқа дәлийлленип, жумысқа тикленди. Оларға бос жүрген күнлери ушын ис ҳақы, сондай-ақ руўхый зыян өндирилиў бегиленди.

2. Бир исбилерменге өзбасымша имарат қурдың деп кадастр агентлигиниң жәриймасы бул имарат өзбасымша қурылмағанлығы дәлилленип, суд арқалы бийкар етилди.

3. Бир неше пуқаралардың ЖПХ, салық органы ҳәм кадастр агентлиги қарарлары пуқаралар пайдасына бийкар етилиўи, өзгертилиўине жәрдем көрсетилди.


4. Бир исбилерменге зат сатып алды сатты қылғанлығы ушын есапланған 200 млн сумға шамалас салығы суд арқалы бийкар етилип, исбилерменниң жынайый жуўапкершиликке тартылыўы алды алынды.  Тийкарсыз есапланған салық төленбейтин болды.

5.  Бир пуқараға қамаққа алыу ҳаққында санкция суд тәрепинен отказ етилиўге юридикалық жәрдем көрсетилип, пуқараның судқа шекем қамақта сақланыўы алды алынды.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Адвокат тәрепинен төмендеги хызметлер көрсетиледи.

1. Мийнет нызамшылығы, семьялық ислер, жер, мийрас ҳәм барлық түрдеги пуқаралық ислер бойынша даўларда арза, даўа арза жазып бериў, судта адвокат сыпатында қатнасыў:
2. Жынаят иси бойында тергеўде ҳәм судта қорғаўшы адвокат сыпатында қатнасыў:
3. Салық даўлары бойынша даўа арза жазып бериў ҳәм судларда ўәкилиңиз сыпатында қатнасыў:
4.  Суд қарарлары үстинен апелляция ҳәм кассация арзларын жазып бериў ҳәм судларда қатнасыў:
5. Юридикалық шахслар ортасындағы даўлар бойынша экономикалық судларда қатнасыў;
6.  Жол ҳәрекети қағыйдалары, кадастр органлары ҳәм басқа ҳәкимшилик жәриймалар бойынша юридикалық жәрдем көрсетиў:
7. Исбилерменлер ҳәм юридикалық шахсларға юридикалық хызметлер көрсетиў.

Адвокат пенен байланысыў ушын төмендеги ботқа жазың

@advokat_penen_soylesiw_bot


Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Ассалаўма алейкум!
Кирип киятырған 2025-жыл Жаңа жыл байрамы менен шын кеўилден қызғын қутлықлайман. Сизлерге ҳәм шаңарақ ағзаларыңызға беккем зор ден саўлық, бахыт, дәўлет, мол ырысқы несибе, аўызбиршилик ҳәм әўмет тилеймен.

@SM_ADVOKAT


Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Эртадан субсидия учун аризалар бериш бошланади

1. Субсидия учун кимга мурожаат қилинади❓

▪️Субсидия олиш учун давлат хизматлари маркази ёки ЯИДХП орқали(my.gov.uz/oz/service/325) ариза берилади.

▪️Бунда анкета-ариза электрон тарзда тўлдирилади ва мазкур хизмат мутлақо бепул.

▪️23 сентябрдан аризалар қабул қилиш бошланади.

2. Субсидия олиш учун даромад қанча бўлиши лозим

▪️Субсидия даромади юқори бўлмаган фуқаролар ёки оилаларга берилади.

▪️Ариза берувчи ва/ёки унинг турмуш ўртоғининг (шу жумладан, кафил сифатида келтирган яқин қариндошлари) ўртача даромад миқдори:

– Қорақалпоғистон Республикаси ва вилоятларда — МҲТEКМнинг 2,7 бараваридан (2 млн 835 минг сўм) 8 бараваригача (8 млн 400 минг сўм);

– Тошкент шаҳрида — МҲТEКМнинг 2,7 бараваридан (2 млн 835 минг сўм) 9,2 бараваригача (9 млн 660 минг сўмгача) бўлиши зарур.

3. Даромади етмаса қандай йўл тутиш мумкин❓

▪️Ариза берувчи ўзининг даромади етмаса, унинг хоҳишига кўра, даромадлари ҳисоб-китобига яқин қариндошларининг ҳам даромадларини киритиши мумкин.

4. Cубсидия ажратишда нималарга эътибор қаратилади❓

▪️Субсидия ажратишнинг мезонлари бор, уларнинг биринчиси юқорида келтирилган ойлик даромад миқдори.

▪️Иккинчиси, аризачининг амалдаги турар жойининг мақоми:

– ижара (эр-хотиннинг ўз мулкида уй-жойи мавжуд эмас)

– эгасининг рухсати билан текин турар жой (эр-хотиннинг ўз мулкида уй-жойи мавжуд эмас)

– ариза берувчининг ўз мулкида якка тартибдаги уй-жойи мавжудлиги (якка тартибдаги уй-жой қуриш ва реконструкция қилиш учун).

▪️Учинчидан, ижтимоий ҳимояга муҳтож бўлган айрим шахслар:

– “Labor-migration” дастурида рўйхатдан ўтган меҳнат мигранти;

– олис ва чекка ҳудудларда жойлашган бюджет ташкилотларига бошқа ҳудудлардан меҳнат фаолиятини амалга ошириш учун келган олий маълумотли мутахассис ва (ёки) тиббиёт ходими;

– ёш оилалар, шу жумладан, 30 ёшдан ошмаган фуқаролар

– оғир ижтимоий вазиятга тушиб қолган аёллар.

▪️Тўртинчидан, ариза берувчи ва унинг оиласидаги шахсларнинг қуйидаги тоифага мансублиги:

– биринчи гуруҳ ногиронлиги бўлган шахс;

– сурункали касалликнинг оғир турларидан азоб чекувчи;

– оғир ногиронликка олиб келувчи касалликка чалинган болани парваришлаётган.

– Ижтимоий мезонлар асосида 30 (жами 50 балдан) ва ундан юқори балл тўплаганларга субсидия берилади.

5. Қайси ҳолатларда субсидия берилмайди❓

▪️Қуйидаги ҳолларда субсидия ажратиш рад этилади:

– аризада кўрсатилган маълумотлар ижтимоий мезонларга мос келмаганда;

– маълумотлар нотўғри ёки сохта бўлганда;

– илгари имтиёзли ипотека кредитлари асосида квартира ёки уй-жой ҳамда субсидия олганлар ариза берганида;

– жорий йилда ҳудуд учун ажратиладиган субсидия сони тугаганда;

– ариза берувчи ва/ёки оиланинг ўртача ойлик даромади юқорида кўрсатилган даромаддан кўп ёки кам бўлганида.

– Бошқа асослар билан рад этиш мумкин эмас, ариза рад этилганидан сўнг яна қайта мурожаат қилиш мумкин.

– Субсидия олувчилар кўп бўлганда, дастлаб биринчи ариза берганларга субсидия ажратилади.

6. Бошланғич тўлов ва кредит фоизи қанча❓

▪️Дастлабки тўлов учун 30 млн сўм субсидия берилади.

▪️Шунингдек, субсидия асосида олинган кредит фоизининг 12 фоизидан ошган қисми қоплаб берилади, илгари 10 фоизидан ошган қисмига берилган. 2025 йилдан бошлаб эса фақат Марказий банк асосий ставкасидан ошган миқдор қоплаб берилади.

7. Кредит миқдори қанча❓

▪️Субсидия асосида ажратиладиган кредит миқдори Қорақалпоғистон Республикаси ва вилоятларда 330 млн, Тошкент шаҳрида эса 420 миллионни ташкил қилади.

▪️Субсидия асосида ажратилган кредит сотиб олинаётган уй нархига етмаса, банклар ўз маблағидан кредит ажратиши мумкин.

Масалан, уй нархи 600 млн, субсидия эса 420 млн, 180 млн етмаганини банк ўзи кредит сифатида беради ва фоизини ҳам мустақил белгилайди.

Ипотека асосида янги уй олаётганда кредитни суғурта қилиш бекор қилинган.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Ҳәммеге байрам қутлы болсын

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-февраль күнги ПП-37-санлы Пәрманына муўапық;

2025-жыл 1-январдан баслап, мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў мекемелеринде ана тили ҳәм әдебият ҳәмде тарийх пәнлери бойынша билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған ҳәм усы пәнлерден сабақ бериўши педагог кадрларға олардың тариф ставкасына қарата 50% муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төлениўи белгиленген.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 6-май күнги 263-санлы Қарарына муўапық, оқытыўшыларға 40%ке шекемги үстеме төленетуғын жаңа қарар қабылланды

2024/2025 оқыў жылынан баслап оқытыў ҳәм билимди баҳалаўдың жаңа тәртибин енгизген, оқыўшылары унамлы көрсеткишлерди көрсетип атырған мектеплер администрациясы ҳәм оқытыўшыларына үстеме бериў бойынша Министрлер Кабинетиниң жаңа қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, енди нәтийжелерге қарай  тийисли баҳалаў критерийлери бойынша мектеплердиң администрациясы ҳәм оқытыўшылардың тариф ставкасына салыстырғанда 40%ке шекемги үстеме бериледи.


Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT




2024-жыл 1-июль күнинен баслап күшке кирген нызамшылықтағы өзгерис ҳәм қосымшаларды видеода


https://youtu.be/n9g-LReQ-kE?si=izUfjRSJocWkO7GL

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Айырым бюджет мекемелерде штатлар кыскарыуы усыныс етилмекте. Атап айтканда, адиллик болими, халык кабыллаухана, газнашылык, ден-саулыкты саклау, билимлендириу, маденият хам спорт тарауында штатлар кыскарыуы мумкин.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Социаллық тармақларда енди кредит ушын процентлер есапланбайды деген толық болмаған хабарлар тарқалмақта.
Яғный хабарларда енди кредит ушын процент төлемесеңизде болады деген қысқа текстти оқып көплеген түсинбеўшиликлер келтирип шығармақта.

Тийкарынан, бул нызамшылықтағы өзгерис бойынша кредит бойынша банк судқа берип, өндирилсин деген суд ҳүжжети шыққан соң процент есапланыўы тоқтатылады.
Яғный банк кредит қарыздарлығын өндириў бойынша судқа берип, суд қарары шықпаса процент есапланып төлейбересиз.

@advokat_penen_soylesiw_bot


Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Март айында 13 күн дем алыс болады. Дерлик ярым ай дем алады екенсиз)

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


Муғаллимлер ҳәм педагоглар ушын жаңалық

"Педагогтың статусы ҳаққында"ғы нызам Президент тәрепинен имзаланды ҳәм рәсмий күшке кирди.

Енди педагогтың ҳуқықлары, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абыройы мәмлекет қорғаўында болады.

Нызам менен педагогларға кәсибине байланыслы ислерге, абаданластырыў ҳәм аўыл хожалық ислерге тартыў қадаған етилип атыр.
Сондай-ақ,  педагоглардан кәсибине тийисли болмаған есабатлар, басқа мағлыўматларды, атап айтқанда питириўшилердиң бәндлиги тәмийнленгенлиги ҳаққындағы есабат жүритиў ҳәм талап етиў қадаған етилип атыр.
Педагогларға товар яки хызметлерди сатып алыўға мәжбүрлеў, ис ҳақысынан товар  ҳәм хызметлер ушын айлығынан услап қалыў қадаған етилип атыр.

Жаңалықты муғаллимлер ҳәм педагогларға жиберип қоямыз

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT



17 last posts shown.