«Суд ҳәм жаслар» ушырасыўыБүгин, Нөкис районы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының тергеў судьясы Г.Утепбергенова ҳәм Жаслар ислери агентлиги Нөкис районы бөлими баслығы А.Моятдинов қатнасында «Суд ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.
Илаж барысында, суд хызметкерлери өзлериниң күнделикли жумыслары, суд процесслерин қалай шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиплери, улыўма тараўдағы жаңалықлар, өзгерислер ҳаққында айтып өтти.
Буннан тысқары, жаслардың мәнәўиятын жетилистириў, олардың арасында китап оқыў мәдениятын еледе кең ен жайдырыў бағдарында исленип атырған жумыслар бойынша да кең мағлыўмат берилди.
Итибарлысы, жасларда тараўға байланыслы нызамшылық бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, оған тийисли жуўаплар алды. Ушырасыў мазмунлы ҳәм ашық саўбетлесиў тийкарында шөлкемлестирилгенлиги менен де оқыўшыларда айрықша тәсирлер қалдырды.
————
"Суд ва ёшлар" учрашувиБугун Нукус тумани 21-сонли умумий ўрта таълим мактабида Жиноят ишлари бўйича Нукус туман судининг тергов судьяси Г.Утепбергенова ва Ёшлар ишлари агентлиги Нукус тумани бўлими бошлиғи А.Моятдинов иштирокида "Суд ва ёшлар" учрашуви бўлиб ўтди.
Тадбир давомида, суд ходимлари ўзларининг кундалик ишлари, суд жараёнларини қандай ташкил этиш ва ўтказиш тартиблари, умуман соҳадаги янгиликлар, ўзгаришлар ҳақида сўзлаб беришди.
Бундан ташқари, ёшлар маънавиятини юксалтириш, улар ўртасида китобхонлик маданиятини янада кенг ёйиш борасида қилинаётган ишлар юзасидан ҳам кенг маълумот берилди.
Эътиборлиси, ёшларда соҳага оид қонунчилик юзасидан ўзларини қизиқтирган саволларни бериб, унга тегишли жавоблар олдилар. Учрашув мазмунли ва очиқ мулоқот асосида ташкил этилгани билан ҳам ўқувчиларда катта таассурот қолдирди.
✅
https://t.me/Aqmangituz🌐
Website 🌐
Instagram✅
Facebook 📹
youtube