ӘПСАНАҒА АЙЛАНА БЕР АЙТЫСЫМ
Әдебияттың умыт болған жанрын,
Жанкүйерлер - суўсынлатып тамырын,
Жылдан- жылға пискек қылған қамырын,
Қутлы болсын “жети жас”ың айтысым.
Айтысқа дым шайда жанның биримен,
Дей алмайман: сөз зергери - пиримен,
Негедур сол, ишкен асым батпайды,
Есигиңнен енбесем ҳәр күни мен.
Қыз- жигитлер ҳәзиллери жарасып,
Отырмастан ўақыт пенен санасып,
Ертели- кеш, ҳәтте түнниң жарпында,
Бул алаң да қатар терер таласып.
Ҳәўескерлер тай- тай басқан қәдемин,
Сенде шарлап алып бираз қәлемин,
“Жүзден жүйрик, мыңнан шығып тулпары”,
Жаўламақта - поэзия әлемин.
"Қарақалпақ айтысы"- деп жасасын,
Ықласбентлер берген ағла баҳасын,
Еле де, жақсылап айтыс сапасын,
Жүреклерге жайлана бер айтысым.
Тартып жети жыллық айтыс кәрўаның,
Әйне, келип турған яңлы дәўраның,
Тикленип қайтадан, мениң әрманым,
Әпсанаға айлана бер айтысым.
Тармақлар да тусаўлары кесилип,
Қыз- жигитлер тал жипектей есилип,
Айтыс қурсын кең сахнада көсилип,
Мәңги жаса " Қарақалпақ айтысы".
Ақшолпан Аманияз 23.01.2025 жыл
Әдебияттың умыт болған жанрын,
Жанкүйерлер - суўсынлатып тамырын,
Жылдан- жылға пискек қылған қамырын,
Қутлы болсын “жети жас”ың айтысым.
Айтысқа дым шайда жанның биримен,
Дей алмайман: сөз зергери - пиримен,
Негедур сол, ишкен асым батпайды,
Есигиңнен енбесем ҳәр күни мен.
Қыз- жигитлер ҳәзиллери жарасып,
Отырмастан ўақыт пенен санасып,
Ертели- кеш, ҳәтте түнниң жарпында,
Бул алаң да қатар терер таласып.
Ҳәўескерлер тай- тай басқан қәдемин,
Сенде шарлап алып бираз қәлемин,
“Жүзден жүйрик, мыңнан шығып тулпары”,
Жаўламақта - поэзия әлемин.
"Қарақалпақ айтысы"- деп жасасын,
Ықласбентлер берген ағла баҳасын,
Еле де, жақсылап айтыс сапасын,
Жүреклерге жайлана бер айтысым.
Тартып жети жыллық айтыс кәрўаның,
Әйне, келип турған яңлы дәўраның,
Тикленип қайтадан, мениң әрманым,
Әпсанаға айлана бер айтысым.
Тармақлар да тусаўлары кесилип,
Қыз- жигитлер тал жипектей есилип,
Айтыс қурсын кең сахнада көсилип,
Мәңги жаса " Қарақалпақ айтысы".
Ақшолпан Аманияз 23.01.2025 жыл