Qaraqalpaqstan Respublikası Awıl xojalıģı ministrligi.


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek


Қорақалпоғистон Республикаси Қишлоқ хўжалиги вазирлиги Матбуот хизмати

Веб-сайт
http://qqragro.uz

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


Húrmetli Kudiyarov Davron Mirzabayevich!
Qaraqalpaqstan Respublikası Awıl xojalıǵı ministrligi jámááti atınan Sizdi tuwılǵan kúnińiz benen shın kewilden qutlıqlaymız!!!
Sizge uzaq ómir, bekkem den-sawlıq shańaraǵıńızǵa amanlıq, Respublikamızdıń iygiligi jolında alıp barıp atırǵan jumıslarıńızda tasqın tabıslar tileymiz. 
 
Hurmatli Kudiyarov Davron Mirzabayevich!
Qoraqalpog'iston Respublikasi Qishloq xo'jaligi vazirligi jamoasi nomidan Sizni tug'ilgan kuningiz bilan samimiy tabriklaymiz!!!
Sizga sihat-salomatlik, tinchlik-xotirjamlik, el-yurt ravnaqi yo'lida olib borayotgan ma’sulyatli ishlaringizda omad, muvaffaqqiyat va zafarlar yor bo'lsin.


Forward from: Shavkat Mirziyoyev_press-service
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Қишлоқ хўжалиги, саноат ва сервис соҳаларида тадбиркор ёшлар учун имкониятлар кенгаяди

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Сўнг Президентимиз фаол ёшлар билан мулоқот қилди.

Турли ҳудудлардаги олий таълим муассасалари ва нодавлат ўқув марказлари, корхона ва фермер хўжаликлари вакиллари, ёш олим ва спортчиларнинг фикр-мулоҳазалари тингланди, таклифлари кўриб чиқилди.

Бугунги кунда Ватанимиз ўз тараққиётининг янги бир тарихий босқичига қадам қўймоқда. Бу даврда олдимизда илгари дуч келмаган мураккаб вазифалар, ғов ва тўсиқлар пайдо бўлиши табиий, албатта. Лекин қанчалик қийин бўлмасин, биз олдимизга қўйган улкан мақсадларга албатта етамиз.

Чунки бизнинг олис ва яқин тарихда не-не синовлардан ўтган, донишманд халқимиз бор, бугун барча соҳа ва тармоқларда майдонга дадил чиқаётган ғайрат-шижоатли ёшларимиз бор.

Сизлар билан маслаҳат ва мулоқотни ўз фаолиятимизда асосий мезонлардан бири, деб биламиз.

Сизлар ҳам бундай юксак ишончга муносиб бўлиб, жонажон Ватанимизни ҳар томонлама ривожланган, гўзал ва фаровон мамлакатга, Учинчи Ренессанс диёрига айлантиришда олдинги сафларда бўласиз, деб ишонаман
”,

- деди Президент сўзининг якунида.
__
Соң Президентимиз белсенди жаслар менен сөйлести.

Түрли аймақлардағы жоқары оқыў орынлары ҳәм мәмлекетлик емес оқыў орайлары, кәрхана ҳәм фермер хожалықлары ўәкиллериниң, жас илимпаз ҳәм спортшылардың пикирлери тыңланды, усыныслары көрип шығылды.

"Бүгинги күнде Ўатанымыз өз раўажланыўының жаңа бир тарийхый басқышына қәдем қоймақта. Бул дәўирде алдымызда бурын дус келмеген қурамалы ўазыйпалар, тосқынлықлар пайда болыўы тәбийий, әлбетте. Бирақ, қаншелли қыйын болмасын, биз алдымызға қойған үлкен мақсетлерге әлбетте жетемиз.

Себеби, бизиң узақ ҳәм жақын тарийхта қаншадан-қанша сынақлардан өткен, данышпан халқымыз бар, бүгин барлық тараў ҳәм тармақларда майданға исенимли шығып атырған күш-ғайратлы жасларымыз бар.

Сизлер менен мәсләҳәтлесиў ҳәм пикирлесиўди өз жумысымыздың тийкарғы өлшемлеринен бири, деп билемиз.

Сизлер де бундай жоқары исенимге мүнәсип болып, жанажан Ўатанымызды ҳәр тәреплеме раўажланған, гөззал ҳәм абадан мәмлекетке, Үшинши Ренессанс үлкесине айландырыўда алдынғы қатарларда боласыз, деп исенемен."

- деди Президент сөзиниң жуўмағында.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Ёшлар масаласи парламент ва маҳаллий Кенгаш депутатлари фаолиятида ҳам муҳим йўналиш сифатида қаралиши лозимлиги таъкидланди.

Ёшларга дахлдор қонун лойиҳаларини Ёшлар парламенти аъзолари билан бирга муҳокама қилиш ва ялпи мажлисда лойиҳа бўйича ёшлар вакилларининг фикрини ҳам эшитиш мақсадга мувофиқ экани кўрсатиб ўтилди.

Шунингдек, маҳаллий кенгаш сессияларида ёшлар масалалари бўйича масъул органлар раҳбарларининг ахборотини эшитиш, барча маҳаллий кенгашлар ҳузурида ёшлар гуруҳларини ташкил этиш ташаббуслари илгари сурилди.

Маҳаллаларда ёшлар етакчилари тизими йўлга қўйилганидан кейин ёшлар сиёсати тубдан ўзгариб, мутлақо янги босқичга кўтарилгани эътироф қилинди.

Лавозимга киришаётган ёшлар етакчиларининг касбий кўникмаларини шакллантириш мақсадида уларни тизимли равишда ўқитишни йўлга қўйиш зарурлиги қайд этилди.
__
Жаслар мәселеси парламент ҳәм жергиликли Кеңес депутатларының жумысында да әҳмийетли бағдар сыпатында қаралыўы керек екенлиги атап өтилди.

Жасларға байланыслы нызам жойбарларын Жаслар парламенти ағзалары менен бирге додалаў ҳәм жалпы мәжилисте жойбар бойынша жаслар ўәкиллериниң пикирин де тыңлаў мақсетке муўапық екенлиги көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, жергиликли кеңес сессияларында жаслар мәселелери бойынша жуўапкер уйымлар басшыларының мәлимлемесин тыңлаў, барлық жергиликли кеңеслер жанында жаслар топарларын шөлкемлестириў басламалары алға қойылды.

Мәҳәллелерде жаслар жетекшилери системасының жолға қойылғанынан кейин жаслар сиясаты түп-тийкарынан өзгерип, пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.

Лаўазымға кирисип атырған жаслар жетекшилериниң кәсиплик тәжирийбелерин қәлиплестириў мақсетинде оларды системалы түрде оқытыўды жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Ёшларимизда ватанпарварлик руҳини кучайтириш бўйича 10-11-синф ўқувчилари ўртасида бошланган “Ватан таянчи” ҳаракати касб-ҳунар мактаби, техникум ва хусусий таълим ташкилотларида ҳам йўлга қўйилиши белгиланди.

“Ватан таянчи” отрядлари ўртасида “мактаб – туман – вилоят – республика” даражасида спорт мусобақалари ва ижодий танловлар ташкил этилади.

Шу каби ҳар бир маҳаллада ёшлар ўртасида “маҳалла – сектор – туман – вилоят – республика” даражасида “Шижоат ва ғайрат” спорт ўйинлари ўтказилади. Ғолиб маҳаллаларга спорт иншооти қуриб берилади, зарур анжомлар билан таъминланади.

“Ватан таянчи” ҳамда “Шижоат ва ғайрат” мусобақалари ғолибларига ҳарбий олийгоҳларга кириши учун тавсия берилади.
__
Жасларымызда ўатансүйиўшилик руўхын күшейтиў бойынша 10-11-класс оқыўшылары арасында басланған "Ўатан таянышы" ҳәрекети кәсип-өнер мектеби, техникум ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде де жолға қойылатуғыны белгиленди.

"Ўатан таянышы" отрядлары арасында "мектеп - район - ўәлаят - республика" дәрежесинде спорт жарыслары ҳәм дөретиўшилик таңлаўлар шөлкемлестириледи.

Усы сыяқлы ҳәр бир мәҳәлледе жаслар арасында "мәҳәлле - сектор - район - ўәлаят - республика" дәрежесинде "Жигерлилик ҳәм ғайрат" (Шижоат ва ғайрат) спорт ойынлары өткериледи. Жеңимпаз мәҳәллелерге спорт имараты қурып бериледи, зәрүр инвентарьлар менен тәмийинленеди.

"Ўатан таянышы" ҳәм "Жигерлилик ҳәм ғайрат" жарысларының жеңимпазларына әскерий жоқары оқыў орынларына кириў ушын усыныс бериледи.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Тарбияси оғир ёшлар билан ишлаш бўйича тизим яратилгани натижасида салкам 1 миллион ушбу тоифадаги ёшларнинг ижтимоий, иқтисодий ва маиший муаммолари ҳал қилинди.

Жорий йилда ҳам 150 мингга яқин ёшлар вазирлик ва ҳудуддаги раҳбарларга номма-ном бириктирилади. Бу раҳбарлар ёшларнинг ҳаётда ўз ўрнини топиши, касбга ва хорижий тилларга ўргатиш, ишга жойлаштириш, тадбиркорлик қилиши учун ёрдам кўрсатишга масъул бўлади.

Ёшлар агентлигининг туман бўлимлари ёшлар етакчилари билан бирга ўз ҳаракат дастурини ишлаб чиқади.

Ҳокимлар эса ёшлар муаммоларини ҳал қилиш, бандлигини таъминлаш бўйича ҳар ой улар билан учрашиш тизимини жорий қилади.
__
Тәрбиясы аўыр жаслар менен ислесиў бойынша система жаратылғаны нәтийжесинде дерлик 1 миллион усы категориядағы жаслардың социаллық, экономикалық ҳәм турмыслық машқалалары шешилди.

Усы жылы да 150 мыңға шамалас жаслар министрлик ҳәм аймақтағы басшыларға атпа-ат бириктириледи. Бул басшылар жаслардың турмыста өз орнын табыўы, кәсипке ҳәм шет тиллерине үйретиў, жумысқа жайластырыў, исбилерменлик етиўи ушын жәрдем көрсетиўге жуўапкер болады.

Жаслар агентлигиниң районлық бөлимлери жаслар жетекшилери менен бирге өз ҳәрекет бағдарламасын ислеп шығады.

Ҳәкимлер болса жаслардың машқалаларын шешиў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ҳәр айда олар менен ушырасыў системасын енгизеди.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Бугунги кунда мафкуравий хавф-хатарлар аллақачон кибермаконга кўчиб ўтгани қайд этилди.

Шу муносабат билан ёшларимизда интернетдан фойдаланиш маданиятини янада юксалтириш, улар ёлғон маълумотлар қурбонига айланиши, дунёқараши салбий ғоялар таъсирида шаклланишини олдини олиш муҳимлиги кўрсатиб ўтилди.

Фарзандларимизнинг маънавий тарбияси ва мафкуравий иммунитетини кучайтириш, уларни ёт ғоялардан асраш ҳар биримизнинг вазифамизга айланиши шартлиги таъкидланди.

Шу боис мутасаддиларга ёшларнинг мафкуравий хавфсизлигини таъминлаш, уларни дардига малҳам бўлиб, муаммосини ҳал қилиб, турли ғоявий хуружлардан асраш, зарарли ахборотлардан ҳимоя қилиш ишларини кучайтириш топширилди.

Илм-фан ва таълим йўналишидаги фойдали маҳаллий интернет ресурслари реестри шакллантирилиб, улардан бепул интернет тармоғи орқали фойдаланиш йўлга қўйилади.

Нуронийларимиз иштирокида “Аждодлар меросига муносиб авлод” ғояси остида ёшларни бирлаштириш бўйича янги тизим жорий этилади. Шунингдек, ёшларда ватанпарварлик ҳиссини ошириш мақсадида “Мен буюк эл фарзандиман” умуммиллий ҳаракатини йўлга қўйиш бўйича ёшларнинг ташаббуси қўллаб-қувватланди.

Ёшлар маънавиятини юксалтиришда бадиий адабиётнинг роли жуда катта экани таъкидланди. Бундан қирқ йил олдин устоз шоир Эркин Воҳидов ташкил этган “Ёшлик” журнали фаолиятини кучайтириб, уни яна ёшларимиз севиб ўқийдиган журналга айлантириш муҳимлиги таъкидланди.
__
Бүгинги күнде идеологиялық қәўип-қәтерлер әллеқашан кибермәканға көшип өткени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен жасларымызда интернеттен пайдаланыў мәдениятын буннан былай да арттырыў, олар жалған мағлыўматлардың қурбанына айланыўы, дүньяқарасы унамсыз идеялар тәсиринде қәлиплесиўиниң алдын алыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.

Перзентлеримиздиң руўхый тәрбиясы ҳәм идеологиялық иммунитетин күшейтиў, оларды жат идеялардан сақлаў ҳәр биримиздиң ўазыйпамызға айланыўы шәрт екенлиги атап өтилди.

Сонлықтан жуўапкерлерге жаслардың идеологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың дәртине дәрман болып, машқаласын шешип, ҳәр қыйлы идеологиялық ҳүжимлерден сақлаў, зыянлы информациядан қорғаў жумысларын күшейтиў тапсырылды.

Илим ҳәм билимлендириў бағдарындағы пайдалы жергиликли интернет ресурсларының
реестри қәлиплестирилип, олардан бийпул интернет тармағы арқалы пайдаланыў жолға қойылады.

Нуранийларымыздың қатнасыўында "Ата-бабалар мийрасына мүнәсип әўлад" идеясы астында жасларды бирлестириў бойынша жаңа система енгизиледи. Сондай-ақ, жасларда ўатансүйиўшилик сезимин арттырыў мақсетинде "Мен уллы ел перзентимен" улыўма миллий ҳәрекетин жолға қойыў бойынша жаслардың басламасы қоллап-қуўатланды.

Жаслардың мәнаўиятын арттырыўда көркем әдебияттың роли оғада үлкен екени атап өтилди. Буннан қырық жыл алдын устаз шайыр Эркин Воҳидов шөлкемлестирген "Ёшлик" журналының жумысын күшейтип, оны және жасларымыз сүйип оқыйтуғын журналға айландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Бугунги кунда физика, кимё, биология, технология, муҳандислик, математика, бир сўз билан айтганда, STEM фанларининг аҳамияти тобора ортиб бормоқда.

Олмазор туманида 10 та мактабда муҳандислик лабораториялари ташкил қилинди. Бугун ушбу лабараторияларда 2 минг ўқувчи робототехника ва илғор технологияларни ўрганмоқда.

Барча туманлар ҳокимларига бу тажрибани ўрганиб, оммалаштириш, ўз ҳудудида 5 тадан мактабни шундай лабораториялар билан жиҳозлаш топширилди.

Тошкент давлат техника, ахборот технологиялари, кимё-технология, Турин, Инха каби 36 та техника олийгоҳи ректорлари сунъий интеллект, робототехника, дрон, киберхавфсизлик каби ихтирочилик йўналишларида “Олийгоҳ кубоги”ни эълон қилади. Энг яхши стартап лойиҳалари тижоратлаштирилади.

Келгуси ўқув йилидан бошлаб ўқувчилар ўртасида муҳандислик олимпиадалари ва танловларини ўтказиш йўлга қўйилади. Ғолиб бўлган битирувчи ёшлар техника олийгоҳларига грант асосида ўқишга киради.
__
Бүгинги күнде физика, химия, биология, технология, инженерлик, математика, бир сөз бенен айтқанда, STEM пәнлериниң әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Алмазар районында 10 мектепте инженерлик лабораториялары шөлкемлестирилди. Бүгин бул лабораторияларда 2 мың оқыўшы робототехника ҳәм алдынғы технологияларды үйренбекте.

Барлық районлардың ҳәкимлерине бул тәжирийбени үйренип, ғалаба ен жайдырыў, өз аймағындағы 5 мектепти усындай лабораториялар менен үскенелеў тапсырылды.

Ташкент мәмлекетлик техника, мәлимлеме технологиялары, химия-технология, Турин, Инха сыяқлы 36 техника жоқары оқыў орынларының ректорлары жасалма интеллект, робототехника, дрон, киберқәўипсизлик сыяқлы ойлап табыўшылық бағдарларында "Жоқары оқыў орны кубоги"н жәриялайды. Ең жақсы стартап жойбарлары коммерцияластырылады.

Келеси оқыў жылынан баслап оқыўшылар арасында инженерлик олимпиадалары ҳәм таңлаўларын өткериў жолға қойылады. Жеңимпаз болған питкериўши жаслар техника жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға киреди.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Энергетика, транспорт, урбанизация, замонавий архитектура, тиббиёт йўналишларида “Эл-юрт умиди” жамғармаси квоталари кўпайтирилади.

Бундан ташқари, дунёнинг нуфузли “топ-100” олийгоҳларида илмий даража олган 35 ёшгача бўлган ёш олимларга уй-жой учун 10 йил муддатга 800 миллион сўмгача фоизсиз ссуда ажратилади.

Нуфузли халқаро фан олимпиадаларида ғолиб ва совриндор бўлганлар учун бир марталик пул мукофоти миқдори 5 карра оширилади.

Ҳарбий олийгоҳларнинг намунали тингловчилари учун “Олий бош қўмондон” давлат стипендияси жорий этилади.

Ёшларни илмга қизиқтирувчи медиа контентлар, энг яхши интеллектуал шоулар яратишга Ёшлар агентлиги томонидан 100 миллион сўмгача грантлар ажратилади.

Ёшларда табиатга меҳрни ошириш, атроф-муҳитни муҳофаза қилишга қаратилган лойиҳаларини қўллаб-қувватлаш учун “Яшил ташаббусларни қўллаб-қувватлаш жамғармаси” ташкил қилинади.
__
Энергетика, транспорт, урбанизация, заманагөй архитектура, медицина бағдарларында "Эл-юрт умиди" фондының квоталары көбейтиледи.

Буннан тысқары, дүньяның "топ-100" жоқары оқыў орынларында илимий дәреже алған 35 жасқа шекемги жас илимпазларға турақ жай ушын 10 жыл мүддетке 800 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратылады.

Абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болғанлар ушын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылады.

Әскерий жоқары оқыў орынларының үлгили тыңлаўшылары ушын "Жоқары бас сәркарда" мәмлекетлик стипендиясы енгизиледи.

Жасларды илимге қызықтыратуғын медиа контентлер, ең жақсы интеллектуаллық шоулар жаратыўға Жаслар агентлиги тәрепинен 100 миллион сумға шекем грантлар ажыратылады.

Жасларда тәбиятқа меҳирди арттырыў, қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын "Жасыл басламаларды қоллап-қуўатлаў фонды" шөлкемлестириледи.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Мулоқотда камбағалликни қисқартиришнинг энг самарали ечими таълим экани таъкидланди.

Шунинг учун кам таъминланган оилада ҳеч бўлмаганда битта фарзанд олий маълумотли бўлиши учун зарур шароитлар яратилади.

Эндиликда камбағал оиланинг фарзандига таълим кредити фоизсиз берилади, қўшимча грант ажратилади, контракт тўловининг бир қисми қоплаб берилади.

Яна бир янгилик – иқтидорли, билимга чанқоқ, лекин оғир оилавий шароити сабабли ўқиш имкониятига эга бўлмаган ёшларни хорижда ўқитиш бўйича янги тизим – “Ёрқин истеъдод” лойиҳаси жорий этилади.

Бунда ҳар бир маҳалладан ижтимоий ҳимояга муҳтож, билимга чанқоқ ёшлар саралаб олиниб, иқтидори аниқланади. Уларнинг салоҳиятига мос хорижий олийгоҳ танланиб, тайёргарлик курсларида ўқитилади.

Хорижда таълим олиб қайтган ёшлар Миллий кадрлар захирасига тўғридан-тўғри киритилади, улар давлат органларига танловсиз ишга олинади.

Ҳар йили саралашдан ўтган 1 минг нафар ёшлар дунёнинг “топ-100” олийгоҳларига юборилиб, ўқиш ва яшаш харажатлари қоплаб берилади.
__
Сөйлесиўде кәмбағаллықты қысқартыўдың ең нәтийжели шешими билимлендириў екени атап өтилди.

Соның ушын кем тәмийинленген шаңарақта кеминде бир перзент жоқары мағлыўматлы болыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылады.

Енди кәмбағал шаңарақтың перзентине тәлим кредити процентсиз бериледи, қосымша грант ажыратылады, контракт төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи.

Және бир жаңалық - қәбилетли, билимге қуштар, бирақ, аўыр шаңарақлық шараяты себепли оқыў имканиятына ийе болмаған жасларды сырт елде оқытыў бойынша жаңа система - "Жарқын талант" жойбары енгизиледи.

Онда ҳәр бир мәҳәлледен социаллық қорғаўға мүтәж, билимге қуштар жаслар таңлап алынып, қәбилети анықланады. Олардың потенциалына сәйкес сырт ел жоқары оқыў орны таңлап алынып, таярлаў курсларында оқытылады.

Сырт елде билим алып қайтқан жаслар Миллий кадрлар резервине тиккелей киргизиледи, олар мәмлекетлик уйымларға таңлаўсыз жумысқа алынады.

Ҳәр жылы таңлаўдан өткен 1 мың жас дүньяның "топ-100" жоқары оқыў орынларына жиберилип, оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери қаплап бериледи.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Жорий йил IT соҳаси экспортини 1 миллиард долларга етказиш мақсад қилинган. Бунда асосий куч, албатта, ёшлар экани таъкидланди.

“Бир миллион дастурчи” лойиҳасига қўшимча 300 минг ёшлар жалб этилади. “Coursera” платформасида 3 мингдан ортиқ курсларда сунъий интеллект ёрдамида ёшлар учун ўзбек тилида таълим олиш имконияти йўлга қўйилади.

Бу йил "Муҳаммад Хоразмий ворислари" лойиҳаси Қорақалпоғистонда ҳам жорий этилиб, яна 1 минг нафар ёшлар қамраб олинади.

Бирлашган Араб Амирликлари билан Ўзбекистонда "Бир миллион сунъий интеллект фойдаланувчилари" лойиҳасини амалга оширишга келишилган. Рақамли технологиялар вазирлигига бу борадаги ишларни бошлаш топширилди.

Ўтган йили 25 минг нафар қизлар IT бўйича бепул ўқитилди. Бу йил дастурчи қизлар сони 2 баробар оширилиши режа қилинди. 1 минг нафар иқтидорли қизлар IT оромгоҳларида халқаро олимпиадаларга тайёрланади.

Ёшларнинг қизиқиш ва эҳтиёжларини барвақт аниқлашда сунъий интеллект технологияларидан фойдаланиш, салоҳиятини монетизация қилиш, ижтимоий аҳамиятга молик лойиҳаларга жалб этиш муҳимлиги таъкидланди. Мутасаддиларга рақамли ижтимоий экотизимни жорий этиш бўйича узоқ муддатли стратегияни ишлаб чиқиш топширилди.
__
Усы жылы IТ тараўының экспортын 1 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. Онда тийкарғы күш, әлбетте, жаслар екени атап өтилди.

"Бир миллион программист" жойбарына қосымша 300 мың жаслар тартылады. “Coursera” платформасында 3 мыңнан аслам курсларда жасалма интеллект жәрдеминде жаслар ушын өзбек тилинде билим алыў имканияты жолға қойылады.

Быйыл "Муҳаммад Хорезмий мийрасхорлары" жойбары Қарақалпақстанда да енгизилип, және 1 мың жас қамтып алынады.

Бирлескен Араб Әмирликлери менен Өзбекстанда "Бир миллион жасалма интеллект пайдаланыўшылары" жойбарын әмелге асырыўға келисип алынған. Санлы технологиялар министрлигине бул бағдардағы жумысларды баслаў тапсырылды.

Өткен жылы 25 мың қызлар IТ бойынша бийпул оқытылды. Быйыл программист қызлардың саны 2 есеге арттырылыўы режелестирилди. 1 мың қәбилетли қызлар IТ орайларында халықаралық олимпиадаларға таярланады.

Жаслардың қызығыўшылық ҳәм талапларын ерте анықлаўда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў, потенциалын монетизациялаў, социаллық әҳмийетке ийе жойбарларға тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге санлы социаллық экосистеманы енгизиў бойынша узақ мүддетли стратегияны ислеп шығыў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Инсон учун она тили билан бирга хорижий тилларни билиш дунёга чиқишда жуда муҳим. Айниқса, тижоратда бунинг ўрни беқиёс.

Энди, хорижий тиллардан “С1” даражасига эга бўлган ёшлар ташаббус кўрсатиб, олис ва чекка ҳудудларда чет тилларига ихтисослашган ўқув марказларини очса, уларга 120 миллион сўмгача фоизсиз ссуда берилади.

Шунингдек, меҳнат бозорига тил биладиган ёшлар кириб келишини рағбатлантириш учун хусусий ўқув марказларида хорижий тилларни ўрганадиган ёшларга харажатлари “2+6” шаклида қоплаб берилади. Бунда ўқув харажатларининг дастлабки 2 ойи ўқувчиларнинг ўз маблағидан, қолган 6 ойи давлат ҳисобидан тўлаб берилади.
__
Инсан ушын ана тили менен бирге шет тиллерин билиў дүньяға шығыўда жүдә әҳмийетли. Әсиресе, саўдада буның орны шексиз.

Енди, шет тиллерден "С1" дәрежесине ийе болған жаслар баслама көрсетип, алыс ҳәм шетки аймақларда шет тиллерге қәнигелескен оқыў орайларын ашса, оларға 120 миллион сумға шекем проценциз ссуда бериледи.

Сондай-ақ, мийнет базарына тил билетуғын жаслардың кирип келиўин хошаметлеў ушын мәмлекетлик емес оқыў орайларында шет тиллерин үйренетуғын жасларға қәрежетлери "2+6" түринде қаплап бериледи. Онда оқыў қәрежетлериниң дәслепки 2 айы оқыўшылардың өз қаржысынан, қалған 6 айы мәмлекет есабынан төлеп бериледи.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Юртимизда креатив иқтисодиёт жадал ривожланмоқда. Соҳада фаолият кўрсаётганларнинг 98 фоизи ёшлар.

Ўтган йили креатив иқтисодиётни ривожлантириш бўйича алоҳида қонун қабул қилиниб, ҳуқуқий асослари белгиланди.

Тошкент шаҳридаги “Ёшлар ижод саройи”да намунавий “Креатив парк” ташкил қилинди.

Энди, креатив индустрия парклари ҳудудларда ҳам барпо этилади. Улар зарур ресурс ва инфратузилма билан таъминланади.

Креатив индустрия парки резидентларига 2030 йил якунигача имтиёзли солиқ режими жорий этилади. Бунда ижтимоий ва даромад солиқ ставкалари 50 фоизга камайтирилади, резидентлар товарларни реализация қилиш ҳажмидан қатъи назар айланмадан олинадиган солиқ тўловчилар бўлади.

Парклар негизида креатив соҳа вакилларини ўқитадиган бизнес мактаблари ташкил қилинади. Ушбу мактабларда ёшлар янги ва замонавий бизнес юритиш ҳамда электрон тижорат каби хизмат кўрсатишнинг инновацион усулларини ўрганади.
__
Елимизде креатив экономика жедел раўажланбақта. Тараўда жумыс алып барып атырғанлардың 98 проценти жаслар.

Өткен жылы креатив экономиканы раўажландырыў бойынша өз алдына нызам қабыл етилип, ҳуқықый тийкарлары белгиленди.

Ташкент қаласындағы "Жаслар дөретиўшилик сарайы"нда үлгили "Креатив парк" шөлкемлестирилди.

Енди, креатив индустрия парклери аймақларда да қурылады. Олар зәрүр ресурс ҳәм инфраструктура менен тәмийинленеди.

Креатив индустрия парки резидентлерине 2030-жылдың ақырына шекем жеңиллетилген салық режими енгизиледи. Онда социаллық ҳәм дәрамат салық ставкалары 50 процентке азайтылады, резидентлер товарларды реализациялаў көлемине қарамастан айланыстан алынатуғын салық төлеўшилер болады.

Парклер негизинде креатив тараў ўәкиллерин оқытатуғын бизнес мектеплери шөлкемлестириледи. Бул мектеплерде жаслар жаңа ҳәм заманагөй бизнес жүргизиў және электрон коммерция сыяқлы хызмет көрсетиўдиң инновациялық усылларын үйренеди.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Сервис соҳасида ҳам ёшлар учун имкониятлар кенгайтирилади.

Тадбиркорлар ёш ходимларни ишга олиб, камида 3 миллион сўм ойлик тўласа, ижтимоий солиқ 1 фоиз бўлади.

Бу имтиёз 3 йил амал қилади. Бу орқали тадбиркор ҳам манфаат кўради, ёшлар расмий ишлаб, даромади ошади.

Умуман, “Ёшлар дафтари” тизимини ҳам янгилаш, трансформация қилиш вақти келгани таъкидланди.

Мутасаддиларга ёшларга кўрсатилаётган барча турдаги ижтимоий пакетларни тўлиқ хатловдан ўтказиб, уларни мақбуллаштириш ва натижадорлигини ошириш бўйича таклиф киритиш топширилди.
__
Сервис тараўында да жаслар ушын имканиятлар кеңейтиледи.

Исбилерменлер жас хызметкерлерди жумысқа алып, кеминде 3 миллион сум айлық төлесе, социаллық салық 1 процент болады.

Бул жеңиллик 3 жыл әмел етеди. Бул арқалы исбилермен де пайда көреди, жаслар рәсмий ислеп, дәраматы артады.

Улыўма, "Жаслар дәптери" системасын да жаңалаў, трансформациялаў ўақты келгени атап өтилди.

Жуўапкерлерге жасларға көрсетилип атырған барлық түрдеги социаллық пакетлерди толық хатлаўдан өткерип, оларды оптималластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныс киргизиў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Технологик жараёнларни бошқаришда стратегик қарорлар қабул қиладиган ёшларни тайёрлаш учун техника олийгоҳлари қошида 8 та илғор муҳандислик мактаби фаолият бошлади. Бу йил яна 17 та шундай мактаб очилади.

Ўтган йили 56 минг гектар ер ёшларга ажратилди. Бу ўз самарасини бериб, ҳозирда 153 минг нафар ёшлар деҳқончилик билан шуғулланяпти.

Бу йил Қорақалпоғистонда, Андижон, Жиззах, Фарғона ва Тошкент вилоятларида бўш турган 3 минг 300 гектар ер янгича тартибда ижарага берилади. Энди илгари ажратилган ерга маҳсулот экиб, камида 100 миллион сўм даромад олган ёшларга ҳам ушбу тартиб асосида бу ерлардан берилади.

Ёшлар кооперациялари ташкил қилиниб, ёшлар қишлоқ хўжалигида билим ва кўникма оширишига ёрдам берилади.

Ёшлар саноат зоналарида саноат ипотекаси орқали бино олаётган тадбиркорларга ускуна хариди учун 500 минг долларгача кредит ажратилади. Содда қилиб айтганда, тайёр ишлаб чиқариш майдонини олган ёш тадбиркорга имтиёзли шартларда ускуналар ҳам олиб берилади.
__
Технологиялық процесслерди басқарыўда стратегиялық қарарлар қабыл ететуғын жасларды таярлаў ушын техника жоқары оқыў орынлары жанында 8 алдыңғы инженерлик мектеби жумыс баслады. Быйыл және 17 усындай мектеп ашылады.

Өткен жылы 56 мың гектар жер жасларға ажыратылды. Бул өз нәтийжесин берип, ҳәзирги ўақытта 153 мың жас дийқаншылық пенен шуғылланбақта.

Быйыл Қарақалпақстанда, Әндижан, Жиззақ, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында бос турған 3 мың 300 гектар жер жаңа тәртипте ижараға бериледи. Енди алдын ажыратылған жерге өним егип, кеминде 100 миллион сум дәрамат алған жасларға да усы тәртип тийкарында бул жерлерден бериледи.

Жаслар кооперациялары шөлкемлестирилип, жаслар аўыл хожалығында билим ҳәм тәжирийбе арттырыўына жәрдем бериледи.

Жаслар санаат зоналарында санаат ипотекасы арқалы имарат алып атырған исбилерменлерге үскене сатып алыўы ушын 500 мың долларға шекем кредит ажыратылады. Әпиўайы етип айтқанда, таяр ислеп шығарыў майданын алған жас исбилерменге жеңиллетилген шәртлерде үскенелер де алып бериледи.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
2025 йилда Ўзбекистонда ёшлар ишсизлигига барҳам бериш ишлари янги босқичга кўтарилиши таъкидланди.

Раҳбарлар ёшлар ишсизлигининг салбий оқибатларидан, ўз вақтида банд бўлмаган ёшлар билиб-билмай номақбул ишларга қўл уриши, диний радикализм таъсирига тушиб қолиши, жиноят кўчасига кириши мумкинлигидан огоҳлантирилди.

Юнусобод, Асака, Шароф Рашидов, Чироқчи, Пастдарғом туманлари, Олмалиқ ва Бухоро шаҳарларида бу борадаги ишлар қониқарсизлиги кўрсатиб ўтилди.

Ёшларни касб ва тилга ўқитиб, юқори даромадли ишларга жойлаштириш мақсадида бу йил бандлик бўйича катта дастур қабул қилинди. Бунинг учун жами 126 триллион сўм йўналтирилмоқда.

Унга кўра, маҳаллаларда 378 мингта микролойиҳа амалга оширилади, маҳалла банкирлари янги кредит маҳсулотлари ҳисобига 250 минг нафар одамни даромадли қилади.
__
2025-жылы Өзбекстанда жаслар жумыссызлығын сапластырыў жумыслары жаңа басқышқа көтерилетуғыны атап өтилди.

Басшылар жаслар жумыссызлығының унамсыз ақыбетлеринен, өз ўақтында бәнт болмаған жаслар билип-билмей намақул ислерге қол урыўы, диний радикализм тәсирине түсип қалыўы, жынаят көшесине кириўи мүмкин екенлигинен ескертилди.

Юнусабад, Асака, Шараф Рашидов, Чироқчи, Пастдарғом районлары, Алмалық ҳәм Бухара қалаларында бул бағдардағы жумыслардың қанаатландырарсыз екенлиги көрсетип өтилди.

Жасларды кәсип ҳәм тилге оқытып, жоқары дәраматлы жумысларға жайластырыў мақсетинде быйыл бәнтлик бойынша үлкен бағдарлама қабыл етилди. Буның ушын жәми 126 триллион сум қаратылмақта.

Оған муўапық, мәҳәллелерде 378 мың микрожойбар әмелге асырылады, мәҳәлле банкирлери жаңа кредит өнимлери есабынан 250 мың адамды дәраматлы етеди.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Президент имзолаган учинчи ҳужжатга кўра, Алоқабанк ёшларнинг бизнес лойиҳаларини қўллаб-қувватловчи таянч “ёшлар банки”га айлантирилиб, бунга 200 миллион доллар ажратилди.

Банк ўзини ўзи банд қилган ёшлар лойиҳалари учун 100 миллион сўмгача 7 йил муддатга имтиёзли микроқарз ажратади.

Шунингдек, якка тартибдаги тадбиркор бўлган, камида 20 нафар ёшни ишга олиб, кичик корхона очган ва ўқув маркази ташкил қилган ёш тадбиркорларга 7 йил муддатга 5 миллиард сўмгача имтиёзли кредит берилади.

Банк кредитларининг камида 30 фоизи хотин-қизлар тадбиркорлиги учун йўналтирилади.

Ҳудудларда “ёшлар бизнес инкубатори” ташкил қилиниб, ёшлар ғоялари стартапга айлантирилади, 6 ойдан 3 йилгача қўллаб-қувватланади, тайёр бизнес, корхона даражасига олиб чиқилади.

“Алоқа венчур” жамғармаси орқали стартапларга 50 мингдан 1 миллион долларгача сармоя киритилиб, маҳсулот ва хизматларни ички ва халқаро бозорларда сотиш, бизнес ҳамкор топиш, қўшимча инвестициялар жалб қилишга кўмаклашилади.
__
Президент қол қойған үшинши ҳүжжетке муўапық, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш "жаслар банки"не айландырылып, оған 200 миллион доллар ажыратылды.

Банк өзин-өзи бәнт еткен жаслардың жойбарлары ушын 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарыз ажыратады.

Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилермен болған, кеминде 20 жасты жумысқа алып, киши кәрхана ашқан ҳәм оқыў орайын шөлкемлестирген жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи.

Банк кредитлериниң кеминде 30 проценти ҳаял-қызлар исбилерменлиги ушын бағдарланады.

Аймақларда "жаслар бизнес инкубаторы" шөлкемлестирилип, жаслардың идеялары стартапқа айландырылады, 6 айдан 3 жылға шекем қоллап-қуўатланады, таяр бизнес, кәрхана дәрежесине алып шығылады.

"Алоқа венчур" фонды арқалы стартапларға 50 мыңнан 1 миллион долларға шекем инвестиция киргизилип, өним ҳәм хызметлерди ишки ҳәм халықаралық базарларда сатыў, бизнес шерик табыў, қосымша инвестициялар тартыўға жәрдемлеседи.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Президент бугун ёшлар тадбиркорлигида мутлақо янги даврни бошлаб берадиган 3 та катта ҳужжатга имзо чекканини эълон қилди.

Биринчи ҳужжатга мувофиқ, Ёшлар агентлиги ҳузурида Ёшлар тадбиркорлигини ривожлантириш жамғармаси ташкил этилиб, унга 100 миллион доллар маблағ ажратилди.

Энди тадбиркор ёшларга 2,5 миллиард сўмгача имтиёзли кредитлар берилади, ташаббускор ёшларнинг стартап лойиҳаларига 2 миллиард сўмгача инвестиция киритилади.

Бугунги кунда олийгоҳларни тугатаётган 90 минг ёшлар мутахассислиги бўйича иш топишда қийналмоқда.

Шу боис, иккинчи қарор билан олийгоҳ битирувчилари бандлигини таъминлаш бўйича янги тизим яратилмоқда. Бунинг учун Миллий банкка 100 миллион доллар ресурс берилади.

Банк Олий таълим вазирлиги ва Савдо-саноат палатаси билан биргаликда олийгоҳ битирувчиларининг ташаббус ва ғояларини лойиҳага айлантириш бўйича янги банк хизматлари пакетларини жорий этади.

Шунингдек, битирувчиларни иш билан таъминлаш бўйича ҳокимлар, банк ва корхона раҳбарларидан иборат комиссия тузилади. Комиссия иш ўринларини яратиш, кадрларга эҳтиёж, бўш ўринларга ёшларни жойлаштириш масалаларини ҳал этади.
___
Президент бүгин жаслар исбилерменлигинде пүткиллей жаңа дәўирди баслап беретуғын 3 үлкен ҳүжжетке қол қойғанын жәриялады.

Биринши ҳүжжетке муўапық, Жаслар агентлиги жанында Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў фонды шөлкемлестирилип, оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылды.

Енди исбилермен жасларға 2,5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер бериледи, басламашы жаслардың стартап жойбарларына 2 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.

Бүгинги күнде жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған 90 мың жас қәнигелиги бойынша жумыс табыўда қыйыншылық көрмекте.

Сонлықтан, екинши қарар менен жоқары оқыў орны питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система жаратылмақта. Буның ушын Миллий банкке 100 миллион доллар ресурс бериледи.

Банк Жоқары билимлендириў министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте жоқары оқыў орны питкериўшилериниң баслама ҳәм идеяларын жойбарға айландырыў бойынша жаңа банк хызметлери пакетлерин енгизеди.

Сондай-ақ, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша ҳәкимлер, банк ҳәм кәрхана басшыларынан ибарат комиссия дүзиледи. Комиссия жумыс орынларын жаратыў, кадрларға мүтәжлик, бос орынларға жасларды жайластырыў мәселелерин шешеди.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Илмий даражали ёш олимларимиз сони 2 карра ошиб, 4 минг 357 нафарга етди. Айниқса, фарзандларимиз орасида чет тилларни ўрганишга қизиқиш кескин кучайди.

Ана шу имкониятлардан фойдаланиб, яқинда билимдон ва интилувчан Парвиз Туксанов SAT имтиҳонидан энг юқори – 1 минг 600 балл тўплади. Президентимиз уни ушбу натижа билан қизғин табриклаб, ота-онаси ва ўқитувчиларига миннатдорлик билдирди.

Яна бир ибратли мисол – “Китобсевар миллат” ғояси асосида ёшларда мутолаа маданиятини шакллантириш умуммиллий ҳаракатга айланди. Анъанавий тарзда ўтказилаётган “Ёш китобхон” танловидаги иштирокчилар сони 6 карра ошиб, 3 миллион нафарга етди.

Бир гуруҳ фаол ёшлар томонидан яратилган “Мутолаа” лойиҳаси орқали 1 миллиондан ортиқ ёшлар китобхонлар қаторига кирди.

Ҳозирги тезкор ахборот алмашинуви даврида ёш авлод, айниқса, болажонларимиз учун миллий контентларни яратиш долзарб вазифадир. Бундай контентни боғча ва мактабдаги таълим жараёнларида намойиш этиш орқали янада оммалаштириш зарурлиги таъкидланди.
__
Илимий дәрежели жас илимпазларымыздың саны 2 есеге артып, 4 мың 357 ге жетти. Әсиресе, перзентлеримиз арасында шет тиллерин үйрениўге қызығыўшылық кескин артты.

Мине, усы имканиятлардан пайдаланып, жақында билимли ҳәм умтылыўшаң Парвиз Туксанов SАТ имтиханынан ең жоқары - 1 мың 600 балл топлады. Президентимиз оны усы нәтийже менен қызғын қутлықлап, ата-анасы ҳәм муғаллимлерине миннетдаршылық билдирди.

Және бир ибратлы мысал - "Китапқумар миллет" идеясы тийкарында жасларда китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Дәстүрий тәризде өткерилип атырған "Жас китапқумар" таңлаўында қатнасыўшылардың саны 6 есеге артып, 3 миллионға жетти.

Бир топар белсенди жаслар тәрепинен жаратылған "Оқыў" жойбары арқалы 1 миллионнан аслам жас китапқумарлар қатарына кирди.

Ҳәзирги жедел информация алмасыў дәўиринде жас әўлад, әсиресе, балаларымыз ушын миллий контентлерди жаратыў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Бундай контентти бақша ҳәм мектептеги билимлендириў процесслеринде көрсетиў арқалы және де ғалаба ен жайдырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Илгари олий таълимда 1 та ўрин учун камида 10 нафар йигит-қиз кураш олиб борар эди. Қисқа даврда олийгоҳлар сони 3 баробар оширилди. Тизимда қамров 42 фоизга етди.

Хотин-қизларга контракти давлат томонидан қоплаб берилаётгани ҳисобига талаба қизлар сони 11 карра кўпайди.

Мен бир ҳаётий фикрни такрорлашдан чарчамайман: битта қизни ўқитсак, бутун оилани ўқитган бўламиз. Оила билимли, маърифатли бўлса, бутун жамият билимли, маърифатли бўлади. Бу борадаги ишларни янада жадал давом эттирамиз”,

- деди Президент.

Ўтган 25 йил ичида давлат ҳисобидан 800 нафар ёшлар хорижга ўқишга юборилган бўлса, биргина “Эл-юрт умиди” жамғармаси орқали сўнгги 7 йилда 3 баробар кўп ўғил-қизларимиз бундай имкониятга эга бўлди.

Энди, Ёшлар агентлиги хорижда ўқиётган ҳар бир талабага бош-қош бўлиб, эҳтиёжларини аниқлаши, Ватанга қайтиб, ўз ўрнини топиши, муваффақиятли карьера қилиши каби масалаларда Давлат хизматини ривожлантириш агентлиги билан тенг масъул бўлиши белгиланди.

__
Алдын жоқары билимлендириўде 1 орын ушын кеминде 10 жигит-қыз бәсекилесетуғын еди. Қысқа дәўирде жоқары оқыў орынларының саны 3 есеге көбейтилди. Системада қамтып алыў 42 процентке жетти.

Ҳаял-қызларға контракты мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғаны есабынан студент қызлардың саны 11 есеге көбейди.

"Мен бир турмыслық пикирди тәкирарлаўдан шаршамайман: бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз. Шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, пүткил жәмийет билимли, ағартыўшы болады. Бул бағдардағы жумысларды және де жедел даўам еттиремиз,"

- деди Президент.

Өткен 25 жыл ишинде мәмлекет есабынан 800 жас сырт елге оқыўға жиберилген болса, тек ғана "Эл-юрт умиди" фонды арқалы соңғы 7 жылда 3 есеге көп ул-қызларымыз бундай имканиятқа ийе болды.

Енди, Жаслар агентлиги сырт елде оқып атырған ҳәр бир студентке бас болып, талапларын анықлаўы, Ўатанға қайтып, өз орнын табыўы, табыслы карьера қылыўы сыяқлы мәселелерде Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен теңдей жуўапкер болыўы белгиленди.

Facebook|Instagram|X

20 last posts shown.